Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/892 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f1fa6081-e894-465c-bd73-295e05c249bc Claim ID PDF Hash 4607959a44b7bda5... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/892-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 5-ноябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Қоңырат районы прокуроры жәрдемшиси А.А****, даўагер ўәкили А.М**** (2025-жыл 5-ноябрь күнги 01/18-4-4011-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, даўагер Қ****ниң жуўапкер « **** L****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 6 091 386 сом компенсация төлемлерин ҳәм 1 096 449 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер Қ**** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер « **** L****» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 6 091 386 сом компенсация төлемлерин ҳәм 1 096 449 сом пеня ѳндириўди сораған. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм өзиниң жазба пикирин судқа усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, оларды қанаатландырыўды сорады. Қоңырат районы прокуроры жәрдемшиси А.А**** суд мәжилисинде даўа талабы тийкарлы екенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының 34-статьясы, «Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының 25-статьясы, «Шығындылар ҳаққында»ғы Нызамының 23-статьясына ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 12-апрель күнги 202-санлы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы аймағында қоршаған 2 тәбийғый орталық патасландырылғанлығы ҳәм шығындылар жайластырылғанлығы ушын компенсация төлемлерин қоллаў тәртиби ҳаққында»ғы Реже (буннан кейин текстте «Реже» деп жүритиледи)ге тийкар жуўапкер тәрепинен қоршаған орталықты шығынды, тасланды менен патасландырғаны ҳәм жайластырғаны ушын даўагер тәрепинен оған 2024-жылдың IV шереги ушын 6 091 386 сом компенсация тѳлемлери есапланылған. Жоқарыдағы Режениң 5-бәндине тийкар, Ѳзбекстан Республикасы аймағында патасландырыўшы затлар тасламаларын қоршаған тәбийғый орталыққа шығарып таслаўшы, ақаба суўларды ағызыўшы ҳәм шығындыларды жайластырыўшы юридикалық шахслар, буннан тысқары, юридикалық шахслар, сондай-ақ, юридикалық шахс болмастан исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўшы ҳәмде қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлер коммунал канализация тармақларына патасландырыўшы затларды нормативтен артық ағызыўшы физикалық шахслар компенсация төлемин төлеўши субъектлер есапланады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-сентябрьдеги «Қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў механизмин жәнеде жетилистириў ҳаққында»ғы 541-санлы қарарына тийкар жуўапкер қоршаған орталыққа тәсир кѳрсетиўдиң II категориясына киритилген. Реже 22-бәндиниң екинши хатбасына көре, егер есабат электрон формада дүзилсе электрон рақамлы имза менен тастыйықланған ҳалда экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша аймақлық органлардың электрон базасына киритилиўи тәмийинлениўи, қағаз формасында болса ол еки нусқада дүзилип, есап-китапларды салыстырыў ҳәм келисиў ушын компенсация төлеўши субъектлер жайласқан район (қала) экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлимине төмендеги мүддетлерде усынылады: - I ҳәм II категорияларға тийисли компенсация төлеўши субъектлер – ҳәр шеректе бир мәрте, есабат шерегинен кейинги айдың 15-күнине шекем; - III ҳәм IV категорияларға тийисли компенсация төлеўши субъектлер – ҳәр жылда бир мәрте, есабат жылынан кейинги жылдың 25-январына шекем. Реже 26-бәндине муўапық, I ҳәм II категорияларға тийисли компенсация төлеўши субъектлер ҳәр шеректе қоршаған тәбийғый орталық патасландырылғанлығы, шығындылар жайластырылғанлығы ушын есабат дәўиринен кейинги айдың 25-күнине шекем аванс компенсация төлемин әмелге асырады. Аванс компенсация төлемлери алдынғы шерек мағлыўматлары бойынша патасландырыўшы затлар қоршаған тәбийғый орталыққа шығарып тасланыўы, ағызылыўы ҳәм шығындылар жайластырылыўының норматив ҳәм нормативтен артықша әмелдеги орташа айлық массасынан келип шыққан ҳалда есапланылады. Тийисли шерек ушын есаплап шығылған компенсация төлеми суммасы базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен кем болған жағдайда, компенсация төлеми ҳәр шеректе бир мәрте, есабат шерегинен кейинги айдың 15-күнине 3 шекем әмелге асырылады. Бул жағдайда патасландырыўшы затларды қоршаған тәбийғый орталыққа норматив бойынша ҳәм нормативден артық шығарыў, ағызыў ҳәм шығындыларды Өзбекстан Республикасы аймағында жайластырыў есап-китабы финанслық есап-китапты усыныў ушын белгиленген мүддетлерде, жылына бир мәрте экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў органлары менен келисиледи. Есабат жылы тамамланғаннан соң аванс төлемлери биринши – үшинши ҳәм төртинши шерек жуўмақларын инабатқа алған ҳалда жыллық есабат жүритилип, патасландырыўшы затлар қоршаған тәбийғый орталыққа шығарып тасланғанлығы, ағызылғанлығы ҳәм шығындылар жайластырылғанлығының жыл даўамындағы ҳақыйқый массасына муўапық, қайта есап-китап қылынып, жуўмақлаўшы төлем баҳасы есаплап шығылады ҳәмде төлеўге қаратылады. Бирақ жуўапкер тәрепинен 2024-жылдың IV шереги ушын есапланылған 6 091 386 сом компенсациялық төлем бүгинги күнге дейин төлеп берилмеген. Бул даўагер тәрепинен судқа усынылған мағлыўматнама менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа талабының бул бөлегин толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 6 091 386 сом компенсациялық төлем өндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден компенсация төлемин тѳлеўди кешиктиргени ушын 1 096 449 сом пеня ѳндириў талабын тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп есаплайды. Себеби, Режениң 30-бәндинде компенсация төлеми ѳз ўақтында ѳткерилмеген жағдайда, мүддети өткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын компенсация төлеми бойынша қарыздарлық суммасының 0,1% муғдарында, бирақ қарыздарлық улыўма суммасының 50%нан артық болмаған муғдарда пеня өндирилиўи нәзерде тутылған. Жуўапкер тәрепинен 2024-жылдың IV шереги ушын есапланылған 6 091 386 сом компенсациялық тѳлем бүгинги күнге дейин кешиктирилген. Сонлықтан, суд даўа талабының бул бөлегин де толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 096 449 сом компенсациялық төлем өндириўди лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў 4 муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер « **** L****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер Қ****ниң пайдасына 6 091 386 сом компенсация төлеми, 1 096 449 сом пеня ҳәм ис ушын төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер « **** L****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Қ.О.Хожамуратов