← Назад
Решение #2850619 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2225-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 7 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкиллери жәмийет директоры ***** (2024 жыл 8 февраль күнги 1-санлы
бүйрық тийкарында), ўәкили **** (2025 жыл 01-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили жәмийет бас есапшысы **** (2025 жыл 7
ноябрь
күнги
исеним
хат
тийкарында)лардың
қатнасыўында,
даўагер Наманган ўәлаяты **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң,
жуўапкер Тахиаташ районы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
13 500 000 сом тийкарғы қарыз, 5 211 000 сом пеня, жәми 18 711 000 сом
қарыз, төленген мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы
даўа арзасын қосымша ҳүжжетлери менен бирге қозғатылған экономикалық
исти судтың өз имаратында видеоконференция байланыс режими арқалы
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте - даўагер деп жүритиледи), жуўапкер **** жуўапкершилиги
шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен
13 500 000 сом тийкарғы қарыз, 5 211 000 сом пеня, жәми 18 711 000 сом
қарыз, төленген мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы
даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Суд мәжилисинде даўагер директоры ҳәм ўәкили жуўапкер менен
ортасында дүзилген алды-сатты шәртнамаға көре, қурылыс жумысларын алып
барыў ушын асфальт тегислеўши мини дорожный каток «VR 850» маркалы
автотранспорт қуралын жеткерилип бергенлигин, бул бойынша
тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин иске қосқанлығын, сонлықтан төлениўи керек
болған төлемлерди өндириў бойынша даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа
арзасын қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде даўа арза талабын толығы менен тән
алатуғынлығын, даўаның пеня бөлеги бойынша төлеў имканиятының төмен
жағдайда екенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм
ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық,
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм
атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң
басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте –
ПК деп жүритилединиң)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып,
миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы
Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады.
Иске қосылған ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында
2024 жыл 13 май күни 3-санлы алды-сатты шәртнамасы (буннан кейин текстте
– Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Бул жағдайда тәреплердиң мәжбүриятлары алды-сатты шәртнамасынан
келип шыққан.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 386-статьясына көре алды-сатты шәртнамасы бойынша бир
тәреп (сатыўшы) товарды басқа тарепке (сатып алыўшыға) товарды қабыл
етип алып бул ушын белгиленген пул сумммасы (баҳа)сын төлеў
мәжбүриятын алады делинген.
Шәртнама шәртлерине тийкар қурылыс жумысларын алып барыў ушын
асфальт тегислеўши мини дорожный каток «VR 850» маркалы автотранспорт
қуралын жеткерип бериў, жуўапкер жеткерилип берилген автоқурал ушын
белгиленген муғдарда ҳәм мүддетлерде буның ушын баҳасын төлеў
миннетлемелерин алған.
Шәртнама бойынша автотранспорт қуралының баҳасы 42 000 000 сом
болып белгиленген.
ПК 449-статьясының биринши бөлимине тийкар сатып алыўшы
жеткизип берилетуғын товарлар ҳақысын шәртнамада нәзерде тутылған есапкитаплар тәртиби ҳәм формасына әмел қылған ҳалда төлейди.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери
орынланып, жеткерилип берилген автоқурал ушын жуўапкер тәрепинен 2024
жыл 17 май күни 129-санлы төлем тапсырықнамасы менен 8 500 000 сом, 2024
жыл 19 август күнги ҳәм 2024 жыл 9 сентябрь күнги төлем тапсырықнамалары
менен жәми 20 000 000 төленип, төлемлер лазым дәрежеде әмелге
асырылмағанлығы себепли қалдық 13 500 000 сом қарыздарлық жүзеге келген,
бул иске қосылған шәртнама, есап-бети фактурасы, салыстырыў акти, төлем
тапсырықнамалары ҳәм тәреплердиң суд мәжилисинде билдирген
көрсетпелери менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 72-статьясында, нызамшылыққа
муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары
басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Шәртнама шәртлерине көре автоқурал ушын алдыннан 100% төлемлер
әмелге асырылыўы, төлемлер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын 0,2%
муғдарында жәми қарыздарлықтың 50% аспаған муғдарда пеня
төленетуғынлығы белгиленген.
Анықланған жағдайларға қарағанда жуўапкер алынған автотранспорт
қуралы ушын төлемлерди лазым дәрежеде әмелге асырмағанлығы
тастыйықланады.
Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў бойынша жуўапкерге
жиберилген 2025 жыл 30 июнь күнги талапнамасы жуўапсыз қалдырылған.
Сонлықтан даўагер қарыздарлықты ҳәм оған есапланған пеня өндириў
талаплары менен судқа мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасының “Хожалық жүритиўши субъектлер
искерлигиниң шәртнамалық ҳуқықый базасы тўўрысында”ғы Нызамының 7статьясына тийкар дүзилген хожалық шәртнамалары бойынша мойнына алған
мәжбүриятларды өз ўақтында ҳәм тийисли тәртипте орынлаўы шәрт екенлиги
белгиленген.
Жоқарыдағыларға көре суд, даўа талабын тийкарлы деп есаплап,
қанаатландырыўды мақул табады.
ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда
миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер
Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени
қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң
мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги
көрсетилген.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына
ийе.
Суд даўагердиӊ қарыздарлықты өз ўақтында өндириў иләжларын лазым
дәрежеде көрмегенлигин, пеняның өсиўине жол қойғанлығын итибарға алып,
даўаның пеня өндириў бөлегин қысман 800 000 сом пеня өндириўди, пеняның
қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы
бөлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде, улыўма
қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып шыққан
тәреп төлейди деп түсиник берилген.
Шешиўши қарар өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы өндириў ҳаққындағы
талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде
белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған жағдайда суд тәрепинен кемейтирилген
болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған жағдайда
ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан жағдайда,
суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 824 000 сом мәмлекетлик
бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети төленген.
Сол себепли суд, даўа талапларын қысман қанаатландырыўды
жууапкерден даўагер пайдасына 13 500 000 сом тийкарғы қарызын, 800 000
сом пеня ҳәм алдыннан төлеген 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом
почта қәрежетин ҳәм экономикалық ис видеоконференция байланыс режими
арқалы көрилгенлиги себепли, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
пайдасына 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди, даўаның қалған пеня
өндириў бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер тәрепинен артық
төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажыны бюджеттен қайтарыўды мақул
табады.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын.
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен **** жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң пайдасына 13 500 000 сом тийкарғы қарызы, 800 000
сом пеня ҳәм алдыннан төлеген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
****
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен
Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды пайдасына 103 000 сом суд қәрежети
өндирилсин.
Даўагер тәрепинен артық төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы
бюджеттен қайтарылсын, мағлыўматнама берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириўи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева