← Назад
Решение #2850814 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 07 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили “ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў район бөлимшесиниң баслығы
ХХХХХ (2024-жыл 04-октябрь күнги ЖЕ-01-11/196-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 28 август күнги 01-04/3638санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «ХХХХХ»
акционерлик жәмийетиниң, жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен
105 034 943,51 сом тийкарғы қарызы, 13 371 890,24 сом пеня, жәми
118 406 833,75 сом қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде
видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети (буннан
кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 105 034 943,51 сом тийкарғы
қарызы, 13 371 890,24 сом пеня, жәми 118 406 833,75 сом қарыздарлықты
өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа арзаны тән алып, жәмийеттиң
мүлкий жағдайына байланыслы қарыздарлықты төлеў имканияты
болмағанлығын билдирип, пеня муғдарын кемейтиўди сорады.
Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип
шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты
шәртнамасынан келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер
орталарында 2025 жыл 06 январь күни электр энергиясын жеткизип бериӯ
ҳаққындағы 182016-санлы шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер
болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң
шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық
1
өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 105 034 943,51 сом
қарызы пайда болған.
ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбүриятын алады.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнама, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен
толық тастыйыкланады.
Даӯагер тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ
бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 02 октябрь күни талапнама жиберилген.
Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық
төленбеген.
Салыстырыӯ далалатнамасына қарағанда жуӯапкердиң 2025 жыл 01
сентябрь халатына 126 135 124,53 сом мүддети өткен тийкарғы қарызы ҳәм 13
443 726,36 сом пеня қарызы қураған.
Шымбай райоанлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 04
сентябрдеги
4-2304-2504/933-санлы
шешиўши
қарарына
муўапық
жуўапкерден даўагер пайдасына 13 370 696,86 сом тийкарғы қарызы + 71
836,12 сом пеня қарызы өндирилген.
Даўагер даўа арзасында 4-2304-2504/933-санлы шешиўши қарары менен
өндирилген сумманы шегирген ҳалда жуўапкерден 105 034 943,51 сом
тийкарғы қарызы, 13 371 890,24 сом пеня, жәми 118 406 833,75 сомды
өндириўди сораган.
«ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Шуманай районлық бөлиминиң 2025 жыл 07
ноябрьдеги мағлыӯматнамасында жуўапкер қарыздарлықты төлемегени
корсетилген.
Бул халатда, даӯа арзаның 105 034 943,51 сом тийкарғы қарызды
өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым.
Сондай-ақ, даўагер даўа арзасында шәртнаманың 3.14-бәнтине муўапық
жуўапкерден қабыл етилген энергия ҳақын өз ўақтында төлемегенлиги ушын
13 371 890,24 сом пеня өндирилиўи соралған.
Пеня талабы тийкарлы.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы
2
ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама
мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда
екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди деп
түсиник берилген.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай
дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий
аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокарғы хожалық суды Пленумының 2007 жыл
15 июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
Қарарының 4-бәнтинде, Пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги
түсиндирилген.
Бирақ, пеняны толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий
аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 4 000 000 сом пеня
ондириўди макул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен
билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ
оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған
ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң
кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка
суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүклетилиўи лазым.
Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 105 034 943,51 сом
тийкарғы қарызы, 4 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин,
Республика бюджет есабына 2 368 136,68 сом мәмлекетлик бажы, ис
видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған
103 000 сом суд қарежетлерин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозит есабына өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
3
"ХХХХХ" акционерлик жәмийети есабынан «ХХХХХ» акционерлик
жәмийети пайдасына 105 034 943,51 сом тийкарғы қарызы, 4 000 000 сом пеня,
төленген 41 200 сом почта қарежетлери өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги
қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"ХХХХХ" акционерлик жәмийети есабынан республика бюджет
есабына 2 368 136,68 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
"ХХХХХ" акционерлик жәмийети есабынан Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4