Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2502/39 Дата решения 06.11.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья DAVLETOV DILMURAT IBRAXIMOVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b0e4196c-8ba3-47e2-8924-f6751ab59129 Claim ID PDF Hash 97731f10dda6f42e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2502/39-санлы экономикалық ис Биринши инстанцияда исти кѳрген судья – Д.Давлетов Кассация инстанциясында баянатшы судья – Г.Зарипова ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ УЙҒАРЫЎЫ (кассациялық шағым бойынша исти өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025 жыл 6 ноябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары У.Сабиров ҳәм А.Аяповлардан ибарат қурамда, А.Ажибековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили Т.Атабаев (2025 жыл 18 февраль күнги 07-04/256-санлы исеним хат тийкарында), қосымша жуўапкер El-k l rit” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы М.А, ўәкили-адвокат Т.А (2024 жыл 18 апрельдеги 12-санлы ордерге тийкар) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер АК “Алоқабанк” мәпин қорғап жуўапкерлер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қарсысына берген өндириўди “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң гиреўдеги мүлкине қаратыўды сораған даўа арзасы бойынша жүритилген ис жүзесинен шығарылған Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 14 март күнги шешиўши қарарына қосымша жуўапкер «БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген кассациялық шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер АК “Алоқабанк” мәпин қорғап жуўапкерлер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қарсысына даўа арза менен мүрәжат етип, пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 2-2303-2203/3157-санлы иси бойынша судтың шешиўши қарарына тийкар өндирилген 1 837 486 116 сом кредит қарызынан өндирилместен қалған 763 613 410 сом ҳәм 2-2303-2201/5531-санлы иси бойынша судтың шешиўши қарарына тийкар өндирилген 5 430 035 320 сом кредит қарызынан өндирилместен қалған 750 035 320 сомды өндириўди “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң гиреўдеги мүлкине қаратыўды сораған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 27 февральдағы уйғарыўы менен Мәжбүрий орынлаў бюросы Мойнақ районы бөлими даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 14 март күнги шешиўши қарарына тийкар даўа қанаатландырылған. Суд қарарларына тийкар өндирилиўи белгиленген, бирақ өндирилмей қалған жәми 1 434 760 612 сом кредит қарызын өндириўди “БББ” жуўапкершилиги 2 шекленген жәмийетиниң гиреўге қойған Елликқала районы, “Бостан” МПЖ аймағында, Х.Дослығы көшеси, 219-жайда жайласқан жер майданы 10.000 кв.м., пайдаланыў жер майданы 1 782,85 кв.м., улыўма майданы 1016,24 кв.м. (кадастр номери 23:12:01:01:01:2276) ибарат болган имаратына қаратылған. Шешиўши қарарына наразы болып қосымша жуўапкер “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети кассация тәртибинде шағым берген. Суд мәжлисинде жуўапкер жәмийет баслығы даўагер менен өз-ара келисимге келгенлиги себепли кассациялық шағымынан ўаз кешетуғынлығын билдирип, бул ҳаққында 2025 жыл 6 ноябрь күнги арзасын усынды. Даўагер ўәкили жуўапкер менен өз-ара келисимге келгенлигин билдирди. Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, жуўапкер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм үшинши шахс Мәжбүрий орынлаў бюросы Мойнақ районы бөлими суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжлисине ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги орынларда - ЭПК деп жүритиледи) 297-статьясының төртинши бөлимине муўапық, кассация инстанция судының суд мәжилисине суд долалаўын өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар қылынған, кассациялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти олардың қатнасыўысыз қараўды лазым тапты. Судлаў коллегиясы тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, тѳмендеги тийкарларға кѳре кассациялық шағым бойынша исти өндиристен қысқартыўды лазым табады. ЭПК 298-статьясының биринши бөлимине муўапық, кассациялық шағым берген шахс исти көриў нәтийжеси менен суд ҳүжжети шығарылғанға шекем оннан ўаз кешиўге ҳақылы. ЭПК 296-статьясының биринши бөлиминиң 4-бәнтине тийкар кассациялық шағым өндириске қабыл қылынғаннан кейин шағым берген шахс тәрепинен шағымнан ўаз кешиў туўрысында арза келип түскен болса кассация инстанциясы суды кассациялық шағым (протест) бойынша исти өндиристен қысқартады. Бул жағдайда, қосымша жуўапкер “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кассациялық шағымы бойынша ис өндиристен қысқартыўға жатады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының ”Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында”ғы 2020 жыл 19 декабрь күнги қарарының 21-бәнти екинши хатбасысында апелляция, кассациялық шағымынан ўаз кешкенлиги себепли, шағым көрместен қалдырылғанда яки ис өндиристен қысқартылғанда, төленген мәмлекетлик бажы қайтарылмайды, егер шағым бериўде мәмлекетлик бажы төленбеген болса, мәмлекетлик бажы шағым берген шахстан өндириледи деп түсиндирилген. 3 Бирақ, әмелдеги нызамшылықта судтың қарарына тийкар өндирилген кредит қарызын өндириўди гиреўге қаратыў ҳаққындағы талап бойынша мәмлекетлик бажы төлениўи белгиленбеген. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти кассация инстанциясы судында көриў нәтийжеси бойынша мәмлекетлик бажы өндирмеўди, кассациялық шағым бериўде төлеген 41 200 сом почта қәрежетин қосымша жуўапкер “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мойнында қалдырыўды лазым табады. Баян етилгенлерге тийкар ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 296-статьясын қолланып, кассация инстанциясы суды уйғарды: Қосымша жуўапкер “БББ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кассациялық шағымы бойынша ис өндиристен қысқартылсын. Уйғарыўға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўи мүмкин. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: У.Сабиров А.Аяпов