Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2503/1872 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 91ccc6f5-eac4-474a-842e-f39ce9c96816 Claim ID PDF Hash 65163178994ca123... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2503/1872-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 05-ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратов басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили юрисконсульт ХХХ (2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-13-санлы исеним хат) ҳәм жуӯапкер ӯәкили юридикалық бѳлим баслығы ХХХ (2025-жыл 28-август кунги 01-04/3638-санлы исеним хат)лардың қатнасыўларында, даўагер «ХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «ХХХ» акционерлик жәмийетинен 194 441 630,10 сом тийкарғы қарызы ҳәм 27 168 788,84 сом пеняны өндириўди сораған даўа арзасын судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даӯагер «ХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 194 441 630,10 сом тийкарғы қарызы ҳәм 27 168 788,84 сом пеняны даўагер пайдасына өндириўди сораған. Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуӯапкер менен шәртнама дүзилгенлигин, шәртнама шәртлери жуӯапкер тәрепинен лазым дәрежеде орынланбағанлығын, сол себепли жуӯапкердиң қарызы пайда болғанлығын, ҳәзирги ӯақытта қарыздарлық жуӯапкер тәрепинен қысман тѳленгенлигин, жуўапкердиң қалған қарыздарлығы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, қарызы кешиктирилгенлиги себепли оған ҳәр бир кешиктирген күнине пеня есапланылғанын, сол себепли даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Суд мәжлисинде қатнасқан жуӯапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алып, даӯагер менен шәртнама дүзилгенлигин, пул қаржылары болмағанлығы себепли ӯақтында тѳлей алмағанлығын, себеби кредиторлық ҳәм дебиторлық қарызлары бар екенлигин, бул жағдай кәрхананың экономикалық жағдайына кери тәсирин тийгизип атырғанын, сол себепли ҳәзирги ӯақытта қарыздарлық қысман қапланғанлығын, сол себепли усы жағдайларды итибарға алып нызамлы шешим қабыл етиӯди сорады. Суд исте қатнасыӯшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2021-жыл 04-январь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электрэнергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған. Шәртнамаға муўапық тутыныўшы менен кәрхана ортасындағы ѳз-ара есап-китаплар ушын есап-китап дәўири бир айды қурайтуғынлығы көрсетилген ҳәм тутыныўшыға ѳзиниң пайдаланған электр энергиясы ушын ѳз ўақтында есап-китап қылып барыў миннетлемеси жүклетилген. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы себепли 2025-жыл 01-август ҳалатына оның 194 441 630,10 сом тийкарғы қарызы ҳәм 27 168 788,84 сом пеня қарыздарлығы жүзеге келген. Ҳәзирги ӯақытта жуӯапкер тәрепинен қарыздарлығы ушын 20 000 000 сом тѳлем әмелге асырылып қарыздарлығы қысман қапланған болсада, 174 441 630,10 сом тийкарғы қарыздарлығы бүгинги күнге дейин төленбеген. Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, талапнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд тийкарғы қарызын өндириў бөлегин 174 441 630,10 сомға қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Соның менен бирге, суд даўагердиң жуўапкерден 27 168 788,84 сом пеня ѳндириў ҳаққындағы талабы да тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп есаплайды. Тәреплер орталарында дүзилген шәртнамада, есап-китап айынан кейинги календар ай тамамланғаннан соң қарыздарлықты төлеў мүддети өткен деп есапланады ҳәм тѳлем мүддети өткен ҳәр бир күн ушын “Тутыныўшы”ға төлем мүддети өткен суммасының 0,1 пайызы муғдарында, электр эенргиясы арнаўлы тәртипте жеткерип берилетуғын кәрханалар ушын болса 0,2 пайызы муғдарында пеня есаплап жазылады. Бунда пеняның улыўма муғдары, мүддети өткен төлемниң 50 пайызынан аспаўы лазым. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын итибарға алып, өндирилиўи тийис болған 27 168 788,84 сом пеняны 20 пайызға, яғный 5 433 757,77 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 4 432 208,38 сом мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» акционерлик жәмийетинен даўагер «ХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына 174 441 630,10 сом тийкарғы қарызы ҳәм 5 433 757,77 сом пеня, сондай-ақ 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа талабының қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «ХХХ» акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 4 432 208,38 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.Т.Бекмуратов