Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1996 Дата решения 10.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 305a536d-5067-49cc-b139-8bbc3024f948 Claim ID PDF Hash a41458df1f3e9a49... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1996-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 10-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, ** (кейин-**) ўәкили ** (2025-жыл 17-июль күнги 123-санлы исеним хат тийкарында), даўагерден баслық **, үшинши шахс банк ўәкили ** (2025-жыл 15-октябрь күнги 03-19/546-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, ** даўагер **” фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер Тахыятас районы “**” ЖШЖнен 337 500 000 сом қарыз, 162 000 000 сом пеня өндириў ҳәмде орталарында 2025жыл 24-март күни дүзилген 1/7/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ** даўагер **” фермер хожалығының мәпинде жуўапкер “**” ЖШЖнен 337 500 000 сом қарыз, 162 000 000 сом пеня өндириўди ҳәмде орталарында 2025-жыл 24-март күни дүзилген 1/7/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкарлаўды сораған. Судтың 2025-жыл 30-сентябрь күнги уйгарыўы менен Өзбекстан Республикасы АКБ “**” даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде ** ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды ҳәмде жуўапкер ҳәрекетине баҳа берилиўи ушын айрықша уйғарыў шығарыўды сорады. Даўагер суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы екенин, себеби өз ўақтында тийисли аванс толеми әмелге асырылғанын, бирақ жуўапкер тәрепинен тамшылатып суўғарыў технологиясы толық енгизилмегенин, банктан кредит алғанын ҳәм ол пулларды жуўапкерге өткерип бергенин, банк пайдасына кредит шәртнамасы бойынша тийисли төлемлерин төлеп атырғанын, жуўапкер пудрат шәртнамасы бойынша өз миннетлемлерин орынламағанын, бир нешше мәрте басланған жумысларын жуўмақлап бериўди талап қылғанын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды ҳәмде жуўапкер ҳәрекетине баҳа берилиўи ушын айрықша уйғарыў шығарыўды сорады. Үшинши шахс - АКБ **тиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ўәкили ** суд мәжилисинде Банктиң ** районы филиалы тәрепинен истеги даўагер фермер хожалығына кредит ажратылғанын, сонлықтан мағлыўмат жоқ екенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат ҳәм почта ҳүжжети менен тастыйықланады. 2 Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, **, даўагер, үшинши шахс ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, даўаның шәртнаманы бийкарлаў талабын көрместен қалдырыўды ҳәмде даўаның қарыз, пеня өндириў талапларын қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер-фермер хожалығы ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл 24-март күни 1/7/1-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1-бәнтинде истеги жуўапкер даўагердиң жер майданына тамшылатып суўғарыў технологиясы материалларын ҳәм үскенелерин шәртнама шәртлерине муўапық жеткизип бериў, монтаж ислерин сыпатлы орынлап, монтаж ислери жуўмақланыўдан сон даўагерге тапсырыў нәзерде тутылған. Шәртнаманың 3.1-бәнтинде жуўапкер тәрепинен исленген жоба тийкарында орынланатуғын ислер баҳасы барлық салық, жыйымлар ҳәм ажыратпаларды өз ишине алған ҳалында 27 га пахта майданында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын 675 000 000 сомды қураған. Шәртнаманың 4.1-бәнтине тийкар, даўагер тәрепинен 50% аванс пулы төлеп берилгеннен соң, жуўапкер шәртнама шәртлерин орынлаўға кириседи деп белгиленген. Иске қосылған банк ҳүжжетинде жуўапкердиң банк есап бетине 2025-жыл 24-март күни 337 500 000 сом аванс пулларының өткерилгени тастыйықланады. Аванс пулларын қайтарыў ҳәм суд тәртибинде шәртнаманы бийкарлаў ҳаққындағы **тиң усыныс (таклиф) жуўапкер манзилине почта байланыс бөлими арқалы берилген. Бирақ жуўапкер тийисли жуўмақ шығармаған. Сонлықтан бул жағдайларды есапқа алып, Кенес даўагер мәпинде судқа мүрәжат етип, жуўапкерден 337 500 000 сом қарыз, 162 000 000 сом пеня өндириўди ҳәмде орталарында 2025-жыл 24-март күни дүзилген 1/7/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкарлаўды сораған. ПК 256-статьясы екинши бөлимине көре, миннетли тәреп шәртнамада белгилеп қойылған миннетлемени орынламаған яки миннетлеме белгиленген мүддетте орынланбаслығы ашық көрсетип турған жағдай бар болған тәғдирде, альтернатив орынлаўды өз жуўапкершилигине алған тәреп өз миннетлемелерин орынламай турыўға яки бул миннетлемени орынлаўдан бас тартыўға ҳәм көрилген зыянды төлеўди талап қылыўға ҳакылы. 3 ПК 644-статьясы биринши бөлимине көре, буйыртпашы пудрат шәртнамасы бойынша альтернатив миннетлемелерин орынламағанлығы, атап айтқанда, материал, үскенелер, техникалық ҳүжжетлерин яки қайта ислеў (обработка) керек болған затты бермегенлиги пудратшының шәртнаманы орынлаўға тосқынлық қылған жағдайларда, сондай-ақ усы миннетлемелер белгиленген мүддетте орынланбағаны анық көрсетип турған жағдайлар бар болғанында (усы Кодекстиң 256-статьясы) пудратшы иске кириспеўге, басланған исиң болса тоқтатып турыўға ҳақылы. Суд даўаның қарыз, пеня өндириў талаплары менен келисе алмайды. Себеби шәртнаманың 1.2-бәнтинде, буйыртпашы-истеги даўагер пудратшыжуўапкерге ислерди орынлаў зәрур шараятлар жаратыў, оларды қабыллаў ҳәм төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, шәртнаманың 5.1-бәнтинде, шәртнама имзаланған күннен баслап үш күн мүддетте егин майданларын арнаўлы белгилер менен ажратқан ҳалда акт бойынша жуўапкерге бериўи лазым. Жер майданларын ажратып бериў ҳаққында жуўапкер даўагер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы 2025-жыл 01-апрель, 27, 30-май, 02,30-июнь күнлери хатларын берген. Бирақ даўагер тәрепинен белгиленген тәртипте жер майданлары ажратылғаны тастыйықланбайды. Демек истеги ҳүжжетлерге көре шәртнаманың 1.2, 5.1-бәнтлери шәртлерин даўагер орынламаған. Бул жағдайда даўагер ПК 256,644-статьялары нормаларына әмел қылмаған деп баҳалаўға тийкарлар бар. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, даўаның қарыз, пеня өндириў талапларын қанаатландырыўға тийкарлар жоқ. Себеби тәреплер шәртнама дүзиўде келисимге болсада, даўагер өз миннетлемелерине лазым дәрежедеги итибарын қаратпаған. ПК 382-статьясы биринши бөлимине тийкар, егер усы Кодексте, басқа нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар қылыныўы мүмкин. Усы статьяның екинши бөлими 1-бәнтине көре, екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса, тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен өзгертилиўи яки бийкарланыўы мүмкин. ПК 384-статьясы екинши бөлимине муўапық, бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен қарсы жуўабы алғаннан кейин яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда, болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет бөлмаса-өтыз күнлик мүддетте жуўап алмағаныдан кейин шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы талапты судқа усыныўы мүмкин. ЭПК 107-статьясы 5-бәнтине көре, даўагер даўды судқа шекем шешиў (талапнама жибериў) тәртибине әмел қылмаған болса, егер усы категориядағы даўлар ушын нызамда яки тәреплер шәртнамасында нәзерде тутылған болса суд даўа арзаны көрместен қалдырады. Даўаның шәртнаманы бийкарлаў талабы көрместен қалдырылыўы лазым. Себеби шәртнаманы бийкарлаў бойынша усынысты ** берген, ал ол болса даўагер ҳәм жуўапкер орталарында дүзилген шәртнаманың қатнасыўшы емес. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 4 9-статьясының биринши болими 18-бәнтине муўапық, ** мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ3318-санлы қарарының 3-бәнти бесинши хатбасына муўапық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Видеоконференция байланысы ушын суд қәрежети төлеминен исте қатнасыўшы тәреплер азат етилмеген. Сонлықтан даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына 103 000 сом видеоконференция байланысы ушын суд қәрежети өндирилиўи лазым. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады. Банк ажратқан кредит қаржыларының жуўапкер тәрепинен мақсетли жумсалыўына ҳуқықый баҳа бериў ушын айрықша уйғарыў шығарыў ҳәм оны прокуратура органына жибериў мақул табылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўаның шәртнаманы бийкарлаў талабы көрместен қалдырылсын. Даўаның қарыз ҳәм пеня өндириў талаплары қанатландырыў ыз қалдырылсын. Наманган ўәлаяты **” фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Анықланған нызам бузыўшылық жағдайы бойынша айрықша уйғарыў шығарылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов