Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1537 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 63eb07d5-d0f1-43d7-a804-751ba5278566 Claim ID PDF Hash 9910bc6cf3509bf6... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1537-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 05-ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратов, усы күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ даўагер АКБ «ХХХ» мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан кредит бойынша 2 342 288 сом тийкарғы қарызы ҳәм 211 260 сом пайыз қарызын даўагер пайдасына өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған тәртип бойынша көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) даўагер АКБ «ХХХ» (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан кредит бойынша 2 342 288 сом тийкарғы қарызы ҳәм 211 260 сом пайыз қарызын даўагер пайдасына өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзаны ис жүритиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 24-сентябрь күни дүзилген 6259-QWUW61-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 10% бенен 2025-жыл 01-июльге шекем 26 161 200 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 05-сентябрь ҳалатына 2 342 288 сом тийкарғы қарызы, 211 260 сом пайыз қарызы пайда болған. Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 05-ноябрь ҳалатына усынылған мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен 2 342 288 сом мүддети өткен қарызы ҳәм 296 289 сом пайыз қарызы усы күнге шекем төленбеген. Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд кредит бойынша қарыздарлығы болған 2 342 288 сом ҳәм пайыз қарыздарлығын 211 260 сомға толық қанаатландырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республ касы През дент н ң 2025-жыл 02- юньдег «Ис ҳақы, пенс ялар, ст пенд ялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына т йкар 2025жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом ет п белг ленген Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының 1 Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан даўагер АКБ «ХХХ» пайдасына 2 342 288 сом мүддети өткен қарызы ҳәм 211 260 сом пайыз қарызы өндирилсин. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан даўагер АКБ «ХХХ» пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Т.Бекмуратов