← Назад
Решение #2852238 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1559-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 05-ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
Б.Т.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили жетекши қәнийге ХХХ (2025-жыл
21-январь күнги 1283-санлы исеним хат)тың қатнасыӯында, Өзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ «ХХХ»
акционерлик жәмийети мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнен
кредит бойынша 5 015 183,56 сом мүддети өткен тийкарғы қарызы ҳәм 10 610
314,19 сом мүддети ѳткен пайыз қарызын даӯагер пайдасына өндириўди
сораған даўа арзасын өз суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) «ХХХ»
акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи)
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ»
жеке исбилермен (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан
кредит бойынша 5 015 183,56 сом мүддети өткен тийкарғы қарызы ҳәм 10 610
314,19 сом мүддети ѳткен пайыз қарызын даӯагер пайдасына өндириўди
сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын,
график бойынша қарызларын ѳз ўақтында тѳлемегенлигин, бүгинги күнге
тийқарғы қарызы қысман сѳндирилгени менен пайыз қарызында өсим пайда
болғанын, бул қарыздарлықлары судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық
тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды
сорады.
ССП ҳәм жуӯапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзлериниң
жазба пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде ССП ҳәм жуӯапкерниң суд мәжилиси ҳаққында
тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар
екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым
тапты.
Суд исте қатнасқан даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
05-февраль күни дүзилген 2024/Y337-санлы кредит шәртнамасына тийкар
банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 36% бенен 60 (алпыс) ай мүддетке
129 064 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши
(юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп
барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 19-сентябрь ҳалатына
5 015 183,56 сом мүддети ѳткен тийкарғы қарызы ҳәм 10 610 314,19 сом
мүддети ѳткен пайыз қарызы пайда болған.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 05-ноябрь ҳалатына усынылған
мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен 4 972 414,92 сом мүддети өткен
тийкарғы қарызы ҳәм 13 885 451,83 сом мүддети ѳткен пайыз қарызы
есапланып, мүддети ѳткен пайыз қарызында ѳсим пайда болған ҳәм бул
қарыздарлықлар усы күнге шекем төленбеген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд кредит бойынша қарыздарлығы болған 4 972 414,92 сом
ҳәм пайыз қарыздарлығын 10 610 314,19 сомға қысман қанаатландырыўды
лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиӯши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиӯ ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл
02-июндеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар
муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025жыл
1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип
белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнен «ХХХ» акционерлик жәмийети
пайдасына 4 972 414,92 сом мүддети өткен тийкарғы қарызы ҳәм 10 610 314,19
сом мүддети ѳткен пайыз қарызы өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнан «ХХХ» акционерлик жәмийети
пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнан Республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Т.Бекмуратов