← Назад
Решение #2850225 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2108-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 7 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили **** (2025 жыл 3 январь күнги 20-27/01-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкерден баслық **** (2023 жыл 17 март күнги 1-санлы
бүйрық тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер Өзбекстан Республикасы
**** АЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги
шекленген жәмийетинен 45 512 818 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызын,
34 487 182 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 516 859,82 сом
мүддетли процент қарызын, 9 911 429,68 сом мүддети өткен процент қарызын,
жәми 90 428 289,5 сом кредиттен қалдық қарызларын ҳәм төленген почта
қәрежетин өндириў, өндириўди гиреў мүлклерине қаратыў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша исти Нөкис районлар аралық экономикалық суды
имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер
Өзбекстан Республикасы **** АЖ (буннан кейин текстте – даўагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген
жәмийети (буннан кейин текстте -жуўапкер деп жүритиледи)нен 45 512 818
сом мүддетли тийкарғы кредит қарызын, 34 487 182 сом мүддети өткен
тийкарғы кредит қарызын, 516 859,82 сом мүддетли процент қарызын,
9 911 429,68 сом мүддети өткен процент қарызын, жәми 90 428 289,5 сом
кредиттен қалдық қарызларын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў,
өндириўди гиреў мүлклерине қаратыўды сораған даўа арзасы менен
экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, 2025
жыл 7 ноябрь күнги 1313-15/5354-санлы мағлыўматнамасын судқа усынып,
жуўапкер тәрепинен жүзеге келген қарыздарлық бүгинги күн жағдайына
сөндирилместен керисинше өскенлигин, өндириўди гиреў шартнамасында
белгиленген баҳадағы мүлклерге қаратыўды билдирип, даўа арзасын
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабы болған кредит
қарыздарлығын тән алатуғынлығын кредит қарыздарлықларын процентлери
менен бирге төлеў шараларын көрип атырғанлығын гиреўге қойылған
мүлклердиң баҳаларына наразылығы жоқ екенлигин билдирип, нызамлы
шешим қабыл етиўди сорады.
Палата суд мәжилисине тийисли тәртипте шақыртылған болыўына
қарамастан келмеди.
Истиң көрилетуғынлығы ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының үшинши
бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған палата суд мәжилисине келмесе, даўа олардың
жоқлығында ҳал қылыныўы мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан, суд исти олардың ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриў
мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм
ўәжлерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди уйренип шығып,
даўа арза талапларын төмендегилерге тийкарланып қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте
– ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып,
миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы
кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер ортасында 2024 жыл 9 август
күни 47-санлы кредит шәртнамасы (буннан кейин текстте – Шәртнама деп
жүритиледи) дүзилген.
Шәртнамаға тийкар жуўапкерге 84 ай мүддетке, 6 ай жеңиллик дәўири
менен жәми 100 000 000 сом муғдарында, жыллық 17,5% ставкада кредит
ажыратылған.
Бул жағдайда даўаның талабы кредит шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши
тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм
шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса
алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў
миннетлемесин алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық ажыратылған 100 000 000
сом кредит қаржысының 50 000 000 сомы усақлап сатыў саўдасын
раўажландырыў ушын, ал қалған 50 000 000 сомы музқаймақ ислеп шығарыў
үскенесин ҳәм хожалық техникаларын сатып алыў мақсетинде айланба
қаржысын толтырыў ушын ажыратылған.
Шәртнамаға муўапық жуўапкер кредит қаржыларынан белгиленген
тәртипте ҳәм мақсетте пайдаланыў сондай-ақ шәртнаманың ажыралмас бөлеги
болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 4.2.-бәнтинде жуўапкер кредиттен пайдаланғанлығы
ушын процентлер кредит суммасы қарыз алыўшынын есап-бетине өткерилген
сәнеден баслап есапланады ҳәм қарыз алыўшы тәрепинен кредиторға ҳәр ай
төлениўи лазым болған кредитти оған есапланған процентери менен бирге
қайтарыў графиги (кестесине) муўапық төлеп барылатуғынлығы белгиленген.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Жоқарғы хожалық суды
Пленумның «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын мәжбүриятлар
орынланыўын
тәмийинлеў
ҳаққындағы
пуқаралық
ҳүжжетлерин
қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 2006-жыл 22-декабарь күнги
13/150-санлы қарарының 11-бәнтине тийкар Өзбекстан Республикасы
Пуқаралық кодексиниң 327-статьясында көрсетилген пайызлар кредит
қаржыларының тийисли суммасына ҳәм усы каржылардан пайдаланғанлық
ушын пайызлар төленеди деп түсиник берилген.
ПКниң 327-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық,
басқа шахслардың пул қаржыларын нызамсыз услап қалыў, оларды қайтарып
бериўден бас тартыў, оларды төлеўди басқаша тәризде кешиктириў ямаса
басқа шахс есабынан тийкарсыз алыў яки топлаў нәтийжесинде олардан
пайдаланғанлық ушын усы қаржылар есабына пайыз төлениўи керек.
Процентлер муғдары кредитор жасайтуғын жерде, кредитор юридик
шахс болғанында болса, оның жайласқан жеринде пул мәжбурияты яки оның
тийисли бөлими орынланған күнде бар болған банк пайызының есап ставкасы
менен белгиленеди.
Буннан тысқары тәреплер ортасында 2024 жыл 10 сентябрь күни 1-санлы
кредит қаржысының есабына сатып алынған хожалық техника ҳәм
ўскенелерди гиреўге қойыў бойынша гиреў шәртнамасы дүзилген.
Гиреў шәртнамасының 1.2-бәнтине көре гиреўге қойыўшы гиреў менен
тәмийнленген миннетлемесин орынламаған яғный лазым дәрежеде
орынламаған жағдайда, өндириўди гиреўге алыўшы бул миннетлеме бойынша
гиреўге қойыўшы тәрепинен гиреўге қойылған музқаймақ ислеп шығарыў
үскенесин ҳәм хожалық техникаларына қаратыўға ҳақлы болатуғынлығы
көрсетилген.
ПКниң 279-статьясына тийкар, гиреўге алыўшының (кредитордың)
талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен
тәмийинленген мәжбүриятты өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған
яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда гиреўге қойылған мал-мүлкине
қаратыў мүмкин.
Сондай-ақ кредит шәртнамасының 16-бәнтине муўапық кредиттен
мақсетсиз рәўиште пайдаланғанлығы ушын ҳәр қандай дәўирде кредитти
мүддетинен алдын өндириў көрсетилген.
ПКниң 736-статьясының екинши хатбасында егер қарыз шәртнамасында
қарызды қысымлап (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз
алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти
бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың қалған барлық суммасын тийисли
процентери менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақлы.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025 жыл 29 сентябрь күнги
1313-15/4934-санлы банк мағлыўматына көре жәми 90 428 289,5 сом
қарызлары жүзеге келген.
Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште сөндириў бойынша жуўапкерге
жиберилген талапнамалары жуўапсыз қалдырылған.
Сонлықтан Палата кредит қарыздарлығын ҳәм оған есапланған процент
қарыздарлықты өндириў, өндириўди гиреўге қойылған мүлклерге қаратыў
бойынша даўа талаплары менен судқа мүрәжат еткен.
Иске қосылған ҳүжжетлерге тийкар суд, даўа талапларын тийкарлы деп
есаплап, қанаатландырыўды мақул табады.
Буннан тысқары ЭПКның 118-статьясыныӊ биринши бөлимине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп
көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде, улыўма
қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып шыққан
тәреп төлейди деп түсиник берилген.
Даўагер ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қарежетин төлеген.
Сонлықтан суд, банк тәрепинен усынылған ҳүжжетлерди итибарға алған
жағдайда, суд даўаның талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
банк пайдасына 45 512 818 сом мүддетли тийкарғы кредит қарызын,
34 487 182 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 516 859,82 сом
мүддетли процент қарызын, 9 911 429,68 сом мүддети өткен процент қарызын,
жәми 90 428 289,5 сом кредиттен қалдық қарызларын өндириў, өндириўди
гиреў мүлклерине қаратыў ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди, исти көриў нәтийжеси менен республика бюджети пайдасына
1 808 565,79 сом мәмлекетлик бажы өндириўди ҳәм материаллық
жуўапкершиликке тартыў бойынша айырықша уйғарыў шығарыўды лазым
тапты.
Анықланған жағдайларға тийкар ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза талаплары қанаатландырылсын.
Жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы **** АЖниң пайдасына 45 512 818 сом мүддетли тийкарғы
кредит қарызы, 34 487 182 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы,
516 859,82 сом мүддетли процент қарызы, 9 911 429,68 сом мүддети өткен
процент қарызы, жәми 90 428 289,5 сом кредиттен қалдық қарызлары ҳәм
төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Өндириўди гиреў мүлклери болған музқаймақ ислеп шығарыў үскенеси
ҳәм хожалық техникаларына қаратылсын.
Жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 1 808 565,79 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Айырықша уйғарыў шығарылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева