← Назад
Решение #2849154 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2052-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 11 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
баслығы **** (2018-жыл 29-май күнги 1-санлы буйрық тийкарында)тың
қатнасыўында даўагер Ташкент қаласы, “****” жуўапкершилиги шекленген
жәмийети, жуўапкер Хожели районы “****” фермер хожалығынан 5 280 000
сом тийкарғы қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасын қосымша ҳүжжетлери
менен бирге экономикалық исти судтың өз имәратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, жуўапкер “****”
фермер хожалығынан 5 280 000 сом тийкарғы қарыз өндириўди сорап,
экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен ис
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығыу ушын 2025-жыл 31-октябрь
күнине тайынланған.
Судтың
2025-жыл
31-октябрь
күнги
уйғарыўы
менен
әпиўайыластырылған тәртиптен улыўмаластырылған тәртипке өткерилген
ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлигин даўа
предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши
шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ЖШЖ баслығы даўа талабын қоллапқуўатлап, район ҳәқимлиги арқалы жуўапкерге 2023-жылы тукымлық
картошка өнимлери «****» ЖШЖ тәрепинен тарқатылғанлығын, бул
жәмийеттен аласы пуллары болғанлығын, лекин бул жәмийет банкрот деп
табылғанлығын, сол ушын "****" ЖШЖ атынан 2024-2025-жыллары
ҳүжжетлер рәсмийлестирилгенлигин, себеби «****» ЖШЖниң аласы
пуллары бойынша талап етиў ҳуқықы өзине өткерилгенлигин, сонлықтан
аласы пулларын өндирип алыў ушын судқа мүрәжат еткенлигин билдирип,
даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ҳәм үшинши шахс ўәкиллери суд мәжилисине келмеди, истиң
усы
күни
көрилетуғыны
ҳаққында
тийисли
тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде
исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер ҳәм үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе,
даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Суд, исте қатнасыўшы даўагердиң түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин
тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арза талабын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте –
ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьясыныӊ 1-болимине муўапық
мәжбүрият пухаралық хуқықый қатнасықлар болып, оған тийкар бир тәреп
(қарыздар) басқа тәреп (кредитор) пайдасына белгили бир ҳәрекетлерди
әмелге асырыўға, мал-мүлк тапсырыў, хызметлер көрсетиў, пул төлеў ҳ.тб
яғный белгили бир ҳәрекетлерден өзин сақлаўға мәжбүр болады, кредитор
болса қарыздар өзиниң мәжбүриятларын орынлаўын талап етиў ҳукыкына
ийе, ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025 жыл 22
апрель күни Q-3804-санлы картошка өнимин жеткерип бериў бойынша
шәртнама бир тәреплеме дүзилген. Шәртанама жуўапкер тәрепинен
тастыйқланбаған.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы
ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлилеўи керек.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-август
күнги 489-санлы қарары менен тастыйықланған “Есапбет-фактуралардың
формалары ҳәмде оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл қылыў тәртиби
ҳаққыда”ғы Реже (буннан кейин текстте - Реже деп жүритиледи) 63-бәнтиниң
биринши ҳәм екинши хатбасына муўапық, жеткерип бериўши тәрепинен
усынылған электрон есапбет-фактура он календарь күн, санлы
маркировкаланыўы лазым болған өнимлер бойынша болса бир календарь күн
ишинде сатып алыўшы тәрепинен электрон санлы имза менен
тастыйықланыўы яки себеби көрсетилген ҳалда бас тартыўы шәрт.
Сатып алыўшы тәрепинен белгиленген мүддетте тастыйықланбаған яки
бас тартылмаған электрон есапбет-фактура тастыйықланған есапланады.
Режениң 63-бәнтиниң үшинши хатбасына тийкар, бунда ҳақыйқатта
әмелге асырылмаған хожалық операциялары бойынша рәсмийлестирилген
есапбет-фактуралар
товарлар
жиберилгенлигин
яки
хызметлер
көрсетилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында тән алынбайды.
Даўа арзада жуўапкерден қарыз өндириў 2025-жыл 22-апрель күнги 250санлы электрон есапбет-фактураға тийкар талап қылынған. Бирақ, даўагер
жуўапкерге сол есапбет-фактурада көрсетилген 5 280 000 сомлық аўыл
хожалық өнимлерин ҳақыйқатта жеткерип бергенлиги бухгалтериялық
ҳүжжетлер менен тастыйықланбайды.
ЭПК 72-статьясына көре, нызамшылыққа муўапық, белгили бир
дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер
менен тастыйықланыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасының “Бухгалтерия есабы ҳаққында”ғы Нызамы
14-статьясының биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине көре,
операциялар әмелге асырылғанлығын белгилеўши басланғыш есап ҳүжжетлер
ҳәм оларды өткериўге байланыслы бийликлер хожалық операцияларының
бухгалтерия есабы ушын тийкар болады. Хожалық жүритиўши субъектлер
тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын товарлар (ислер,
хызметлер) ҳақы банк корпоратив пластик карталарынан пайдаланған ҳалда
төленгенде төлем терминалларының чеклери ҳәм басланғыш есап ҳүжжетлери
деп тән алынады.
Есабат дәўирине тийисли болған хожалық операциялары, егер олар
әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынбаған болса,
тийисли басланғыш ҳүжжет расмийлестирилип, бухгалтерия есабында
көрсетиледи.
Басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквизитлери төмендегилер:
бухгалтерия есабы субъектиниң аты; ҳүжжеттиң аты ҳәм номери, ол дүзилген
сәне ҳәм орны; хожалық операциясының аты, мазмуны ҳәм өлшеў бирликлери
көрсетилген муғдар өлшеўи (натура ҳәм пулда сәўлеленген ҳалда); хожалық
операциясын орынлаған шахслардың (шахстың) идентификация қылыў ушын
зәрүр болған фамилиясы ҳәмде аты ҳәм әкесиниң атының бас ҳәриплери ямаса
басқа реквизитлери көрсетилген ҳалда лаўазымлары ҳәм имзалары.
ЭПКниң 157-статьясы биринши бөлимине көре, даўагер исти биринши
инстанция судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиўи жуўмағы
бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенине шекем даўаның
тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын
көбейтиўге яки кемейтиўге ҳақылы.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, даўагер өз даўа арзасында
жуўапкер менен дүзилген шәртнама тийкарында жеткерип берилген өнимнен
пайда болған қарызды өндириўди сорағанлығы көрсетилген болса да, суд
мәжилисиндеги түсиндирмеси ҳәм ис ҳүжжетлерине қарағанда, бул даўа
«****» ЖШЖ тәрепинен жуўапкерге 2023-жылы тарқатылған тукымлық
картошка өнимлеринен пайда болған қарыздарлықтан келип шыққан. Ал,
даўагер болса даўа арзада көрсетилгендей даўадағы шәртнама бойынша өзи
тәрепинен жуўапкерге өним жеткерип бермеген. Қала берсе, истиң
мазмунынан көрилиўи жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл
етилгенине шекем даўаның тийкарын өзгертиў ҳаққында судқа мүрәжат
етпеген.
Бул жағдайда, даўагердиң даўа талаплары тийкарсыз есапланады ҳәм
даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2020жыл 19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин
өндириў суд әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарарының 6.3-бәнтине
муўапық, экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти
тәрепинен белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы
төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер
мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси
бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер
тәрепинен төленген сумма менен шекленеди.
Мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм
басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниң мәплерин
гөзлеп
усынылған
даўа
талаплары
қанаатландырылған
ямаса
қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден
улыўма тийкарларда өндириледи.
Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик
субъектине мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип
төлеў ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси
бойынша тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң
илтимаснамасына тийкар мәмлекетлик бажыны төлеў кешиктирилген болып,
даўагер киши исбилерменлик субъекти есапланады.
Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин өз
мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 206 000 сом
мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика
бюджетине 206 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириўи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева