← Назад
Решение #2852345 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2501/1404-санлы ис
Биринши инстанцияда исти көрген
судья – ****
Кассация инстанциясында баянатшы
судья – ****
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
УЙҒАРЫЎЫ
(ис жүргизиўди қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 5-ноябрь
Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша
судлаў коллегиясы ****ның басшылығында, коллегия ағзалары **** ҳәм
****лардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ның хаткерлигинде,
“**** басқармасы ўәкили **** (исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ****
(исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши
****ның
жуўапкер
“****”
фермер
хожалығына
705 551 883 сом финанслық санкция қоллаўды сораған арзасы бойынша қабыл
етилген Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 14-август
күнги шешиўши қарарына « ****” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық
басқармасының наразы болып берген кассация кассациялық шағымы ҳәмде
қосымша ҳүжжетлерин ис пенен биргеликте кассациялық шағымын ис
ҳүжжетлери менен бирге Қарақалпақстан Республикасы судының имәратында,
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
**** (кейинги орынларда – арза бериўши деп жүргизиледи) экономикалық
судына арза менен мүрәжат етип “****” фермер хожалығына (кейинги
орынларда – жуўапкер деп жүргизиледи) 705 551 883 сом финанслық санкция
қоллаўды сораған.
Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл
14-август күнги шешиўши қарары менен арза қанаатландырыўсыз
қалдырылған.
Шешиўши қарарына наразы болып « ****” Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық басқармасы кассация тәртибинде шағым берген.
“****” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының ўәкили
кассациялық шағым қәтеликке жол қойылып “****” Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық басқармасы атынан берилгенлигин билдирди.
Жуўапкер ўәкили нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Судлаў коллегиясы, баянатшы судьяның баянатын тыңлап,
тәреплер ўәкиллериниң пикирин тыңлап, төмендегилерге тийкар
кассациялық шағымы бойынша ис жүргизиўди қысқартыўды лазым
тапты.
Биринши инстанция судының шешиўши қарарына наразы болып « ****”
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен кассациялық
шағымы берилген болып, ол ис бойынша тәреп есапланбайды.
2
ЭПКниң 296-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық кассация
шағымы (протести) суд ҳүжжети үстинен шағым етиў (протест келтириў)
ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен берилген болса кассация инстанциясы
суды кассация шағымы (протести) бойынша ис жүргизиўди қысқартады.
Сол себепли, судлаў коллегиясы кассациялық шағымы бойынша ис
жүргизиўди қысқартыўды лазым табады.
ЭПК 118-статьясының биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес рәўиште олардың мойнына жүклетиледи.
Усы статьяның тоғызыншы бөлимине тийкар исте қатнасыўшы
шахслардың апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибинде шағым бериў менен
байланыслы қылынған суд қәрежетлери усы статьяда баян етилген
қағыйдаларға муўапық бөлистириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, судлаў коллегиясы кассациялық
шағымы бойынша ис жүргизиўди қысқартыўды, алдыннан төленген 41 200 сом
почта
қәрежетин
“****”
Қарақалпақстан
Республикасы
аймақлық
басқармасының мойнында қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағылардан келип шығып ҳәмде ЭПКниң 118,296-статьяларын
қолланып, судлаў коллегиясы
УЙҒАРДЫ:
“****” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының
кассациялық шағымы бойынша ис жүргизиў қысқартылсын.
Кассациялық шағымы ушын алдыннан төленген 41 200 сом почта
қәрежети “****” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының
мойнында қалдырылсын.
Уйғарыў қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Уйғарыўға наразы тәреп қарар үстинен Қарақалпақстан Республикасы
суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясына ревизия тәртибинде
шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы.
Басшылық етиўши:
****
ағзалары:
****
****