Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1452 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 31530967-bfaf-4193-935f-8e99d83aa4a2 Claim ID PDF Hash 7fcf7a133cb1e37f... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
судья З.Хасанова 4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 07 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 20 май күнги 14-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили адвокат ХХХХХХ (2025 жыл 21 октябрь күнги 160-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасыныӊ даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети мәпин қорғап жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 9 503 232 756,60 сом тийкарғы қарыз, 475 161 636,40 сом пеня, жәми 9 978 394 393 сом қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниӊ мәпин қоргап, жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 9 503 232 756,60 сом тийкарғы қарыз, 475 161 636,40 сом пеня, жәми 9 978 394 393 сом қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиныӊ (буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)157-статьясында даўагер исти биринши инстанция судында көриў ўакытында ҳал қылыў қарары қабыл етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўәз кешиўге ҳақылы делинген. Даўагер судқа 2025 жыл 28 октябрь күнги 01/06-20645-санлы қосымша даўа арза усынып, даўа талапларын кемейтиўди ҳәм жуўапкерден 3 664 608 020,60 сом тийкарғы қарызы, 228 534 918,18 сом пеня, жәми 3 893 142 938,78 сомды өндириўди сораған. Судтың 2025 жыл 28 октябрь күнги уйғарыўы менен қосымша даўа арза ис жүритиўге қабыл етилген. Суд мәжилисине қатнасқан даўагер ўәкили даўа арза талабын қоллапқуўатлады. Суд мәжилисине қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талабын тән алып, жәмийеттиң финанслық жағдайына байланыслы қарыздарлықты белгиленген график бойынша төлеў имканияты болмағанлығын билдирип, пеня муғдарын кемейтиўди сорады. 1 Суд ис бойынша тәреплердиң түсиниклерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң алды-сатты шәртнамасы (буннан кейин текстте – шәртнама деп жүритиледи)нан келип шыққан. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКның 386-статьясының биринши бөлимине тийкар алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) екинши тәрепке (сатып алыўшыға) товарды өз мүлки етип тапсырыў, ал сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгили муғдарда пул (баҳа) төлеў миннетлемесин алады. Ис ҳүжжетлеринен анықланыўынша, даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети ҳәм жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети орталарында 2022 жыл 01 март күни 05-санлы әспәб-үскенелерди сатыӯ шәртнамасы (буннан кейин текстте шәртнама деп жүритиледи)дүзилген. Усы шәртнамаға муўапық даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети тәрепинен жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Кегейли районы, “Алтын тала” АПЖда жайласқан «Б.Каримбердиев», «Шымбай», «Кенес» пахта қабыл қылыў пунктлеринде болған әспәбүскенелерди тапсырылған. Шәртнаманыӊ 2.1-бәнтине тийкар әспәб-үскенелердиң баҳасы 13 987 276 091 сом + ҚҚС 2 098 091 414 сом = 16 085 367 505 сомды қурайтуғынлығы белгиленген ҳәм 2022 жыл январь айынан баслап 2027 жыл март айына шекем төлеў графиги тастыйықланған. 2024 жыл 22 сентябрь күни тәреплер тәрепинен шәртнамаға 4-санлы қосымша келисим дүзилип, төлеў мүддети 2028 жыл март айына шекем узайтырылған, қарыздарлық қысман төленгенлиги себепли, қалған 10 382 941 620 сомды төлеўдиң жаңа график тастыйықланған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынламастан, 2025 жыл январь айы ушын 840 474 674 сом, февраль, март, апрель, май, июнь айлары ушын ҳәм айда 300 000 000 сомнан, июль айы ушын 1 100 000 000 сом, август айы ушын 224 133 346,60, жәми 3 664 608 020,60 сом қарыздарлығы пайда болған. Сонлықтан, суд даӯа арзаның 3 664 608 020,60 сом тийкарғы қарыздарлықты өндириӯ талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыӯы лазым деп есаплайды. 2 ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди деп түсиник берилген. Усы Нызамыныӊ 32-статьясында жеткерип берилген товарлар (ислер, хызметлер) ҳакысын өз ўақытында төлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпа бериўши) жеткерип бериўшиге өткерип жиберген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлеў суммасыныӊ 0,4% муғдарында, бирақ, кешиктирилген төлем суммасыныӊ 50% артық болмаған муғдарда пеня төлейди деп белгиленген. Палата даўагер мәпинде берилген даўа арзасында 228 534 918,18 сом пеня өндирилиўи соралған. Шәртнаманың 6.1-бәнтинде сатып алыўшы шәртнамада көрсетилген төлеў графиги бойынша миннетлемелерин орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда сатыўшыға кешиктирилген ҳәр бир күн ушын миннетлемениң орынланбаған бөлегиниң 0,4% муғдарында пеня төлейди, бирақ пеняның муғдары орынланбаған миннетлеме суммасының 50 % асып кетпеўи керек екенлиги белгиленген. Жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери орынланбаған. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007 жыл 15 июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, Пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Пеня талабы тийкарлы. 3 Бирақ, суд даўагердиӊ қарздарлықты өндириў шараларын көрмегенлигин ҳәм пеня өсиӯине жол қойылғанлығын итибарға алып, пеня муғдарын кемейтиӯди ҳәм 60 000 000 сом пеня өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6-январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 9 статьясы биринши бөлими 2бәнтинде Саўда-санаат палатасы даўалар менен судқа мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилгенлиги белгиленген. Нызамының 9 статьясы екинши бөлиминде усы статья биринши бөлиминиң 2, 143, 20, 21, 221 ҳәм 29-бәнтлеринде көрсетилген шахслардың талапларын толық ямаса бир бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы усы шахслардан талаплардың қанаатландырылыўсыз қалдырылған муғдарына пропорционал түрде өндирилетуғынлығы, Нызамының 19 статьясы жетинши бөлиминде даўагер тәрепинен даўа талаплары кемейттирилгенде, төленген мәмлекетлик бажы қайта есапланбайтуғынлығы белгиленген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 3 664 608 020,60 сом тийкарғы қарыз, 60 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине 77 831 476,26 сом мәмлекетлик бажы (өндирилиўи лазым болған 199 567 887,86 сом мәмлекетлик бажының 39%) өндириўди, даўагерден кемейтирилген даўа талабы бойынша 121 736 411,60 сом (өндирилиўи лазым болған 199 567 887,86 сом мәмлекетлик бажының 61%) мәмлекетлик бажы өндириўди, даӯаның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан "ХХХХХ" акционерлик жәмийети пайдасына 3 664 608 020,60 сом тийкарғы қарыз, 3 000 000 сом пеня, ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет пайдасына 77 831 476,26 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 4 "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет пайдасына 121 736 411,60 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарар нызамлы күшине киргеннен соӊ орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья: З.Хасанова 5