Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/1403 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 998c92e4-7bab-4137-b2e7-ab39e9d7cdc1 Claim ID PDF Hash dd3e043304b4f06f... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/1403-санлы ис Биринши инстанцияда исти көрген судья – Б.Убайдуллаев Кассация инстанциясында баянатшы судья – Г.Ешназарова ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ УЙҒАРЫЎЫ (кассациялық шағым бойынша исти өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025 жыл 5 ноябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары Г.Ешназарова ҳәм А.Аяповлардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтың хаткерлигинде, “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўәкили А.У (2025 жыл 1 август күнги 23/2586-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери жәмийет баслығы У.А, адвокаты У.М (2025 жыл 30 июль күнги 44-санлы ордер тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жуўапкер “УУ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 320 463 354 сом финанслық санкция қоллаўды сораған арзасы бойынша қабыл етилген Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 14 август күнги шешиўши қарарына «Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының наразы болып берген кассациялық шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге Қарақалпақстан Республикасы судының имәратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда – арза бериўши деп жүргизиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип “УУ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүргизиледи)не 320 463 354 сом финанслық санкция қоллаўды сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 14 август күнги шешиўши қарары менен арз қылынған талап қанаатландырыўсыз қалдырылған. Шешиўши қарарға наразы болып «Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы кассация тәртибинде шағым берген. Суд мәжлисинде “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының ўәкили арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкиллери нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Судлаў коллегиясы тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, кассациялық шағымды ис ҳүжжелери менен бирге үйренип шығып, 2 төмендегилерге тийкар кассациялық шағым бойынша исти өндиристен қысқартыўды лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүргизиледи)ниң 282-статьясының биринши бөлимине тийкар исте қатнасыўшы шахслар, сондай-ақ исте қатнасыўға тартылмаған, бирақ ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери ҳаққында суд шешиўши қарары қабыл қылған шахслар биринши инстанция судының нызамлы күшине кирген, апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен кассациялық шағым бериўге ҳақлы. ЭПКниң 296-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық кассация шағымы (протести) суд ҳүжжети үстинен шағым етиў (протест келтириў) ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен берилген болса кассация инстанциясы суды кассация шағымы (протести) бойынша исти өндиристен қысқартады. “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы исте қатнасыўшы шахс емес, сондай-ақ биринши инстанция судының шешиўши қарары оның ҳуқық ҳәм миннетлемелерине тәсир қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы кассациялық шағым бойынша исти өндиристен қысқартыўды лазым табады. Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясы 19-бәнтине тийкар арза бериўши ҳәм жуўапкер-ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген. Баян етилгенлерге көре, “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасынан мәмлекетлик бажы өндирилмейди, кассациялық шағым бериўде төлеген 41 200 сом почта қәрежети өзиниң мойнында қалдырылады. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 195, 296-статьяларын қолланып, кассация инстанциясы суды УЙҒАРДЫ: “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының кассациялық шағымы бойынша ис өндиристен қысқартылсын. Уйғарыў қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Уйғарыўға наразы тәреп қарар үстинен Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова ағзалары: Г.Ешназарова А.Аяпов