Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2204 Дата решения 11.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 39f206f0-129b-4915-9573-b99ecd2389a5 Claim ID PDF Hash 66886c32e4f516bb... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2204-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025 жыл 11 ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның басшылығында, Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, жуўапкер ўәкили жәмийет директоры ****тың қатнасыўында, даўагер Ташкент қаласы “****” мәмлекетлик шөлкеминиң, жуўапкер Нөкис қаласы “****” жуўапкершилиги шекленген жәмитиниң OzDSt 140:2024 “Зәрүр дәрихана әмелияты-GPP» GPP767:2024-санлы сертификатын бийкар қылыўды сораған арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер “****” мәмлекетлик шөлкеми (буннан кейин текстте – арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)ниң OzDSt 140:2024 “Зәрүр дәрихана әмелияты-GPP” GPP-767:2024-санлы сертификатын бийкар қылыўды сораған. Суд мәжилисине арза бериўши өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Бирақ арзасында исти өзлериниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан суд, арза бериўши ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көрип шығыўды мақул тапты. Жуўапкер ўәкили жәмийет директоры суд мәжилисинде арза талабына қарсы емеслигин билдирип, арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд, жууапкер тәрептиң түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 3 август күнги 486-санлы қарарына тийкар, Ден-саўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тараўын раўажландырыў агентлигиниң “Дәри өнимлери, медициналық бүйымлар ҳәм медицина техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекет орайы” МУК қурамындағы Зәрүр әмелиятлар (G P) миллий инспектораты бөлими ажыратып шығарылып, мәмлекет унитар кәрханасы түриндеги Агентликтиң **** етип кайта шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019 жыл 18 сентябрь күнги 788-санлы қарарына тийкар, Зәрүр әмелиятлар (G P) талапларына муўапықлық жүзесинен алдын берилген сертификатлар ҳақыйқый есапланады ҳәмде олардың әмел етиў мүддети таўсылғаннан кейин жаңа сертификатлар Өзбекстан Республикасы Ден-саўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тараўын раўажландырыў агентлигиниң **** тәрепинен берилетуғынлығы белгиленген. Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, М.Жуманазаров көшеси 92/2-жайда жайласқан “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине OzDSt 140:2024 Зәрүр дәрихана әмелияты-GPP мәмлекетлик стандартқа муўпақлығы жүзесинен GPP-767:2024-санлы сертификаты 2024 жыл 13 сентябрь күнинен 2027 жыл 12 сентябрь күнине шекем әмел етиў мүддети менен берилген. Иске қосылған ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер жәмийет 2025 жыл 2 сентябрь күнги 6067-кирим санлы хаты менен орайға мүрәжат етип, GPP767:2024-санлы сертификатын бийкар етиўди сораған. Сонлықтан арза бериўши сертификатты бийкарлаў талабы менен судқа мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 25-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, экономика тараўында юридикалық шахслар ҳәмде юридикалық шахс шөлкемлестирмеген жағдайда исбилерменлик жумысын әмелге асыратуғын ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен статусын нызамда белгиленген тәртипте алған пуқаралар, сондай-ақ корпоратив даўалар бойынша ислер көрилгенде тәреплер болған пуқаралар ортасындағы пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа ҳуқықый мүнәсибетлерден жүзеге келетуғын даўаларға байланыслы ислер экономика судында қаралады. ЭПКниң 217-статьясына көре исбилерменлик искерлигиниң айырым түрлери менен шуғулланыў ушын лицензиялардың (рухсатнамалардың) әмел етиўин он ис күнинен көп болмаған мүддетке тоқтатып турыў яғный әмел етиўин тоқтатыў ҳәм лицензияларды (рухсатнамаларды) бийкар қылыў, нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықый тәсир шараларын ҳәм қолланыўы мүмкин. Суд жоқарыдағылардан келип шығып, арзаны тийкарлы деп есаплап, қанаатландырыўды лазым табады. Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына тең рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19-бәнтине тийкар арза бериўши ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажыны өндирмеўди, алдын ала төленген 41 200 сом почта қәрежетин жуўапкерден арза бериўши пайдасына өндириўди лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Арза талабы қанаатландырылсын. Жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен “****” мәмлекетлик шөлкеминиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң почта қәрежетин өндириў бойынша орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Г.Арзиева