Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1545 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID aa31f571-09ea-477a-b6e1-ee7d54524362 Claim ID PDF Hash 0a4f0b6c82a2ceae... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1545-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 05-ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер ХХХ (2025-жыл 09-январь күнги 03-03/6-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ АКБ «ХХХ» мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан кредит бойынша 54 502 837 сом тийкарғы қарызы ҳәм 2 203 049 сом пайыз қарызын даўагер пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын өз суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) АКБ «ХХХ» (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан кредит бойынша 54 502 837 сом мүддети өткен қарызы ҳәм 2 203 049 сом пайыз қарызын даўагер пайдасына өндириўди сораған. ССП даўа арзасында исти өз ўәкили қатнасыўысыз қараўды сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз қараўды лазым тапты. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын, график бойынша қарызларын ѳз ўақтында тѳлемегенлигин, бүгинги күнге пайыз қарызында өсим пайда болғанын, бул қарыздарлықлары судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық оның қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасқан даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 22-сентябрь күни дүзилген 5666-D2I1LI-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 10% бенен 2025-жыл 01-июльге шекем 142 162 800 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 09-сентябрь ҳалатына 54 502 837 сом тийкарғы қарызы, 2 203 049 сом пайыз қарызы пайда болған. Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 05-ноябрь ҳалатына усынылған мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен 54 502 837 сом мүддети өткен қарызы ҳәм 3 800 624 сом пайыз қарызы усы күнге шекем төленбеген. Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд кредит бойынша қарыздарлығы болған 54 502 837 сом ҳәм пайыз қарыздарлығын 2 203 049 сомға толық қанаатландырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 1 134 117,72 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан АКБ «ХХХ» пайдасына 54 502 837 сом мүддети өткен қарызы ҳәм 2 203 049 сом пайыз қарызы өндирилсин. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан АКБ «ХХХ» пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан Республика бюджетине 1 134 117,72 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.Т.Бекмуратов