Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2076 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d58498d5-4376-4622-824b-14eb751a9adb Claim ID PDF Hash b70e2337bd1a503c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2076-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025 жыл 7 ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили комитетет бөлим баслығы орынбасары **** (2025 жыл 27 октябрь күнги 01-10/4019-санлы исеним хат тийкарында) жуўапкер ўәкили жәмийет баслығы **** (2024 жыл 11 сентябрь күнги 1-санлы бүйрық тийкарда)лардың қатнасыўында, арза бериўши ****, жуўапкер Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 18 750 000 сом муғдарында жәрийма қоллаўды ҳәм оны өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер ****ниң (буннан кейин текстте - арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип, жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи) 18 750 000 сом муғдарында жәрийма қоллаўды ҳәм өндириўди сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили жуўапкерге қарата жәрийма қолланылғанлығын, бул бойынша акт рәсмийлестирилгенлигин, жәрийма қолланыў бойынша шығарылған қарар бүгинги күнде күшинде екенлигин билдирип, даўаның талабын тийкарлы деп есаплап, оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде ҳақыйқатында да даўагер тәрепинен жәмийетти тексерип келгенлигин, ҳәм бул бойынша акт рәсмийлестирилгенлигин, сыртқы реклама конструкциясы жайластырылғаны бирақ бунын ушын рухстанама (паспорт) алмағанлығын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерин үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Анықланыўынша, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2025 жыл 11 июнь күнги истеги арза бериўшиге берилген билдирги хатына көре, Нөкис қаласында жайласқан, истеги жуўапкерге тийисли имаратының алды тәрепинде нызамсыз түрде “Стелла” сыртқы реклама конструкциясы жайластырылғаны көрсетилген. Усы хат тийкарында, даўагердиң 2025 жыл 24 июль күнги 248-XS-санлы буйрығы қабыл етилген. Буйрық тийкарында даўагер хызметкери жуўапкер шахс **** қатнасында 2025 жыл 29 июль күни тексериў өткерген. Тексериў жуўмағында жуўапкерге тийисли имаратының алды тәрепинде нызамсыз түрде “Стелла” сыртқы реклама конструкциясы жайластырылғаны анықланған. Жоқарыдағы жағдайлар бойынша даўагер тәрепинен жуўапкерге қарата әмелдеги нызамшылық талаплары бузылғанлығы белгилери бойынша ис қозғатылған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 20 февраль күнги “Сыртқы реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында”ғы 104санлы қарары менен тастыйықланған 1-қосымшасы болған “Сырткы реклама объектлерин (конструкцияларын) қурыў тәртиби туўрысында”ғы Режениң 18бәнтине тийкар, реклама объекти ийесиниң рекламасы есапланбайтуғын, базарлар (саўда орайлары), жанылғы қуйўы шақапшалары, усақлап сатыў дүкәнларында ҳәм басқада объектлерде орнатылған ҳәм қала орталығына қаратылған реклама безеўлери сырткы реклама есапланады ҳәм усы Режеге муўапық рәсмийлестирилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл 31 август күнги “Сыртқы реклама ҳәм социаллық мәлимлемелердиң айланыў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўды еледе жетилистириў исилажлары ҳаққында”ғы 428-санлы қарарының 10-бәнти 4-хат басына тийкар, юридикалық яки физикалық шахс тәрепинен басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслар ҳәмде жәмийетшиликтиң итибарын тартыў мақсетинде жайластырылған, реклама көринисине ийе болмаған, улыўма майданы бир квадрат метрден көп болған дағазалар сыртқы ҳәм мәлимлеме объектлери (конструкциялары) ретинде тән алынады ҳәмде олар ушын белгиленген тәртипте реклама орнының паспорты рәсмийлестириледи. Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”гы Нызамының 25-статьясы алтыншы бөлимине тийкар, реклама орнының паспорты болмаған жер участкаларына, имаратларға орнатылған сырткы реклама ҳәм мәлимлеме объектлери (конструкциялары) ўәкилликли мәмлекетлик органының қарарына муўапық демонтаж етилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”гы Нызамының 47-статьясы биринши бөлими 4-хат басына көре, энергитикалық ишимликлер, алкоголли ишимликлер, темеки өнимлерин ҳәмде никотинли пайдаланыў қурылмалары, пиротехника қураллары, қурал ҳәм оның өк-дәрилери, әскерий мақсеттеги өнимлер рекламасына байланыслы талапларды бузыў, сондай-ақ, сыртқы реклама ҳәм мәлимлемелерди жайластырыў тәртибин бузыў базалық есаплаў муғдарының елиў есесинде жәрийма салыўға себеп болады. Ис ҳүжжетлерине қосылған арза бериўшиниң 2025 жыл 6 август күнги 2-23-2025/86-санлы қарарында жуўапкер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 20 февраль күнги “Сыртқы реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында”ғы 104-санлы қарары менен тастыйықланған 1-қосымшасы болған “Сырткы реклама объектлерин (конструкцияларын) қурыў тәртиби туўрысында”ғы Режениң 13-бәнти 2-хат басы талабы бузылғанлығы анықланғаны себепли Өзбекстан Республикасы “Реклама ҳаққында”гы Нызамының 47-статьясы биринши бөлими 4-хат басына тийкарланып 18 750 000 сом финанс жәриймасын қолланылған. Усы қарар тийкарында берилген арза бериўшиниң 2025 жыл 18 август күнги 89-санлы Көрсетпесинде 18 750 000 сом финанслық жәрийманы төлеў усыныс етилген. Сондай-ақ, бир айлық мүддет ишинде Көрсетпениң орынланғаны ҳақкында жуўапкер мағлыўмат бериўи тийис болған. Бирақ жуўапкер Көрсетпени орынламаған. Бул жағдайда даўаның талабын қанаатландырыўға тийкарлар бар. Солай етип, суд даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерге 18 750 000 сом жәрийманы қоллаўды ҳәм жәрийманы арза бериўши пайдасына өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Суд исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги 412 000 сом мәмлекетлик бажыны ҳәм оннан даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 18 750 000 сом жәрийма қолланылсын. Қолланылған жәрийма ҳәм 41 200 сом почта қәрежети ****ниң пайдасына өндирилсин. **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар (10) он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Г.Арзиева