Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2064 Дата решения 07.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c2aee4b3-d7a8-4e16-bbd7-7b25b1c8e330 Claim ID PDF Hash 9e829d0e97cd239d... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2064-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025 жыл 7 ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиеваның басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили **** (2025 жыл 28 январь күнги 40-02/15-санлы исеним хат тийкарында) жуўапкер ўәкили жәмийет баслығы ****дың қатнасыўында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тийкарғы даўагер Өзбекстан Республикасы АКБ ***** мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы ***** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 59 656 936,18 сом мүддети өткент тийкарғы кредит қарызын, 73 010 565,33 сом мүддети өткен процент қарызын ҳәм почта қарежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Нөкис районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте - палата деп жүритиледи) тийкарғы даўагер Өзбекстан Республикасы АКБ ***** (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер ***** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен 59 656 936,18 сом мүддети өткент тийкарғы кредит қарызын, 73 010 565,33 сом мүддети өткен процент қарызын ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳақкындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, 2025 жыл 7 ноябрь күнги 25-63/3408-санлы мағлыўматнамасын судқа усынып, жуўапкер тәрепинен жүзеге келген қарыздарлық бүгинги күн жағдайына сөндирилместен керисинше өскенлигин билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабы болған кредит қарыздарлығын тән алатуғынлығын кредит қарыздарлықларын процентлери менен бирге төлеў шараларын көрип атырғанлығын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Палата судқа тийисли тәртипте шақыртылған болыўына қарамастан суд мәжлисине келмеди. Бирақ даўа арзасында исти өзлериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти олардың қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди уйренип шығып, даўа арза талапларын төмендегилерге тийкарланып қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер ортасында 2024 жыл 5 сентябрь күни 180-санлы кредит шәртнамасы (буннан кейин текстте – Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге 36 ай мүддетке, 400 000 000 сом муғдарында жыллық ставкасы 29,5 % менен кредит ажыратылған. Бул жағдайда даўаның талабы кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.4 ҳәм 4.2.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025 жыл 3 сентябрь күнги 63-1-25-63/1397-санлы банк мағлыўматына көре 59 656 936,18 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, ҳәм мүддети өткен 73 010 565,33 сом проценттен қарызлары жүзеге келген. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Жоқарғы хожалық суды Пленумның «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын мәжбүриятлар орынланыўын тәмийинлеў ҳаққындағы пуқаралық ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 2006-жыл 22-декабарь күнги 13/150-санлы қарарының 11-бәнтине тийкар Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 327-статьясында көрсетилген пайызлар кредит қаржыларының тийисли суммасына ҳәм усы каржылардан пайдаланғанлық ушын пайызлар төленеди деп түсиник берилген. ПКниң 327-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, басқа шахслардың пул қаржыларын нызамсыз услап қалыў, оларды қайтарып бериўден бас тартыў, оларды төлеўди басқаша тәризде кешиктириў ямаса басқа шахс есабынан тийкарсыз алыў яки топлаў нәтийжесинде олардан пайдаланғанлық ушын усы қаржылар есабына пайыз төлениўи керек. Пайызлар муғдары кредитор жасайтуғын жерде, кредитор юридик шахс болғанында болса, оның жайласқан жеринде пул мәжбурияты яки оның тийисли бөлими орынланған күнде бар болған банк пайызының есап ставкасы менен белгиленеди. Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште сөндириў бойынша жуўапкерге жиберилген талапнамалары жуўапсыз қалдырылған. Сонлықтан Палата кредит қарыздарлығын ҳәм оған есапланған процент қарыздарлықты өндириў бойынша даўа талаплары менен судқа мүрәжат еткен. Иске қосылған ҳүжжетлерге тийкар суд, даўа талапларын тийкарлы деп есаплап, қанаатландырыўды мақул табады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Жоқарыдағылардан келип шығып, банк тәрепинен усынылған ҳүжжетлерди итибарға алған жағдайда, суд даўаның талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына 59 656 936,18 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 73 010 565,33 сом мүддети өткен процент қарызын ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, исти көриў нәтийжеси менен республика бюджети пайдасына 2 653 350,03 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Анықланған жағдайларға тийкар ҳәм ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза талаплары қанаатландырылсын. Жуўапкер ***** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы АКБ ***** пайдасына 59 656 936,18 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 73 010 565,33 сом мүддети өткен процент қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ***** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 2 653 350,03 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Г.Арзиева