← Назад
Решение #2852218 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1153-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 5-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов
усы
күни
Өзбекстан
Саўда-санаат
Палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер АК «А****»тиң
мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «Q**** D****» фермер
хожалығынан 1 780 732 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 176
799 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер
АК «А****» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына
жуўапкер «Q**** D****» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нан 1 780 732 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм
176 799 сом пайызын өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 2034-статьясының екинши ҳәм
төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба
пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы
уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи
тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда
усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге
жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады.
Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте
хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир
усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби
бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды.
Суд жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир
усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў
тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар
даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
2
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
26-февраль күни кредит шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнаманың
1.1-бәндине муўапық, «Банк» «Қарыз алыўшы»ға 2024-жыл пахта шийки
өнимин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Аўыл
хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў Фонды қаржылары
есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет
балына қарата норматив өним баҳасының 60 пайызына шекем, таярлаў
кәрханасы (фьючерс шәртнамасына тийкар пахта тоқымашылық кластерлери,
элита туқымшылық хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен аванс сыпатында
жеткизип берилген туқымлық баҳасын инабатқа алған ҳалда 104 691 600 сом
муғдарында кредит қаржысын ажыратыў миннетлемесин алған.
Кредит шәртнамасының 2.2-бәндинде кредиттен пайдаланғанлық ушын
«Қарыз алыўшы» «Банк»ке жыллық 10 пайыз ставкада пайыз
төлейтуғынлығы,
кредит
шәртнамасында
белгиленген
мүддетте
қайтарылмаса, кредитлердиң қайтарылмаған бөлегине пайызлар Өзбекстан
Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасына 1,7 есе қосылған
муғдарда есапланатуғынлығы, 2.3-бәндинде пахта шийки өнимин
жетистириў ушын кредит қаржысы «Қарыз алыўшы»ға 2025-жыл 1-апрельге
шекем толық қайтарыў шәрти менен ажыратылатуғынлығы, усы мүддет
даўамында кредитке есапланған пайызлар да төлениўи шәрт екенлиги ҳәмде
5.1-бәндинде «Банк» «Қарыз алыўшы»ға кредит ажыратылған күннен баслап
ҳәр айда пайыз есаплап баратуғынлығы ҳәм кредит ҳәмде оған есапланған
пайзылар толық қайтарылғанға шекем пайыз есапланатуғынлығы
көрсетилген.
АК «А****» Қанлыкөл филиалының 2025-жыл 5-ноябрь күнги
295-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкер тәрепинен даўа
арзасында көрсетилген қарыздарлықлар судқа даўа арза киритилгенинен
кейин толық тѳленген.
3
Кредит шәртнамасының 5.4-бәндине муўапық, усы шәртнаманы
орынлаў бойынша ҳәр қандай суд инстанциясында банк усынған ҳүжжет,
усы қарыздарлық суммасы «Банк»ке төлениўи лазымлығын тастыйықлаўшы
инкар етип болмайтуғын бирлемши дәлийл ( rim f i ) есапланады.
Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм
бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат етилгеннен соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети
тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179, 2031-2035-статьяларын басшылыққа
алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
4
Жуўапкер
«Q****
D****»
фермер
хожалығынан
даўагер
АК «А****»тиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «Q**** D****» фермер хожалығынан республика
бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен кейин он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов