← Назад
Решение #2852332 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1189-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қанлыкөл районы
2025-жыл 5-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер Р.Ю**** (2025-жыл 1-август
күнги 03-03/38-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер
АК «А****»тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «Q**** ****»
фермер хожалығынан 85 827 667 сом мүддети өткен тийкарғы кредит
қарызын ҳәм 4 506 307 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына
тийкар қозғатылған экономикалық исти АК «А****» Қанлыкөл филиалының
өз имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер
АК «А****» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына
жуўапкер «Q**** ****» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нан 85 827 667 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм
4 506 307 сом пайызын өндириўди сораған.
Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы
себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде оны суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп
жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық оның ўәкили
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен даўа арзасында
көрсетилген қарыздарлық судқа даўа арза киритилгенинен кейин толық
төлеп берилгенлигин билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
2
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
16-февраль күни кредит шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнаманың
1.1-бәндине муўапық, «Банк» «Қарыз алыўшы»ға 2024-жыл пахта шийки
өнимин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Аўыл
хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў Фонды қаржылары
есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет
балына қарата норматив өним баҳасының 60 пайызына шекем, таярлаў
кәрханасы (фьючерс шәртнамасына тийкар пахта тоқымашылық кластерлери,
элита туқымшылық хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен аванс сыпатында
жеткизип берилген туқымлық баҳасын инабатқа алған ҳалда 126 734 400 сом
муғдарында кредит қаржысын ажыратыў миннетлемесин алған.
Кредит шәртнамасының 2.2-бәндинде кредиттен пайдаланғанлық ушын
«Қарыз алыўшы» «Банк»ке жыллық 10 пайыз ставкада пайыз
төлейтуғынлығы,
кредит
шәртнамасында
белгиленген
мүддетте
қайтарылмаса, кредитлердиң қайтарылмаған бөлегине пайызлар Өзбекстан
Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасына 1,7 есе қосылған
муғдарда есапланатуғынлығы, 2.3-бәндинде пахта шийки өнимин
жетистириў ушын кредит қаржысы «Қарыз алыўшы»ға 2025-жыл 1-апрельге
шекем толық қайтарыў шәрти менен ажыратылатуғынлығы, усы мүддет
даўамында кредитке есапланған пайызлар да төлениўи шәрт екенлиги ҳәмде
5.1-бәндинде «Банк» «Қарыз алыўшы»ға кредит ажыратылған күннен баслап
ҳәр айда пайыз есаплап баратуғынлығы ҳәм кредит ҳәмде оған есапланған
пайзылар толық қайтарылғанға шекем пайыз есапланатуғынлығы
көрсетилген.
АК «А****» Қанлыкөл филиалының 2025-жыл 5-ноябрь күнги
291-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкер тәрепинен даўа
3
арзасында көрсетилген қарыздарлықлар судқа даўа арза киритилгенинен
кейин толық тѳленген.
Кредит шәртнамасының 5.4-бәндине муўапық, усы шәртнаманы
орынлаў бойынша ҳәр қандай суд инстанциясында банк усынған ҳүжжет,
усы қарыздарлық суммасы «Банк»ке төлениўи лазымлығын тастыйықлаўшы
инкар етип болмайтуғын бирлемши дәлийл ( rim f i ) есапланады.
Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм
бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат етилгеннен соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети
тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 1 806 679,48 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
4
Жуўапкер
«Q****
****»
фермер
хожалығынан
даўагер
АК «А****»тиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «Q****
****» фермер хожалығынан республика
бюджетине 1 806 679,48 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов