← Назад
Решение #2849105 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2112-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 11-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагерден
баслық ** қатнасыўында, даўагер Ташкент қаласы «**» ЖШЖниң жуўапкер
Хожели районы «**» фермер хожалығынан 3 240 000 сом пул қәрежетин
өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «**» ЖШЖти жуўапкер «**» фермер хожалығынан 3 240 000
сом пул қәрежетин өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен даўа арза ис
жүритиў ушын қабыл етилген, әпиўайыластырылған тәртип бойынша
экономикалық ис қозғатылған ҳәмде исти көрип шығыў 2025-жыл 30-октябрь
күнине тайынланған.
Судтың 2025-жыл 30-октябрь күнги уйғарыўы менен ис жүритиўдиң
улыўма қағыйдалары бойынша көрип шығыўға өткерилген.
Суд мәжилисинде даўагер район ҳәқимлиги арқалы жуўапкерге 2023жылы тукымлық картошка өнимлери «**» ЖШЖти тәрепинен
тарқатылғанын, бул жәмийеттен аласы пуллары болғанлығын, бирақ бул
жәмийет банкрот деп табылғанлығын, сол ушын "**" ЖШЖти атынан 20242025-жыллары ҳүжжетлер рәсмийлестирилгенлигин, себеби «**» ЖШЖниң
аласы пуллары бойынша талап етиў ҳуқықы өзине өткерилгенлигин,
сонлықтан аласы пулларын өндирип алыў ушын судқа мүрәжат еткенлигин
билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд
жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, даўагер түсинигин ҳәм
ўәжлерин тыңлап, даўа талабын қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 8, 234-статьяларына
тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде
усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады.
Ис ҳүжжетлерине тәреплер орталарындағы 2025-жыл 22-апрель күнги
Q-3780-санлы шәртнама қосылған. Шәртнама мазмунында даўагер тәрепинен
3 240 000 сомлық тукымлық картошка жуўапкерге жеткизилиўи нәзерде
2
тутылған. Бирақ шәртнама жуўапкер тәрепинен имзаланбаған.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы
ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14август күнги 489-санлы қарары менен тастыйықланған “Есапбетфактуралардың формалары ҳәмде оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл
қылыў тәртиби ҳаққыда”ғы Реже (буннан кейин текстте – Реже деп
жүритиледи) 63-бәнтиниң биринши ҳәм екинши хатбасына муўапық,
жеткерип бериўши тәрепинен усынылған электрон есапбет-фактура он
календарь күн, санлы маркировкаланыўы лазым болған өнимлер бойынша
болса бир календарь күн ишинде сатып алыўшы тәрепинен электрон санлы
имза менен тастыйықланыўы яки себеби көрсетилген ҳалда бас тартыўы
шәрт.
Сатып алыўшы тәрепинен белгиленген мүддетте тастыйықланбаған яки
бас тартылмаған электрон есапбет-фактура тастыйықланған есапланады.
Режениң 63-бәнтиниң үшинши хатбасына тийкар, бунда ҳақыйқатта
әмелге асырылмаған хожалық операциялары бойынша рәсмийлестирилген
есапбет-фактуралар
товарлар
жиберилгенлигин
яки
хызметлер
көрсетилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында тән алынбайды.
Даўа арзада жуўапкерден 2025-жыл 22-апрель күнги 226-санлы
электрон есапбет-фактураға тийкар қылынған. Бирақ, даўагер жуўапкерге сол
есапбет-фактурада көрсетилген 3 240 000 сомлық аўыл хожалық өнимлерин
ҳақыйқатта жеткерип бергенлиги бухгалтериялық ҳүжжетлер менен
тастыйықланбайды.
ЭПК 72-статьясына көре, нызамшылыққа муўапық белгили бир
дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа
дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасының “Бухгалтерия есабы ҳаққында”ғы Нызамы
14-статьясының биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине көре,
операциялар әмелге асырылғанлығын белгилеўши басланғыш есап
ҳүжжетлер ҳәм оларды өткериўге байланыслы бийликлер хожалық
операцияларының бухгалтерия есабы ушын тийкар болады. Хожалық
жүритиўши субъектлер тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын
товарлар (ислер, хызметлер) ҳақы банк корпоратив пластик карталарынан
пайдаланған ҳалда төленгенде төлем терминалларының чеклери ҳәм
басланғыш есап ҳүжжетлери деп тән алынады.
Есабат дәўирине тийисли болған хожалық операциялары, егер олар
әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынбаған болса,
тийисли басланғыш ҳүжжет расмийлестирилип, бухгалтерия есабында
көрсетиледи. Басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквизитлери
төмендегилер: бухгалтерия есабы субъектиниң аты; ҳүжжеттиң аты ҳәм
номери, ол дүзилген сәне ҳәм орны; хожалық операциясының аты, мазмуны
ҳәм өлшеў бирликлери көрсетилген муғдар өлшеўи (натура ҳәм пулда
3
сәўлеленген ҳалда); хожалық операциясын орынлаған шахслардың
(шахстың) идентификация қылыў ушын зәрүр болған фамилиясы ҳәмде аты
ҳәм әкесиниң атының бас ҳәриплери ямаса басқа реквизитлери көрсетилген
ҳалда лаўазымлары ҳәм имзалары.
ЭПК 157-статьясы биринши бөлимине көре, даўагер исти биринши
инстанция судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиўи жуўмағы
бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенине шекем даўаның
тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын
көбейтиўге яки кемейтиўге ҳақылы.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер өз даўа арзасында
жуўапкер менен дүзилген шәртнама тийкарында жеткерип берилген өнимнен
пайда болған қарызды өндириўди сорағанлығы көрсетилген болса да, суд
мәжилисиндеги түсиндирмеси ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, бул даўа
«**» ЖШЖти тәрепинен жуўапкерге 2023-жылы тарқатылған тукымлық
картошка өнимлеринен пайда болған қарыздарлықтан келип шыққан. Ал,
даўагер болса даўа арзада көрсетилгендей даўадағы шәртнама бойынша өзи
тәрепинен жуўапкерге өним жеткерип бермеген. Қала берсе, истиң
мазмунынан көрилиўи жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети
қабыл етилгенине шекем даўаның тийкарын өзгертиў ҳаққында судқа
мүрәжат етпеген.
Бул жағдайда, даўагердиң даўа талаплары тийкарсыз есапланады ҳәм
даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2020жыл 19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин
өндириў суд әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарарының 6.3-бәнтине
муўапық, экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик
субъекти тәрепинен белгиленген ставканың 50% муғдарында мәмлекетлик
бажы төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер
мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси
бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер
тәрепинен төленген сумма менен шекленеди.
Мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм
басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниң мәплерин
гөзлеп
усынылған
даўа
талаплары
қанаатландырылған
ямаса
қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден
улыўма тийкарларда өндириледи.
Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик
субъектине мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип
төлеў ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси
бойынша тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң
4
илтимаснамасына тийкар мәмлекетлик бажыны төлеў кешиктирилген болып,
даўагер киши исбилерменлик субъекти есапланады.
Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин өз
мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 206 000 сом
мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Ташкент қаласы «**» ЖШЖнен республика бюджетине 206 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов