Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/930 Дата решения 05.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 52d1c224-17f5-412c-983f-ccd9b176b94d Claim ID PDF Hash cfac81c36ac705ce... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/930-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қанлыкөл районы 2025-жыл 5-ноябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер Р.Ю**** (2025-жыл 1-август күнги 03-03/38-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили фермер хожалық баслығы П.Сатыповлардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер АК «А****»тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «T****- ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 205 949 359 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 21 751 439 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти «B**** N****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартқан ҳалда АК «А****» Қанлыкөл филиалының өз имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «А****» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «T****- ****» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 205 949 359 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 21 751 439 сом пайызын өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 27-октябрь күнги уйғарыўына тийкар иске «B**** N****» ЖШЖ (буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Суд мәжилисине үшинши шахс ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде оны суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. 2 Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығын, даўа арзасында көрсетилген қарыздарлық бүгинги күнге дейин төлеп берилмегенлигин билдирип, даўа арзасын толық қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талаплары бойынша өз наразылықларын билдирип, тәреплер ортасында ҳақыйқатында да кредит шәртнамасы дүзилгенлигин, қарыздарлығы бар екенлигин тән алатуғынлығын, бирақ 2024-жыл 5-январь күни «T****- ****» ЖШЖ ҳәм «B**** N****» ЖШЖ ортасында жер участкасын екилемши ижараға бериў шәртнамасы дүзилгенлигин, усы шәртнамаға муўапық жер майданларын «B**** N****» ЖШЖне ижараға берип жибергенлигин, 2024-жыл ушын пахта шийки өнимин өзи емес, «B**** N****» ЖШЖ егип, жетистирип, терип алғанлығын, бул бойынша ажыратылған кредитти төлеўди «B**** N****» ЖШЖниң баслығы Кенжаев Рустам өз мойнына алғанлығын, бул ҳаққында 2024-жыл 20-февраль күни кепиллик шәртнамасы дүзилгенлигин, сол себепли пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судына Р.Кенжаевтан материаллық зыян өндириў ҳаққында даўа арза кириткенлигин билдирип, өзинен қарыздарлықты өндирмеўди сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 18-февраль күни кредит шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық, «Банк» «Қарыз алыўшы»ға 2024-жыл пахта шийки өнимин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў Фонды қаржылары 3 есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет балына қарата норматив өним баҳасының 60 пайызына шекем, таярлаў кәрханасы (фьючерс шәртнамасына тийкар пахта тоқымашылық кластерлери, элита туқымшылық хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен аванс сыпатында жеткизип берилген туқымлық баҳасын инабатқа алған ҳалда 233 672 400 сом муғдарында кредит қаржысын ажыратыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 2.2-бәндинде кредиттен пайдаланғанлық ушын «Қарыз алыўшы» «Банк»ке жыллық 10 пайыз ставкада пайыз төлейтуғынлығы, кредит шәртнамасында белгиленген мүддетте қайтарылмаса, кредитлердиң қайтарылмаған бөлегине пайызлар Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасына 1,7 есе қосылған муғдарда есапланатуғынлығы, 2.3-бәндинде пахта шийки өнимин жетистириў ушын кредит қаржысы «Қарыз алыўшы»ға 2025-жыл 1-апрельге шекем толық қайтарыў шәрти менен ажыратылатуғынлығы, усы мүддет даўамында кредитке есапланған пайызлар да төлениўи шәрт екенлиги ҳәмде 5.1-бәндинде «Банк» «Қарыз алыўшы»ға кредит ажыратылған күннен баслап ҳәр айда пайыз есаплап баратуғынлығы ҳәм кредит ҳәмде оған есапланған пайзылар толық қайтарылғанға шекем пайыз есапланатуғынлығы көрсетилген. АК «А****» Қанлыкөл филиалының 2025-жыл 5-ноябрь күнги 296-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкер тәрепинен даўа арзасында көрсетилген қарыздарлықлар бүгинги күнге дейин тѳленбеген. Кредит шәртнамасының 5.4-бәндине муўапық, усы шәртнаманы орынлаў бойынша ҳәр қандай суд инстанциясында банк усынған ҳүжжет, усы қарыздарлық суммасы «Банк»ке төлениўи лазымлығын тастыйықлаўшы инкар етип болмайтуғын бирлемши дәлийл ( rim f i ) есапланады. ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Жоқарыдағыларға тийкар, суд жуўапкерди өз мойнына алған миннетлемелерин орынлаўдан азат ететуғын тийкарлар жоқ деп есаплайды ҳәм оның ўәкилиниң суд мәжилисинде билдирген ўәжлери менен келисе алмайды, сол себепли даўа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 205 949 359 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 21 751 439 сом пайызын өндириўди лазым табады. Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. 4 Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 4 554 015,96 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «T****- ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер АК «А****»тиң пайдасына 205 949 359 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 21 751 439 сом пайызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер «T****- ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 4 554 015,96 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Қ.О.Хожамуратов