Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-1001-2507/97043 Дата решения 10.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 6ef0fd56-2d83-46c5-867d-189d0235e9df Claim ID PDF Hash e7e0a4bd46a60022... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2401/ХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИУШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2024-жыл 21-июнь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХ (2024-жыл 21-май күнги 03-03/15-санлы исеним хат тыйкарында), жуӯапкер ӯәкили ХХХХХ (2024-жыл 03-январь күнги 01/02санлы исеним хат тыйкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер акционерлик коммерциялық “AGROBANK”ниң мәпин қорғап жуӯапкер “KA ITAL SUG`URTA” акционерлик жәмийети есабынан 31 796 311 сом қамсызландырыӯ пулын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Нөкис районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер акционерлик коммерциялық “AGROBANK”ниң (кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер “KA ITAL SUG`URTA” акционерлик жәмийети (кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи) 31 796 311 сом қамсызландырыӯ пулын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Палата ҳәм даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арзаны қоллапқуӯатлады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза тийкарсыз екенлигин билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд, тәреплердиӊ түсиниклерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги текстте ПК деп жүритиледи) 915-статьясының биринши бөлимине муўапық, мүлкий қамсызландырыў шәртнамасына муўапық бир тәреп (қамсызландырыўшы) шәртнамада шәртлесилген ҳақ (қамсызландырыў сыйлық) есесине шәртнамада нәзерде тутылған ўақыя (қамсызландырыў ҳәдийсеси) болғанда басқа тәрепке (қамсызландырыў қылдырыўшыға) яки шәртнама қайсы шахстың пайдасына дүзилген болса, усы шахсқа (пайда алыўшыға) бул ҳәдийсе ақыбетинде қамсызландырылған мүлкке келтирилген зиянды ямаса қамсызландырыўшының басқа мүлкий мәплери менен байланыслы зиянды шәртнамада белгиленген сумма (қамсызландырыў пулы) шегарасында төлеў (қамсызландырыў қапламын төлеў) миннетлемесин алады. 1 Истеги ҳүжжетлерден анықланыӯынша, Банк ҳәм қарз алыӯшы Алламбергенов Азамат Айтбаевич орталарында 2020-жыл 09-октябрь күнги 1033-санлы кредит шәртнамасына тийкар қара малларды сатып алыӯ ушын 30 000 000 сўм кредит ажратылған. Тәреплердиң орталарында 2020-жыл 01-декабрь күни ажыратылған микрокредит қаржылары қайтарылыўы жүзесинен исбилерменлик қәўипин комплекс қамсызландырыў бойынша баслы (генеральный) шәртнамасы дүзилген ҳәм 0400/506/2000549-санлы қамсызландырыў полиси берилген. Оған көре, 2020-жыл 09-октябрь күнги 1033-санлы кредит шәртнамасы бойынша қамсызландырыў пулы 30 000 000 сом, қамсызландырыў полисиниң мүддети 2020 жыл 01 декабрьден 2023 жыл 30 ноябрьге шекем деп белгиленген. Пуҳаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының 2021жыл 11-октябрь күнги 2-2304/2101/3040-санлы шешиӯши қарарына муӯапық қарыздар Алламбергенов Азамат Айтбаевичтен 28 350 000 сом, 704 000 сом пайыз, 17 150 сом почта қәрежети, жәми 29 071 150 сом өндирилген. Мәжбурий орынлаӯ бюросы Кегейли район болиминиң мәмлекетлик орынлаӯшысы М.Алимовтың 2022-жыл 07-декабрь күнги қарарына муӯапық пуҳаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының 2021-жыл 11октябрь күнги 5808-санлы орынлаӯ хат Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының 40-статьясының 1-бөлими 3-бәнтлерине тийкар орынлаў мүмкиншилиги болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған. Нәтийжеде, Палата даӯагер мәпинде судқа даӯа арза менен мүрәжат етип, даӯа арзасында жуӯапкерден 31 796 311 сом қамсызландырыӯ пулын өндириӯди сораған. Қамсызландырыў шәртнамасының 3.1-бәнтине тийкар, қарыз алыўшының қамсызландырыўшыға өз ўақтында тийкарғы қарызын ҳәм пайызларды төлеў дәўиринде қарыз алыўшының төлеў қәбилийетиниң жойтылыўы (I топар майыплылығы) яки қайтыс болыўы нәтийжесинде миннетлеме орынланбағанда қамсызланыўшының зиян көриўи қамсызландырыў ҳәдийсеси есапланады. Бирақ, Банк тәрепинен жуӯапкердиң төлеў қәбилийетин жойтқанлығын (I топар майыплылығы) яки қайтыс болғанлығын тастыйықлаӯшы ҳүжжетлерди судқа усынылмады. Бундай жағдайда даӯа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылыӯы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ жетинши бөлимине муўапық мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлары ҳәмде басқа шахслар тәрепинен юридик шахслар ҳәм пуқаралардыӊ мәпин қорғап берилген даўа талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылған яки қысман қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплерин қорғап даўа усынылған шахслардан даўа талапларыныӊ қанаатландырыўсыз қалдырылған бөлегине сәйкес рәўиште өндириледи. 2 Сонлықтан, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагерден Республика бюджет есабына 635 926,22 сом мәмлекетлик бажы, ис видеоконференцбайланыс режиминде өткериӯ менен байланыслы 85 000 сом суд қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит пайдасына өндириӯди, төленген 34000 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық “Агробанк” есабынан Республика бюджет пайдасына 635 926,22 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық “Агробанк” есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит пайдасына 85 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3