Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1957 Дата решения 11.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c426e330-46f1-4af4-8f88-c59994073c84 Claim ID PDF Hash 8fb249ea773529ec... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1957-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Судья С.Ниязов 2025-жыл 11-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуратурасының ис үйрениўши жәрдемшиси ***, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 6-март күнги ЖЕ-02-06/395-10- санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025- жыл 30-октябрь күнги 01-03/1433-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер ***нан қағыйдабузарлық акт тийкарында келип шыққан 3 735 000 сом қарызды өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: «***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан қағыйдабузарлық акт тийкарында келип шыққан 3 735 000 сом қарызды өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен ***, ***, 2025-жыл 23-октябрь күнги уйғарыўы менен *** даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллап қуўатлап, *** қәнигелери менен биргеликте үйрениў даўамында жуўапкердиң айыбына байланыслы болмаған ҳалда қағыйдабузарлық анықланғанлығын ҳәм акт тийкарында 3 735 000 сом төлем есапланғанлығын, бул төлем арнаўлы есапқа өндирилиўи лазымлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талабын тән алмай, электр энергия төлеминен артықша төлеми бар екенлигин, есапланған төлем тийкарсыз екенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаның тийкарлы екенлиги ҳәм қанаатландырыў лазымлығы ҳаққында пикир билдирди. Үшинши шахс *** ўәкили *** 2025-жыл 30-октябрь күнги суд мәжилисинде жуўапкерге акт тийкарында 3 735 000 сом төлем дурыс есапланғанлығын, бул төлем “ӨзЭнергоинспекция" ўәкили қатнасында анықланып есапланғанлығы себепли арнаўлы есап бетке өндирилиўи лазымлығын билдирди. Үшинши шахслар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170- статьяларына тийкар исти үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди мақул тапты. Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Тәреплер орталарында 2024-жыл 5-январь күни 1502/1-санлы көтере тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған, жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.6-бәнтине муўапық, тутуныӯшыларға электр энергиясын жеткерип бериӯ алдыннан ҳақы төлеӯ тийкарында әмелге асырылады. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер ҳәм үшинши шахс *** қәнигелери тәрепинен жуўапкерге тийисли орынларда электр энергиясынан пайдаланыў жағдайы үйренилгенде, жуўапкерге тийисли электр есаплаў үскенесинде бир ток сымынан өткизилген электр энергиясы есапқа алынбай турғанлығы анықланған. Үйрениў жуўмағы бойынша 2025-жыл 9-июнь күни даўагер менен үшинши шахс *** қәнигеси тәрепинен акт рәсмийлестирилген ҳәм 3 735 000 сом қайта-есап суммасы есапланған. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Бул сумманы төлеў бойынша жуўапкерге талапнама берилген, жуўапкер тәрепинен төлем әмелге асырылмаған. Сонлықтан, даўагер жуўапкерден қағыйдабузарлық акт тийкарында келип шыққан 3 735 000 сом қарызды өндириў ҳаққында судқа даўа арза берген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған «Электр энергиясынан пайдаланыў» Қағыйдаларының 135-бәнтиниң е-киши бәнтине көре, есаплағыш екилемши шынжыр сымларының механикалық тәсирден үзилиўи (тәбыйғый үзилиў) ҳәмде есаплағыш яки өлшеў трансформаторларының тутыныўшының айыбысыз бузылыўы деп есапланады. Бул жағдайда тутыныўшыға тутынылған ҳақыйқый электр энергиясының жумсалыўы бойынша АЭТК ямаса тутыныўшының пайдасына қайта есап-китаплар әмелге асырылады. Қағыйдалардың 143-бәнтине муўапық, усы Қағыйдалардың 135бәнтинде нәзерде тутылған қағыйдалар тутыныўшының айыбысыз бузылыўы анықланған жағдайда, жумсалған электр энергиясы муғдары ҳәр бир дәўирдеги тарифте ҳәм даўа мүддетин есапқа алған ҳалда төмендеги критериялар тийкарында қайта есап-санақ етиледи: "е" киши бәнтиндеги техникалық қәтеликлер ҳәм кемшиликлер анықланғанда - есаплағыш ядынан (ЕҲНАТ мағлыўматларды сақлаў базасынан) есаплағыштың истен шыққан ямаса кернеў ҳәм/ямаса ток сымлары үзилген күннен ямаса есаплағышты ислеп шығарыўшы заводтың жуўмағына тийкарланып истен шыққаны анықланған күннен акт рәсмийлестирилген күнге шекем ҳақыйқый жумсалған электр энергиясының жумсалыўы есапланады. Егер ҳақыйқый тутыныўды анықлаў имкәнияты болмаса, есапқа алыў бузылыўына шекемги болған алдынғы есап-китап дәўириндеги ямаса есапқа алыў тикленгеннен кейинги дәўирдеги орташа суткалық жумсаў бойынша әмелге асырылады. “Өзэнергоинспекция” қатнасыўында анықланған электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жағдайы бойынша рәсмийлестирилген қағыйдабузарлық актине тийкарланып әмелге асырылған қайта есап-санақ бойынша төлемлер Министрлер Кабинетиниң "Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясын қаржыландырыўды тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы 2023-жыл 28-сентябрьдеги 512-санлы қарарына муўапық электр энергетика шөлкемлериниң арнаўлы есап бетине (22636) өндириледи. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден қағыйдабузарлық акт тийкарында келип шыққан 3 735 000 сом қарызды өндириў талабын тийкарлы ҳәм өндириўге жатады деп есаплайды. ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына қағыйдабузарлық акт тийкарында келип шыққан 3 735 000 сом қарызды, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза қанаатландырылсын. ***нан «***» акционерлик жәмийети пайдасына қағыйдабузарлық акт тийкарында келип шыққан 3 735 000 сом қарыз, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. ***нан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов