Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1560 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 98ecf636-999b-4675-85c6-15d954d54eda Claim ID PDF Hash d4b47bc002513c02... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1560-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 07 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер акционерлик коммерциялық "ХХХХХ" мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 35 833 337 сом тийкарғы кредит қарызын, 3 083 654 сом пайыз, жәми 38 916 991 сом кредит қарыздарлығын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер акционерлик коммерциялық "ХХХХХ" (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 35 833 337 сом кредит қарызын, 3 083 654 сом пайыз, жәми 38 916 991 сом кредит қарыздарлығын ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Палата даўа арзасында исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған. Даўагер ҳәм жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти Палата, даўагер, жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арза талабын қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2023 жыл 19 декабрь күни 585Y000231-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге энергия тежеўши қуяш панельлерин сатып алыў ушын бес жыл мүддетке, жыллық Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы +3% төлеў шәрти менен 45 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. 1 ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 744-статьясының үшинши бөлимине тийкар егер усы параграфтың қағыйдаларында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса ҳәм ол кредит шәртнамасының мазмунынан келип шықпаса, кредит шәртнамасының қатнасықларына усы баптың 1-параграфының қағыйдалары қолланылады. ПК 41-бап, 1-параграфы, 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. ПКниң 736-статьясының 2-бөлиминде қарыз шәртнамасында қарызды бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап қылыўға ҳақылы. Кредит шәртнамасының 1.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 5.1.6- бәнти “g”- бәнтинде қарыздар тәрепинен усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланған кредиттиң төлеў кестеси турақлы түрде бузылғанда, яғный кредит ҳәм оған есапланған пайызларды төлеў мүддети кешиктирилгенде, төлеў мүддети кешиктирилген қарыздарлықларды төлеў бойынша хабарнама (талапнама, ескертиў хаты) усынылғаннан кейин хабарда белгиленген мүддетте төленбеген жағдайда ҳәм яки кредит төлемлери он еки ай даўамында еки яки оннан артық мәрте кешиктирилгенде кредит қаржысын мүддетинен алдын өндириў ҳүқықы бар екенлиги белгиленген. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбағанлығы себепли Палата судқа даўа арза менен мүражат етип, даўа арзасында 35 833 337 сом (соннан 3 333 332 сом 114 күнге кешиктирилген мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы)кредит қарызын, 3 083 654 сом пайыз, жәми 38 916 991 сом кредит қарыздарлығын өндириўди сораған. Даўагер тәрепинен жиберилген талапнамаға жуўап берилмеген ҳәм кредит қарыздрлық төленбеген. Банктиң 2025 жыл 07 ноябрь халатына берген 05/01-765-санлы мағлыўматнамасында жуўапкердиң 35 833 337 сом (соннан 3 333 332 сом 150 күнге кешиктирилген мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы) тийкарғы кредит қарызы, 3 686 978 сом пайыз, жәми кредит қарыздарлығы 39 520 315 сом 2 қурайтуғынлығы көрсетилген, яғный даўа арза судқа келип түскеннен кейин кредит қарыздарлығы өскен. Бул жағдайда даўа арзаның кредит қарыздарлығын мүддетинен алдын, мүддети өткен тийкарғы қарызын ҳәм пайыз қарыздарлығын өндириў талабын толық қанаатландырылыўы лазым. ЭПК 118-статьясының бесинши бөлимине муўапық даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди деп көрсетилген. Исти көриў нәтийжеси менен, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 35 833 337 сом тийкарғы кредит қарызын, 3 083 654 сом пайыз, жәми 38 916 991 сом кредит қарыздарлығын ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 778 339,82 сом мәмлекетлик бажы өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен есабынан акционерлик коммерциялық "ХХХХХ" пайдасына 35 833 337 сом тийкарғы кредит қарызы, 3 083 654 сом пайыз, жәми 38 916 991 сом кредит қарыздарлығы ҳәм 41 200 сом төленген почта қәрежети өндирилсин. "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 778 339,82 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3 4