Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/2188 Дата решения 10.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 264df2c0-88ee-4f54-b843-5cd244a702b6 Claim ID PDF Hash 3e10c3f6eb465a84... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2188-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 10-ноябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаева хаткерлигинде, даўагер ўәкили И.Рузимов (2025-жыл 22 январь күнги ЖЕ-02-06/129-8-санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, даўагер “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийетиниң жуўапкер “SHUXR T O HIL” фермер хожалығынан 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарыз, 10 138 281,12 сӯм пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти судтың өз имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети (кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, “SHUXR T O HIL” фермер хожалығынан (кейинги орынларда жуўапкер) пайдаланылған электр энергиясы ушын 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарыз, 10 138 281,12 сӯм пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкердиң 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлигин билдирип, 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарыз, 10 138 281,12 сӯм пеня өндириўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май күнги 319-санли қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў” Қағыйдаларының 76-бәнти 1-хатбасына көре, тиккелей “Өзбекстан миллий электр тармақлары” АЖ, “Ыссылық электр станциялары” АЖ, “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ўзбекгидроэнерго” АЖ ҳәм електр энергиясын өндириўши басқа кәрханалардың электр тармақларынан ҳәм де қарыйдарлар ямаса субтутыныўшылар электр тармақлары арқалы узатылатуғын электр енергиясы ушын қарыйдарлар менен есап-китаплар белгиленген тәртипте тастыйықланған тийисли тарифлар бойынша электр тәмийнаты шәртнамасына муўапық әмелге асырылады. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2024-жыл 30-декабрь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған. Жуўапкер 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлиги даўагер мағлыўматнамасы ҳәм басқа да ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпелери менен тастыйықланады. Сонлықтан суд даўагердиң пайдасына жуўапкерден 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты. Жуўапкер қарызын 2025-жыл 1-ноябрь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын 10 138 281,12 сӯм пеня өндириўди сораған. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 5 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. Сол себепли, суд даӯа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарыз, 5 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, республика бюджетине 1 922 583,87 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўа талапларының қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даӯа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер “SHUXR T O HIL” фермер хожалығынан даўагер “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети пайдасына 85 990 912,51 сӯм тийкарғы қарыз, 5 000 000 сўм пеня ҳәмде 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “SHUXR T O HIL” фермер хожалығынан республика бюджетине 1 922 583,87 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев