← Назад
Решение #2848993 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2106-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 11-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ЖШЖ баслығы ***, жуўапкер фермер хожалығы баслығы ***, үшинши шахс
Фермерлер кеңеси ўәкили *** (2025-жыл 31-октябрь күнги 124-санлы исеним
хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер "***" ЖШЖниң жуўапкер
"***" фермер хожалығынан 9 696 000 сом қарызын өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" фермер
хожалығы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 9 696 000 сом
қарызын өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 30-октябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Хожели районы аўыл хожалығы
бөлим, Қарақалпақстан Фермерлер кеңеси даўа предметине қарата ғәрезсиз
талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ЖШЖ баслығы жуўапкер тәрепинен пуллар
төленгенлигин, даўа тийкарсыз берилгенлигин билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер фермер хожалығы баслығы өним даўагер
тәрепинен емес «***» ЖШЖ тәрепинен жеткерилгенлигин ҳәм ҳақысы
төленгенлигин билдирип, даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд мәжилисинде үшинши шахс Фермерлер кеңеси ўәкили нызамлы
шешим қабыл етиўди сорады.
Үшинши шахслар Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы
министрлиги, Хожели районы аўыл хожалығы бөлим суд мәжилисиниң ўақты
ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болса да, суд
мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин
тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре,
даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң
8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў
нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип
шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў
шәртнамасынан келип шыққан.
2
ПКниң 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына
муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип
бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп
шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға
исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық
мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен
байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып
алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў
миннетлемесин алады.
Ис ҳүжжетлерине тәреплер орталарындағы 2025-жыл 22-апрель күнги
Q-3812-санлы шәртнама қосылған. Шәртнама мазмунында даўагер тәрепинен
9 696 000 сомлық тукымлық картошка жуўапкерге жеткизилиўи нәзерде
тутылған. Шәртнама жуўапкер тәрепинен имзаланбаған.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлилеўи керек.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-август
күнги 489-санлы қарары менен тастыйықланған “Есапбет-фактуралардың
формалары ҳәмде оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл қылыў тәртиби
ҳаққыда”ғы Реже (буннан кейин текстте - Реже деп жүритиледи) 63-бәнтиниң
биринши ҳәм екинши хатбасына муўапық, жеткерип бериўши тәрепинен
усынылған
электрон
есапбет-фактура
он
календарь
күн,
санлы
маркировкаланыўы лазым болған өнимлер бойынша болса бир календарь күн
ишинде сатып алыўшы тәрепинен электрон санлы имза менен тастыйықланыўы
яки себеби көрсетилген ҳалда бас тартыўы шәрт.
Сатып алыўшы тәрепинен белгиленген мүддетте тастыйықланбаған яки
бас тартылмаған электрон есапбет-фактура тастыйықланған есапланады.
Режениң 63-бәнтиниң үшинши хатбасына тийкар, бунда ҳақыйқатта
әмелге асырылмаған хожалық операциялары бойынша рәсмийлестирилген
есапбет-фактуралар
товарлар
жиберилгенлигин
яки
хызметлер
көрсетилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында тән алынбайды.
Даўа арзада жуўапкерден қарыз өндириў 2025-жыл 22-апрель күнги 258санлы электрон есапбет-фактураға тийкар талап қылынған. Бирақ, даўагер
жуўапкерге сол есапбет-фактурада көрсетилген 9 696 000 сомлық аўыл хожалық
өнимлерин ҳақыйқатта жеткерип бергенлиги бухгалтериялық ҳүжжетлер менен
тастыйықланбайды.
ЭПК 72-статьясына көре, нызамшылыққа муўапық, белгили бир дәлиллер
менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасының “Бухгалтерия есабы ҳаққында”ғы Нызамы
14-статьясының биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине көре,
операциялар әмелге асырылғанлығын белгилеўши басланғыш есап ҳүжжетлер
ҳәм оларды өткериўге байланыслы бийликлер хожалық операцияларының
бухгалтерия есабы ушын тийкар болады. Хожалық жүритиўши субъектлер
тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын товарлар (ислер, хызметлер)
ҳақы банк корпоратив пластик карталарынан пайдаланған ҳалда төленгенде
3
төлем терминалларының чеклери ҳәм басланғыш есап ҳүжжетлери деп тән
алынады.
Есабат дәўирине тийисли болған хожалық операциялары, егер олар
әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынбаған болса, тийисли
басланғыш ҳүжжет расмийлестирилип, бухгалтерия есабында көрсетиледи.
Басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквизитлери төмендегилер:
бухгалтерия есабы субъектиниң аты; ҳүжжеттиң аты ҳәм номери, ол дүзилген
сәне ҳәм орны; хожалық операциясының аты, мазмуны ҳәм өлшеў бирликлери
көрсетилген муғдар өлшеўи (натура ҳәм пулда сәўлеленген ҳалда); хожалық
операциясын орынлаған шахслардың (шахстың) идентификация қылыў ушын
зәрүр болған фамилиясы ҳәмде аты ҳәм әкесиниң атының бас ҳәриплери ямаса
басқа реквизитлери көрсетилген ҳалда лаўазымлары ҳәм имзалары.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер өз даўа арзасында
жуўапкер менен дүзилген шәртнама тийкарында жеткерип берилген өнимнен
пайда болған қарызды өндириўди сорағанлығы көрсетилген болса да, суд
мәжилисиндеги түсиндирмеси ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, бул ис бойынша
жуўапкерге өним «***» ЖШЖ тәрепинен жеткерилип, ҳақысы төленген. Ал,
даўагер болса даўа арзада көрсетилгендей даўадағы шәртнама бойынша өзи
тәрепинен жуўапкерге өним жеткерип бермеген.
Бул жағдайда, даўагердиң даўа талаплары тийкарсыз есапланады ҳәм
даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2020-жыл
19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў суд
әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарарының 6.3-бәнтине муўапық,
экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти тәрепинен
белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төленген
болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик
бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан
өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер тәрепинен төленген
сумма менен шекленеди.
Мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм
басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниң мәплерин
гөзлеп
усынылған
даўа
талаплары
қанаатландырылған
ямаса
қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден
улыўма тийкарларда өндириледи.
Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик
субъектине мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў
ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси бойынша
тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң
илтимаснамасына тийкар мәмлекетлик бажыны төлеў кешиктирилген болып,
даўагер киши исбилерменлик субъекти есапланады.
4
Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин өз
мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 206 000 сом
мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер "***" ЖШЖнен республика бюджетине 206 000 сом
мәмлекетлик бажы ѳндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши
қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов