Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2069 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3e343abd-72ed-4b5f-9011-900a27443e2c Claim ID PDF Hash 8059b513905fa437... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2069-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025 жыл 7 ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили басқарма юрисконсульти **** (2025 жыл 03 январь күнги 1/01-06санлы исеним хат тийкарында)ның қатнасыўында, даўагер ****, жуўапкер Нөкис қаласы **** жеке кәрханасы ортасында дүзилген 2024 жыл 26 июнь күнги 176614/123-24-санлы ижәра шәртнамасын бийкар етиўди ҳәм бес күн ишинде ижәра объектти тапсырыў миннетлемесин жүклеўди ҳәмде 7 151 888,7 сом ижәра төлемин, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын қосымша ҳүжжетлери менен бирге суд имәратында өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер **** (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи), жуўапкер – **** жеке кәрханасы (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи) ортасында дүзилген 2024 жыл 26 июнь күнги 176614/123-24санлы ижәра шәртнамасын бийкар етиўди ҳәм бес күн ишинде ижәра объектти тапсырыў миннетлемесин жүклеўди ҳәмде 7 151 888,7 сом ижәра төлемин, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер истиң усы күни көрилетуғынлығы ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған. Бирақ суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд, исти олардың ўǝкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 535-статьясына көре, мүлк ижәрасы шәртнамасы бойынша ижәраға бериўши ижәраға алыўшыға ҳақы есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў ушын тапсырыў миннетлемесин алады. Ис ҳүжжетлерине қарағанда 2024 жыл 26 июнь күни тәреплер орталарында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы балансындағы бос турған 14,49 м2 мәмлекет мүлки болған майданды ижәраға бериў ушын 176614/123-24-санлы ижәра шәртнамасы дүзилген (буннан кейин текстте - Шәртнама деп жүритиледи). Усы шәртнамаға көре даўагер тәрепинен мәмлекет мүлкин ижәраға бериў, ижәраға берилген объект ушын жуўапкер шәртнамада көрсетилген мүддетте ҳәм муғдарда ижәра төлемлерин төлеў миннетлемелерин алған. ПКниң 544-статьясына муўапық ижәраға алыўшы мал-мүлктен пайдаланғанлық ушын ҳақысын өз ўақтында төлеп турыўы шәрт. Буннан тысқары тәреплер ортасында 2024 жыл 26 июнь күни 350124180419-санлы үш тәреплеме қосымша келисим дүзилген. Тәреплер ҳәм баланста сақлаўшы орталарында қосымша дүзилген келисимлерде ҳақы төлеў ҳәм мүддетлери шешилген. Иске қосылған ҳүжжетлерден анықланыўынша 2024 жыл 26 июнь күни объект 7 айға ижәраға берилген бул истеги далалатнама менен тастыйықланады. Бирақ жуўапкер тәрепинен шәртнамадағы миннетлемелер лазым дәрежеде орынлабай ижәра төлемлерин өз ўақтында төлемей келген. Нәтийжеде 2025 жыл 26 сентябрь күни жағдайына жәмийет пайдаланған объект ушын ижәра төлемлерин төлемегенлиги себепли, жәми 7 151 888,7 сом қарыздарлығы жүзеге келген. Шәртнама шәртлерине көре ижәраға алыўшы, ижәраға бериўшиге 100% алдыннан ижәра ҳақын төлеў миннетлемеси белгиленген. Иске қосылған ҳүжжетлерде даўаның 7 151 888,7 сом қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Бул жағдайлар истеги шәртнама, есабат ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў ҳәм 2024 жыл 26 июнь күни дүзилген 176614/123-24-санлы ижәра шәртнамасын бийкарлаў бойынша жиберилген 2025 жыл 26 август күнги 467/01-06-санлы усыныс жуўапсыз қалдырылған, нәтийжеде қарыздарлық төленбестен келинген. ПКниң 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. Демек даўаның тийкарғы ижәра төлеми бойынша қарыздарлықты өндириў талабын суд, тийкарлы деп таўып, қанаатландырыўды мақул табады. Сондай-ақ даўагер 2024 жыл 26 июнь күнги 176614/123-24-санлы ижәра шәртнамасын бийкар етиўди ҳәм бес күн ишинде ижәра объектти тапсырыў миннетлемесин жүклеўди сораған. ПК 539-статьясы екинши бөлимине көре, көшпес мүлк ижарасы шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым. ПК 112-статьясы биринши бөлимине көре, питимниң нотариал формасына яки оны мәмлекетлик дизимнен өткериў талабына әмел етпеў питимниң ҳақыйқый емеслигине себеп болады. Бундай питим өз-өзинен ҳақыйқый болмайды. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2011жыл 1-декабрь күнги «Мүлк ижарасы шәртнамасына байланыслы пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын экономикалық судлар тәрепинен қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 234-санлы Қарарының 10бәнтинде, ижара шәртнамасы ҳақыйқый емес деп табылғанда, Пуқаралық кодексиниң 114-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлер қолланылады ҳәм тәреплердиң ҳәр бири басқасына шәртнама бойынша алған барлығын қайтарып бериўге мәжбүр. Ижарашының алған заты мүлктен пайдаланыўда көрсетилгенлиги ушын ол пайдаланыў қунын пул менен қайтарыўы шәрт. Бунда пайдаланыў баҳасы ижара шәртнамасында белгиленген ижара ҳақысының муғдарынан келип шығып анықланады, шәртнамада ижара ҳақысының муғдары нәзерде тутылмаған жағдайларда болса пайдаланыў баҳасы Пуқаралық кодексиниң 356-статьясына муўапық анықланады, деп түсиндирилген. Анықланған жағдайларға қарағанда ижәра шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген. Бундай жағдайда шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады. Солай етип суд, даўа арза талапларын қысман қанаатландырыўды лазым табады. Буннан тысқары ЭПКниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлиминиң 10-бәнтинде истеги даўагер мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген. Сонлықтан даўаның қанаатландырыўсыз қалдырылған талабы бойынша мәмлекетлик бажы өндирилместен қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарынын 16-бәнтинде улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып шыққан тәреп төлейди деп түсиник берилген. Даўагер тәрепинен ис бойынша 41 200 сом почта қәрежети алдыннан төленген. Сонлықтан суд, даўа арза талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 7 151 888,7 сом тийкарғы қарызын ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған шәртнаманы бийкарлаў ҳәм бес күн ишинде ижәра объектти тапсырыў миннетлемесин жүклеўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын. **** жеке кәрханасы есабынан **** пайдасына 7 151 888,7 сом тийкарғы қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. **** жеке кәрханасы есабынан Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Г.Арзиева