Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2047 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID da8e493f-bf54-409d-b5e4-eebdd0815c8b Claim ID PDF Hash 26fc071697ff452d... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2047-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025 жыл 7 ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының аға жәрдемшиси ****тың, даўагер ўәкили жәмийет бас есапшысы **** (2025 жыл 7 ноябрь күнги 27-санлы исеним хат тийкарында) жуўапкер ўәкили шөлкемниң ҳуқықмәсләҳәтшысы **** (2025 жыл 28 октябрь күнги 180-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң, жуўапкер Нөкис қаласы ****нен 176 955 000 сом тийкарғы қарызын, 88 477 500 сом пеня, мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин ѳндириў ҳаққындағы даўа арзасын қосымша ҳүжжетлери менен бирге экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер **** (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен 176 955 000 сом тийкарғы қарызын, 88 477 500 сом пеня, мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин ѳндириўди сораған. Судтың 2025 жыл 14 октябрь күнги уйғарыўы менен ис бойынша даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық басқармасы иске тартылған. Уйғарыў нусқасы Нөкис қаласы прокуратурасына жиберилген. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, тәреплер ортасында дүзилген шәртнама бойынша жуўапкерге дизель жанылғысы өнимлери жеткерип берилгенлигин, бирақ жуўапкер пулын төлемегенлигин сондай-ақ, 2025 жыл 7 ноябрь күнги 28-санлы арзасын судқа усынып, даўаның тийкарғы қарызын толығы менен өндирип бериўди, даўаның пеня бөлегинен ўаз кешетуғынлығын билдирип, даўа арзаны қсман қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның талапларын тән алатуғынлығын, даўа арза судқа келип түскеннен кейин 50 000 000 сом қарыздарлығын төлегенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Прокурор суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл етиў бойынша пикир билдирди. Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылғанлығы почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда тәреплер ортасында 2024 жыл 30 январь күни 9-санлы, 2025 жыл 29 январь күни 13-санлы өним жеткерип бериў (дизель жанылғысы) шәртнамалары дүзилип, усы шәртнамалардың шәртлерине муўапық «өним жеткизип бериўши» «сатып алыўшы»ға дизель жанылғысы өнимлерин жеткизип бериў, «сатып алыўшы» болса усы ѳнимди қабыл етип алыў ҳәм ҳақысын тѳлеў миннетлемелерин алған. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў шәртнамасынан (буннан кейин – Шәртнама деп жүритиледи) келип шыққан. ПКниң 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық басқармасы Нөкис қаласы Қазнашылық хызмети бөлими тәрепинен берген мағлыўматқа көре, шәртнамалар мәмлекетлик дизимнен өткерилмегенлиги, сондай-ақ, коммерциялық банкте ашылған есап-бетлеринде рәсмийлестирилген шәртнамалар мәмлекетлик дизиминен өткерилмейтуғынлығы ҳақкында түсиник берилген, бул иске қосылған 2025 жыл 7 ноябрь күнги 01-35-401/3102-32/139-санлы мағлыўматнама менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 27 сентябрь күнги 3953-санлы “Мәмлекетлик саўда ҳақкында“ғы Нызамды әмелге асырыў исиләжлары ҳақкындағы Қарарына муўапық, Мәмлекет бүйыртпашылары тәрепинен туўрыдан-туўры шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) ҳаққындағы Қарардың 22-бәнтинде нәзерде тутылған бензин, сүйылтырылған ҳәм сығылған газ, дизель жанылғы ҳәм көмир өнимлери бойынша (жумыслар, хызметлер) бойынша шәртнамалар туўрыдан-туўры дүзилетуғынлығы көрсетилген. Тәреплер ортасында дүзилген 2024 жыл 30 январь күни 9-санлы шәртнама бойынша баҳасы жәми 589 999 760 сом, 2025 жыл 29 январь күни 13-санлы шәртнама бойынша баҳасы 1 250 000 000 сом болып белгиленген. Шәртнамалар шәртлерине көре өним (дизель жанылғысы) ушын алдыннан 100% төлемлер банк есап-бетлерине пул өткериў жоллары менен әмелге асырылыўы керек екенлиги көрсетилген. Иске қосылған ҳүжжетлерден анықланыўынша даўагер тәрепинен жәми 930 178 400 сом муғдарында дизель жанылғысы жеткерилип берилип, соннан жуўапкер тәрепинен 753 223 400 сом муғдарында төлемлер төленип қалдық 176 955 000 сом қарыздарлық төленбестен жүзеге келген. Бул иске қосылған шәртнамалар, есап-бети фактуралары, акт ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Анықланған жағдайларға қарағанда даўагер тәрепинен шәртнамалар шәртлери орынланып, жуўапкер тәрепинен төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмағанлығы себепли, 176 955 000 сом қарыздарлық жүзеге келген. ПКниң 449-статьясының биринши бөлимине тийкар сатып алыўшы жеткизип берилетуғын товарлар ҳақысын шәртнамада нәзерде тутылған есап-китаплар тәртиби ҳәм формасына әмел қылған ҳалда төлейди. Буннан тысқары шәртнамалардың үшинши бөлимлерине тийкар, жуўапкер төлемлерди кешиктирген ҳәр бир күн ушын 2% муғдарында, төлем суммасының 50% аспаған муғдарда пеня төленетуғынлығы көрсетилген. Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў бойынша жуўапкерге жиберилген талапнамалар жуўапсыз қалдырылып, қарыздарлық төленбестен келинген. Сонлықтан даўагер қарыздарлықты ҳәм оған есапланған пеняны өндириў талаплары менен судқа мүрәжат еткен. Сонлықтан, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 176 955 000 сом тийкарғы қарызын, 88 477 500 сом пеня өндириў талапларын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мǝжбүриятларды орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса жуўап береди. Даўагерис бойынша алдыннан мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин төлеген. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2020жыл 19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў суд әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарарының 6.3-бәнтине муўапық, экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти тәрепинен белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер тәрепинен төленген сумма менен шекленеди. Мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниң мәплерин гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырылған ямаса қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден улыўма тийкарларда өндириледи. Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъектине мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси бойынша тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи. Баян етилгенлерге тийкар, даўа арза судқа келип түскеннен кейин жуўапкер тәрепинен қарыздарлық қысман төленгенлигин, даўагердиң даўаның пеня бөлегинен ўаз кешкенлигин итибарға алып, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 126 955 000 сом тийкарғы қарызын, 884 775 сом мәмлекетлик бажы ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның пеня бөлегинен ўаз кешкенлиги себепли, 1 769 550 сом мәмлекетлик бажыны даўагер мойнында қалдырыўды, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер ****нен **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 126 955 000 сом тийкарғы қарызы, 884 775 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириўи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Г.Арзиева