Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1577 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 22ae858f-16a7-448c-8295-5a426e2c0368 Claim ID PDF Hash 9a2114bd08e50f0f... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2403/1577-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2024 жыл 07 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бөлимшеси юрисконсульты ХХХХХ (2025 жыл 22 январьдаги ЖЕ-02-06/129-14-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 15 963 436,52 сом тийкарғы қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети(буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 15 963 436,52 сом тийкарғы қарыздарлықты өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлады. Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 170статьясына тийкар жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди лазым табады. Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты шәртнамасынан келип шыққан. Ис ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында 2025 жыл 04 январь күни 25/5757-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 15 963 436,52 сом қарызы пайда болған. 1 ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбүриятын алады. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнама, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. Даӯагер тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 14 октябрь күни талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық төленбеген. Салыстырыӯ далалатнамасына қарағанда жуӯапкердиң мүддети өткен қарыздарлығы 2025 жыл 14 октябрь халатына 15 963 436,52 сомды қураған. «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бөлиминиң 2025 жыл 07 ноябрь күнине берилген мағлыӯматнамасында жуӯапкер тәрепинен 15 963 436,52 сом қарыздарлығы төленбегенлиги көрсетилген. Сонлықтан, суд 15 963 436,52 сом қарыздарлықты өндириӯди мақул тапты. ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 15 963 436,52 сом тийкарғы қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежетин ҳәм Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына 15 963 436,52 сом тийкарғы қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 2 Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3