← Назад
Решение #2851535 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2501/XXX-санлы экономикалық ис
Беруний районы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
судья XXX
XXX-жыл 06-ноябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы XXX
басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, даўагер
банк ўәкили XXX (05.11.2025-жылғы 09-007/1428-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тийкарғы даўагер АТБ “XXX”
мәпин қорғап жуўапкер XXX жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен банк
алдындағы мүддети өткен 13 293 068,95 сўм пайыз қарыздарлығын
өндириўди сораған даўа арзасы бойынша исти суд имаратында, ашық суд
мәжлисинде
видеоконференцбайланыс
режиминде
көрип
шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейинги орынларда текстте - Палата деп жүритиледи)
даўагер АТБ “XXX” (кейинги орынларда текстте - даӯагер деп жүритиледи)
мәпин қорғап жуўапкер XXX жуўапкершилиги шекленген жәмийети(кейинги
орынларда текстте - жуӯапкер деп жүритиледи)нен банк алдындағы 13 293
068,95 сўм пайыз қарыздарлығын өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа
арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер банк ўәкили суд мәжлисинде даӯа талабын қоллап-куӯатлады.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы арзасында исти өзиниң ўәкиллери қатнасыўысыз көриўди сорған.
Усыған тийкар суд исти палата ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриўди
лазым табады.
Жуӯапкер судқа тийисли тәртипте шақыртылғанлығына қарамастан суд
мәжлисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда текстте – ЭПК)ниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе,
даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан, суд исти жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў
мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмесин тыңлап, ис материалларын
үйренип шығып, даўа талабын толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл
03-март күни дүзилген 332-санлы кредит линиясын ашпастан кредит бериў
шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге универсал (мақсетсиз),
2
жыллық 28% етип белгиленип, 24 ай мүддетке 200 000 000 сўм муғдарында
кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда
текстте - ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт
деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши
(юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги
болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды
жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли 2025-жыл 22-сентябрь күнине банк алдындағы
мүддети өткен пайыздан 13 293 068,95 сўм қарыздарлығы жүзеге келген.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 06-ноябрь жағдайына усынылған
№ XXX-санлы мағлыўматнамаға көре, банк алдында мүддети өткен
пайыздан 17 367 649,29 сўм қарыздарлығы көрсетилген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы, кредитти
сѳндириў графиги ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық
тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўа талабын толық қанаатландырыўды, кредит
бойынша мүддети өткен пайыз қарызы 13 293 068,95 сўм өндириўди лазым
тапты.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп
көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди
«б» киши бәндинде мүлкий түске ийе емес даўа арзалар ушын базалық
есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарда мәмлекетлик бажы тѳленетуғынлығы
кѳрсетилген.
Жоқарыдағылардан
келип
шығып,
суд
даўа
талабын
қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден Республика
бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы, банк пайдасына төленген
41 200 сўм почта қәрежетин ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд
депозиты есап бетине суд мәжлисиниң видеоконференцбайланыс режиминде
3
өткерлгенлигине байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетин өндириўди лазым
тапты.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179, 184-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа талабы толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер XXX жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен АТБ “XXX”
пайдасына кредит бойынша мүддети өткен пайыз қарызы 13 293 068,95 сўм
өндирилсин.
Жуўапкер XXX жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан АТБ
“XXX” пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер XXX жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Жуўапкер XXX жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд депозиты есап бетине суд
мәжлисиниң
видеоконференцбайланыс
режиминде
өткерлгенлигине
байланыслы 103 000 сўм суд қәрежети өндирилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья:
XXX