Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/557 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a82c2326-bcee-45ce-bb25-52a2fbc1fc90 Claim ID PDF Hash ef9fcdc99abc7ef9... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/557-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья – Г.Арзиева Кассация инстанция судында баянатшы судья - У.Сабиров ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫНЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 5 ноябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар А.Аяпов ҳәм У.Сабировлардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтиң хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры А.Каримбаев, арза бериўши ўәкили – басқарма бас инспекторы Д.А (2025 жыл 31 июль күнги 35-67652-санлы исеним хат тийкарында), қарыздар ўәкили – жәмийет баслығы С.С, қарыздардың сапластырыў басқарыўшысы – Х.Элардың қатнасыўында, арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының қарыздар «ППП” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған арзасы бойынша қабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 3 апрель күнги шешиўши қарарына Нөкис қаласы прокурорының берген кассациялық тәртибиндеги протестин, қосымша усынылған ҳүжжетлери менен бирге Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судына арза менен мүрәжат етип, қарыздар «ППП” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте қарыздар деп жүритиледи)н төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўды сораған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 3 апрель күнги шешиўши қарары менен арза қанаатландырылып, қарыздар төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табылып, сапластырыўға байланыслы ис жүритиў басланған. Судтың усы күнги уйғарыўы менен қарыздардың сапластырыў басқарыўшысы етип Б.Ходжаев тайынланып, оған, 2025 жыл 3 июль күнине шекем жуўмақлаўшы есабатын усыныў жүклетилген. Қарыздарды сапластырыўға байланыслы ис жүритиў даўамында оған тийисли болған көшпес мүлклер анықланған. 2 Қарыздардың кредиторлары жыйналысының 2025 жыл 3 июнь күнги 1-санлы баянламасы менен сапластырыўға байланыслы ис жүритиўдиң әпиўайыластырылған процедурасынан улыўма процедурасына өткериўди сорап судқа илтимаснама киритиў ҳаққында қарар қабыл қылынған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 10 июнь күнги уйғарыўы менен қарыздарды сапластырыўға байланыслы ис жүритиўдиң әпиўайыластырылған процедурасынан улыўма процедурасына өткерилип, сапластырыў басқарыўшысы етип Х.Эгамберганов тайынланған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 3 апрель күнги шешиўши қарарына Нөкис қаласы прокуратурасы кассациялық тәртипте протест келтирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, арзаны қанаатландырыўсыз калдырыўды сораған. Оған тийкар сыпатында биринши инстанция суды тәрепинен ис әҳмийетли жағдайлар инабатқа алынбағанлығын, себеби, қарыздардың атында 707.558.000 сомлық автотранспорт қураллары, 297.640.000 сомлық көшпес мүлклери ҳәмде 772.528.000 сомлық товар-материаллық байлықлары барлығын, сонлықтан карыздарды төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўға жол қойылмайтуғынлығын, бул жағдайда 684.426.790 сомлық салық ҳәм басқада мәжбүрий төлемлерден болған қарыздарлығын қаплаў мүмкиншилиги барлығын, арза бериўши тәрепинен салық қарыздарлығын өндириў бойынша толық шаралары көрилместен судқа арза менен мүрәжат қылғанлығын келтирген. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор кассациялық протестин қоллапқуўатлайтуғынлығын билдирип, кассациялық протестти қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили қарыздардың бүгинги күндеги қарызы 790.000.000 сомды қурайтуғынлығын, салық қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы қарарлары мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен орынланбастан қайтарылғанлығын, сонлықтан арза менен мүрәжат етилгенлигин, бирақ, арзада алжасық пенен Нызамның 403-статьясына тийкар қайтарылғанлығы қәте көрсетилгенлигин, себеби, қарарлар Нызамның 62-статьясына тийкар сапластырыў басқарыўшысына жиберилгенлигин билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан қарыздар жәмийет баслығы С.Салиев судлаў коллегиясына жазба пикирин усынып, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан қарыздардың сапластырыў басқарыўшысы Х.Эгамберганов қарыздар искерлигин жүритпей атырғанлығын, анықланған мүлклерди баҳалатыў ислерин әмелге асырмағанлығын билдирди. Кассация инстанциясы суды исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин ҳәм прокурордың пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып шешиўши қарарды бийкар қылыўды, кассациялық протестти қанаатландырыўды мақул тапты. 3 Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, қарыздардың салық ҳәм басқада мәжбүрий төлемлер бойынша жәми 533.694.511,14 сом қарыздарлығын өндириў бойынша арза бериўши тәрепинен қарарлар қабыл қылынған болып, мәжбүрий өндириў шараларын көриў ушын қарарлар мәжбүрий орынлаў бюросы Тақыятас районы бөлимине жиберилген. Өзбекстан Республикасының “Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында”ғы Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи) 5-статьясының биринши бөлимине тийкар, төлеўге қәбилетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат: ўақтынша төлеўге қәбилетсизлик - егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса - алты ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки) салық ҳәм жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин емеслиги; мүдамы төлеўге қәбилетсизлик - егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлери баҳасынан асып кеткен болса. Усы статьяның екинши бөлимине муўапық, усы статьяда нәзерде тутылған қағыйдалар төлеўге қәбилетсизлик туўрысындағы ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылғанда, физикалық шахслар, сондай-ақ жеке тәртиптеги исбилерменниң төлеўге қәбилетсизлиги туўрысындағы ислер көрип шығылғанда қолланылмайды. Нызамның 45-статьясына муўапық, мәмлекетлик салық хызмети уйымының ҳәм басқа да ўәкилликли уйымның қарыздарға салықлар ҳәм жыйымлар бойынша төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасы усы Нызамның 41 ҳәм 43-статьяларында нәзерде тутылған талапларға жуўап бериўи керек. Мәмлекетлик салық хызмети уйымының ҳәм басқа да ўәкилликли уйымның қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлықты қайтарып алыўға байланыслы илажлар көрилгенлиги дәлиллери қосымша етилиўи керек. Арза бериўши өз арзасының тийкары сыпатында қарыздардың салық ҳәм басқада мәжбүрий төлемлерден жүзеге келген қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы қарарлар мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқада органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 40-статьясына тийкар орынланбастан қайтарылған деп көрсеткен. Бирақ, исте анықланған жағдайларға көре, қарарлар мәжбүрий орынлаў бюросы Тақыятас районы бөлиминиң 2024 жыл 22 июнь күнги, 2024 жыл 4 26 июнь күнги, 2024 жыл 4 сентябрь күнги, 2024 жыл 17 сентябрь күнги, 2024 жыл 20 сентябрь күнги ҳәм 2024 жыл 14 декабрь күнги қарарлары менен Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқада органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 62-статьясына тийкар орынланбастан, орынлаў иси тамамланып, орынлаў ҳүжжетлери сапластырыў басқарыўшысына жиберилген. Бул жағдайда, арза бериўши тәрепинен салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлықты қайтарып алыўға байланыслы илажлар толық көрилген деп болмайды. Соның менен бирге, қарыздарды сапластырыўға байланыслы ис жүритиў даўамында сапластырыў басқарыўшысы тәрепинен қарыздарға тийисли болған Тақыятас районы, Қарақалпақстан көшеси 29-жайда жайласқан көшпес мүлки барлығы анықланған. Сондай-ақ, қарыздар баслығының суд мәжилиснде берген көрсетпесине көре, қарыздардың атында жәми 1.777.726.000 сомлық көшпес ҳәм көшер мүлклери бар. Бул жағдай истеги мағлыўматнамалар менен тастыйықланады. Нызамның 241-статьясына муўапық, өз искерлигин тамамлаған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы болмаған жағдайда, болмаған қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарынан қәттий нәзер, кредитор, ўәкилликли мәмлекет үйымы, мәмлекет салық хызмети уйымы яки басқа ўәкилликли үйым тәрепинен берилиўи мүмкин. Бул жағдайда, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп болмайды. Жоқарыдағылардан келип шығып, судлаў коллегиясы биринши инстанция суды тәрепинен арзаны қанаатландырыў ҳаққында надурыс жуўмаққа келген деп есаплайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 301-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине тийкар, кассация инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын толық яки қысман бийкар қылыўға ҳәм жаңа қарар қабыл қылыўға ҳақылы. ЭПК 302-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, ис ушын әҳмийетли жағдайлардың толық анықланбағанлығы, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертиўге яки бийкар қылыўға тийкар болады. Баян етилгенлерден келип шығып, кассация инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар қылыўды, жаңа қарар қабыл қылыўды, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, кассациялық протестти қанаатландырыўды лазым табады. ЭПК 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан, судлаў коллегиясы, арза бериўши мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилгенлигин инабатқа алып, ис биринши ҳәм кассация 5 инстанцияларында көрип шығылғанлығы ушын мәмлекетлик бажы өндирмеўди, арза бериўши тәрепинен арзасы ушын төлеген 37.500 сом почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды, арза бериўшиден Қарақалпақстан Республикасы суды депозитине 41.200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 301-303-статьяларын қоллап, кассация инстанция суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 3 апрель күнги шешиўши қарары бийкар етилсин. Жаңа қарар қабыл қылынсын. Арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының қарыздар «ППП” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўды сораған арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Кассациялық протест қанаатландырылсын. Арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен арза берерде төленген 37.500 сом почта қәрежети мойнында қалдырылсын. Арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасынан Қарақалпақстан Республикасы суды депозитине 41.200 сом почта қәрежети өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге (прокурор протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: А.Аяпов У.Сабиров