← Назад
Решение #2849115 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2207-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 11 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, даўагер «****» акционерлик жәмийети жуўапкер Нөкис
районы “****” фермер хожалығынан 612 425,15 сом тийкарғы қарыз ҳәм
почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған
ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «****» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер
деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер “****” фермер хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп
жүритиледи)нан 612 425,15 сом тийкарғы қарыз ҳәм почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши
бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата базалық
есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге
қарата болса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа
арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы
лазым.
ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин
еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шыгып, даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте –
ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 20254жыл 3 январь
күни 054545-санлы электр энергиясын көтере тутыныўшыларға жеткерип
бериў ҳәм қабыл қылыў ҳаққында шәртнама дүзилген.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясын
жеткерип бериў ҳәм қабыл қылыў шәртнамасынан келип шыққан.
Өзбекстан Республикасы “Электр энергиясы ҳаққында”ғы Нызамныӊ
24-статьясында “Электр тәмийнаты шәртнамасына көре **** кәрханасы яки
оныӊ электр тәмийнаты кәрханасы тутыныўшыға электр энергиясын
жалғанған тармақ аркалы жеткерип бериў миннетлемесин алады, тутыныўшы
болса пайдаланылған электр энергиясы ушын ҳақыны өз ўақтында төлеў,
электр энергиясын тутыныўдыӊ шәртнамада нәзерде тутылған режимине
бойсыныў, өзи пайдаланып атырған электр тармақларыныӊ, электр энергиясы
тутыныўы менен байланыслы әсбап ҳәм ускенелердиӊ лазым дәрежедеги
техник жағдайын ҳәмде қәўипсизлигин тәмийнлеў миннетлемесин алады” деп
көрсетилген.
Даўагер тәрепинен шәртнама миннетлемелери лазым дәрежеде
орынланып, электр тармақлары арқалы тутыныўшының келисилген
буйыртпасы бойынша электр энергиясы жеткерип берилген, бул истеги
шәртнама, актлер ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады.
Бырақ, жуўапкер тәрепинен пайдаланылған электр энергиясы ушын өз
ўақтында төлемлер әмелге асырылмаған. Нәтийжеде жуўапкердиң даўагер
алдында 2025 жылдың 1 октябрь жағдайына 1 110 625,15 сом қарызы пайда
болған.
Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў ушын жуўапкерге
жиберилген 2025 жыл 13 октябрь күнги 02-06/507-санлы талапнамасы
жуўапсыз қалдырылған.
Сонлықтан даўагер қарыздарлықты өндириу бойынша даўа талабы
менен судқа мүрәжат еткен.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар
айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый
базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири
шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған
жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп
береди деп түсиник берилген.
Бирақ даўа арза судқа берилгеннен кейин, даўар тәрепинен усынылған
мағлыўматқа көре, жуўапкер жәми 612 424,15 сом қарызларын толығы менен
төлегенлиги
анықланып,
суд
қарыздарлықты
өндириў
талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул табады.
Буннан тысқары ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп
көрсетилген. Усы статьяның бесинши бөлимине муўапық даўагердиң
талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый
рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүкленеди деп көрсетилген.
Сол себепли, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сом почта қарежетин, республика
бюджети пайдасына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 2032, 2034, 118, 176-179статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“****” фермер хожалығынан даўагер «****» акционерлик жәмийетиниң
пайдасына 41 200 сом почта қарежети өндирилсин.
“****” фермер хожалығынан жуўапкершилиги шекленген жәмийети
есабынан республика бюджети пайдасына 412 000 сом мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10(он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор
протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева