Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/1645 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID dd4c414f-baed-4c06-a9cb-9bf0bc0bea39 Claim ID PDF Hash 4ac09a92ba3e98d2... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-санлы ис Биринши инстанцияда исти көрген судья– **** Кассацияинстанциясындабаянатшы судья–**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ УЙҒАРЫЎЫ Нөкис қаласы ****5жыл5 ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья **** басшылығында, ағзалары****ҳәм****ибаратқурамында, судья аға жәрдемшиси****ң хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ****(****5 жыл 16 сентябрь күнги****-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер Қ.Ботиров (**** жыл 5 ноябрь күнги 17-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили адвокат **** (**** жыл 5 ноябрь күнги 16-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши “Ӯзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасы, жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине **** сомфинанслық санкцияқоллаўдысорағанарзасы бойынша қабыл етилген Беруний районлар аралық экономикалық судының ****5 жыл 16 сентябрь күнги шешиўши қарарынаарза бериўши “Ӯзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасы наразы болып берген кассация тәртибиндеги шағымы тийкарында исти суд имаратында болыпөткен ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы(кейинги орынларда –арза бериўшидеп жүритиледи) жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүритиледи)**** сом финанслық санкция қоллаўды сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының ****5жыл16сентябрькүнги шешиўши қарары менен арзақанаатландырыўсыз қалдырылған. Шешиўши қарарға наразы болып“Ӯзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасы кассациятәртибинде шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.Оған тийкар сыпатында,жуўапкер тәрепинен ҳуқуқықбузарлық ықтыярый тәриздеемес, арза бериўши тәрепинен тәсир шарасы қолланылғаннан кейинсапластырылғанлығын билдирген. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкилишағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқанжуўапкер ўәкиллери шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Судлаў коллегиясы, тәреплер ўәкиллериниң пикирин тыңлап,төмендегилерге тийкаркассациялық шағымы бойынша ис жүргизиўди қысқартыўдылазым тапты. 2 Биринши инстанция судының шешиўши қарарына наразы болып«Ўзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасы тәрепинен кассациялық шағымы берилген болып, ол ис бойынша тәреп есапланбайды. ЭПКниң ****-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық кассация шағымы (протести) суд ҳүжжети үстинен шағым етиў (протест келтириў) ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен берилген болса кассация инстанциясы суды кассация шағымы (протести) бойынша ис жүргизиўди қысқартады. Сол себепли, судлаў коллегиясы кассациялық шағымыбойынша ис жүргизиўди қысқартыўды лазым табады. ЭПК ****-статьясының биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Усы статьяның тоғызыншы бөлимине тийкар исте қатнасыўшы шахслардың апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибинде шағым бериў менен байланыслы қылынған суд қәрежетлери усы статьяда баян етилген қағыйдаларға муўапық бөлистириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, судлаў коллегиясы кассациялық шағымы бойынша ис жүргизиўди қысқартыўды, алдыннан төленген **** сом почта қәрежетин“Ўзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасыныңмойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағылардан келип шығып ҳәмде ЭПКниң ****,****-статьяларын қолланып, судлаў коллегиясы уйғарды: “Ўзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасыныңкассациялық шағымы бойынша ис жүргизиў қысқартылсын. Кассациялық шағымы ушын алдыннан төленген **** сом почта қәрежети“Ўзэнергоинспекция” **** Республикасы **** басқармасыныңмойнында қалдырылсын. Уйғарыўқабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Уйғарыўғанаразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** ағзалары: **** ****