← Назад
Решение #2850204 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1969-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 07-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Өзбекстан
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының
(кейин-палата) ўәкили ** (2025-жыл 14-январь күнги 01/06-89-санлы исеним
хат тийкарында), даўагерден баслық **, жуўапкерден баслық **, ўәкиллери
**, ** (2025-жыл 09,20-октябрьдеги 10-25/3-санлы, 10-25/10-санлы исеним
хатлар тийкарында), үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 03-январь күнги
009-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 30октябрь күнги 32-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, палата
даўагер "**" ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер "**" ЖШЖнен 44 383 976,9
сом келтирилген зыян, суд қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын
ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс
режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер "**" ЖШЖниң мәпинде жуўапкер "**" ЖШЖнен
44 383 976,9 сом келтирилген зыян, суд қәрежетлерин өндириўди сораған.
Суд уйғарыўлары менен “**” ЖШЖти, “**” ЖШЖти, “**” АЖти, **,
**, “**” ЖШЖти даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахслар
сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде палата ўәкили даўаның талабы тийкарлы екенин
билдирип, оны қанаатландырыўды сорады.
Даўагер суд мәжилисинде даўаның талабы тийкарлы екенин, себеби
истеги ҳүжжетлер менен жуўапкердиң муўапықлық сертификатысыз шигит
өнимлерин тарқатқаны тастыйықланатуғынын, бул өз гезегинде шигит өнип
шықпай қалыўына себеп болғанын, нәтийжеде жуўапкер тәрепинен рәсмий
ҳүжжетлерге бола 44 383 976,9 сом зыян келтирилгенин, ал негизинде болса
80 млн сом әтирапында шығындар болғанын, зыян мәселеси жүзесинен бир
неше рет жуўапкерге барған болса да, мәселе үнамлы шешилмегенин, палата
тәрепинен медиация өткериў ҳәрекети қылынғанын, бирақ келисимге
ерисилмегени себепли судқа мүрәжат етилгенин билдирип, судтан әдил
шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер тәреп даўаның талабы тийкарсыз екени ўәкилликли шахс
болған Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайының мағлыўматы
менен тастыйықланатуғынын, яғный тарқатылған шигит өнимлерине
сертификат 2025-жыл 10-июнь күни берилгенин, жынаят ислери бойынша
Хожели районы судының 2025-жыл 12-июнь күнги қарарында ҳуқықбузар
2
**қа ҳәкимшилик жәриймасы қолланылғанын, бул қарарда сыпатсыз
туқымлық шигит өнимлери тарқатылғаны көрсетилмегенин, жәмийеттиң ҳеш
қандай айыбы жоқ деп есаплайтуғынын, себеби тарқатылған шигит
өнимлерине сертификат кеш берилгенин, сертификатсыз шигит өнимлери
тарқатылғаны ушын жуўапкершилик белгиленбегенин билдирип, даўа
талабын қанаатландырмаўды сорады.
** директоры ** суд мәжилисинде тарқатылған шигитлер бойынша
сертификатлар берилгенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Басқа үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд
палата ҳәм үшинши шахс ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым
тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы
шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның
талабын қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы
бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы
лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы
(ҳақыйқый зыян), сондай-ақ, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында
пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай
қалған дәраматлары тусиниледи.
ПК 985-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-ақ, юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде
қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде
қапланыўы лазым.
Даўаның талабы келтирилген зыян өндириў болып табылады.
Анықланыўынша, истеги тәреплер орталарында 2025-жыл 01-март
күни 59621-санлы, 2025-жыл 07-март күни 71862-санлы фьючерс
шәртнамалары дүзилген. Шәртнамаларға көре даўагер жуўапкерге 182 605
800 сомлық, 45 653 400 сомлық пахта шийки затын жеткизип бериў
миннетлемелерин алған.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Фьючерс шәртнамаларының шәртлерин орынлаў мақсетинде даўагер
жуўапкерден 2025-жыл 11,24,28-апрель күнлери жәми 660 кг болған С-4727сортлы R2 әўлады туқымлық шигит өнимлерин алғаны товар-транспорт жүк
хаты менен тастыйықланады.
3
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы Хожели районы бөлими тәрепинен өткерилген
үйрениўлер нәтийжесинде, истеги даўагердиң 11 га пахта майданларына
2025-жыл 12-26-апрель күнлери егилген шигит өнимлеринен 10%
муғдарында өнгени анықланғаны бойынша 2025-жыл 20-май күни акт
дүзилген.
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы Хожели районы бөлими хызметкери **, жуўапкер
** қатнасында 2025-жыл 22-май күни дүзилген акт мазмунында, “**”
ЖШЖнен жуўапкерге келтирилген С-4727-сортлы R2 әўладының 61,360
тонна туқымлық шигит партиясының муўапықлық сертификаты болмаған
туқымлық шигитлери фермерлерге тарқатылғаны анықланған.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодексиниң 1042-статьясы биринши бөлимине көре, аўыл хожалық
өнимлерин ҳәм туқымлықларды қабыллаў, саклаў қайта ислеў ҳәмде олардан
пайдаланыў тәртибин, сондай-ақ, агросаноат комплекси тараўында
технологиялық процесслер талапларын бузыў - базалық есаплаў муғдарының
он бес барабарынан жигирма барабары муғдарында жәрийма салыўға себеп
болады.
Сертификаты болмаған туқымлық шигит өнимлери фермерлерге
тарқатылған жағдайы бойынша жынаят ислери бойынша Хожели районы
судының 2025-жыл 12-июнь күнги 3-2307-2502/779(3-2307-2502/749)-санлы
қарары менен истеги жуўапкер "**" ЖШЖниң баслығы - ҳуқықбузар **қа
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодексиниң 74-статьясы екинши ҳәм 1042-статьясы биринши бөлимлерине
тийкар ҳәкимшилик жәриймасы қолланылған.
Тарқатылған туқымлық шигитлерин егин майданларына егиў ушын
даўагер тәрепинен жәми 44 383 976,9 сомлық қәрежет сарпланғаны,
нәтийжеде өнимдарлық 10% муғдарында келип шыққаны себепли палата
зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасын судқа берген.
ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир
шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Өзбекстан Республикасы «Туқымшылық ҳаққында»ғы Нызамның 23статьясы биринши, үшинши бөлимлерине муўапық, егиў ушын
пайдаланатуғын
туқымлар
сертификатластырылыўы
лазым
ҳәмде
туқымларды сертификатластырыў техникалық жақтан тәртипке салыў
тараўындағы норматив ҳүжжетлер тийкарында Өзбекстан Республикасы
Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен
қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.
Усы Нызамның 26-статьясы биринши бөлимине көре, туқымлықларды
реализациялаўға олардың генетикалық (сорт) ҳәм егислик сапалары
көрсетилген муўапықлық сертификаты бар болған жағдайда жол қойылады.
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы
4
Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайының сәнеси
көрсетилмеген мағлыўматында (судқа 2025-жыл 28-октябрь күни кирис
болған) С-4727-сортлы R2 әўладына тухымлық шигит 5-партиясына 2025жыл 10-июнь күни муўапықлық сертификаты рәсмийлестирилгени
тастыйықланады.
Жуўапкер тәрепинен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилмеген
туқымлық шигит онимлериниң тарқатылғаны даўа арзаның зыян талабын
өндириўге тийкар болмайды. Себеби тухымлық шигит өнимлериниң
әмелдеги норма талапларына жуўап бермейтуғыны рәсмий тәртипте
анықланбаған. Сондай-ақ, даўагер жуўапкерден 660 кг туқымлық
шигитлерин ҳуқыйқый мүнәсибетке кирискен ҳалда шәртнама тийкарында
алмаған, яғный шәртнама шәртлери бойынша жуўапкершилик мәселеси
шешилмеген.
Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
“Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында”ғы
Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 2-бәнтине муўапық, Өзбекстан
Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары - палата
ағзаларының мәпиндеги даўа арзалары жүзесинен мәмлекетлик бажыдан азат
етилген.
Бирақ усы 9-статьясының екинши бөлиминде, усы статьяның биринши
бөлиминиң 2, 143, 20, 21, 221 ҳәм 29-бәнтлеринде көрсетилген шахслардың
талапларын қанаатландырыў толық яки қысман қанаатландырыўсыз
қалдырылғанда, мәмлекетлик бажы сол шахслардан талапларының
қанаатландырыўсыз қалдырылған муғдарында пропорционал рәўиште
өндириледи.
Сондай-ақ, усы Нызамның 19-статьясы 24-бөлиминде, мәмлекетлик
бажы мәпи қорғалған шахстан өндирилиўи белгиленген.
Даўа талабының 2% есабынан 887 679,53 сом мәмлекетлик бажы
даўагерден мәмлекет бюджетине ҳәмде даўагерден Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозиты есабына видеоконференция байланысы ушын
103 000 сом суд қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"**" ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 887 679,53 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
"**" ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты
есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
5
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов