← Назад
Решение #2852466 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1173-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
УЙҒАРЫЎ
(исти ѳндиристен қысқартыў хаққында)
Қанлыкөл районы
2025-жыл 5-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер Р.Ю*** (2025-жыл 1-август
күнги 03-03/38-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер
АК «А***»тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «E*** T***»
фермер хожалығынан 68 009 090 сом мүддети өткен тийкарғы кредит
қарызын ҳәм 14 083 610 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына
тийкар қозғатылған экономикалық исти АК «А***» Қанлыкөл филиалының
өз имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер
АК «А***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына
жуўапкер «E*** T***» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нан 68 009 090 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм
14 083 610 сом пайызын өндириўди сораған.
Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы
себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде оны суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп
жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық оның ўәкили
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелер лазым
дәрежеде орынланбағанлығын, даўа арзасында көрсетилген қарыздарлық
бүгинги күнге дейин төлеп берилмегенлигин билдирип, даўа арзасын толық
қанаатландырыўды сорады.
2
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған
ҳүжжетлерди үйренип шығып, тѳмендегилерге кѳре даўа арза бойынша
исти ѳндиристен қысқартыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер Қоңырат районлар аралық
экономикалық судының 4-2303-2301/742-санлы иси бойынша 2023-жыл
2-июнь күнги шешиўши қарарына тийкар төлеўге қәбилийетсиз деп
табылған.
Қоңырат
районы
мәмлекетлик
хызметлер
орайының
мағлыўматнамасына көре, жуўапкер 2024-жыл 31-май күни мәмлекетлик
реестрден шығарылып, толық сапластырылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси 55-статьясының он
екинши бөлимине муўапық, юридикалық шахстың сапластырылыўы
ҳаққындағы жазыў юридикалық шахслардың бирден-бир мәмлекетлик
реестрине киритип қойылғанынан соң юридикалық шахсты сапластырыў
тамамланған, юридикалық шахс болса сапластырылған болып есапланады.
ЭПК 110-статьясының 4-бәндинде, егер исте тәреп есапланған
юридикалық шахс сапластырылған болса, экономикалық суд исти
өндиристен қысқартыўы лазымлығы белгиленген.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, суд исти өндиристен қысқартыўды
лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 111-статьясының екинши бөлимине тийкар суд
уйғарыўында исти өндиристен қысқартыў тийкарларын көрсетиўи,
сондай-ақ, усы Кодекс 110-статьясының 1-бәндинде нәзерде тутылған ҳалда
мәмлекетлик бюджеттен қайтарыў ҳәм суд қәрежетлерин тәреплер ортасында
бөлистириў ҳаққындағы мәселелерди шешиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл
19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарары 17-бәндиниң төртинши хатбасында
мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа
шахслар юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәпинде кириткен даўа
арзалары (арзалар) көрместен қалдырылғанда яки ис өндиристен
қысқартылғанда мәмлекетлик бажы мәпи гөзленип даўа киритилген
даўагерлерден өндирилетуғынлығы, буған «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамның 18-статьясына көре, даўа көрместен қалдырылған яки ис
өндиристен қысқартылған жағдайлар кирмейтуғынлығы ҳаққында түсиник
берилген.
Өзбекстан
Республикасы
«Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында»ғы
Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 13-бәндинде исте қатнасып
атырған юридикалық шахс сапластырылған болса, мәмлекетлик бажы толық
яки қысман қайтарылатуғынлығы көрсетилген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети
тѳленген.
3
Сол себепли, суд ис бойынша тәреплерден мәмлекетлик бажы
өндирмеўди ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 110, 111 ҳәм 195-статьяларын басшылыққа алып,
суд
УЙҒАРДЫ:
1. Ис өндиристен қысқартылсын.
2. Ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежети даўагер
АК «А***»тиң мойнында қалдырылсын.
3. Уйғарыў үстинен ол шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы
суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте
арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген уйғарыў үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен
баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест)
келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов