← Назад
Решение #2852522 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2192-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
УЙҒАРЫЎ
(экономикалық исин өндиристен қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 04-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокуроры жәрдемшиси **, арза бериўши ўәкили ** (2025-жыл 23сентябрь күнги 01/18-3354-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили
** (2025-жыл 23-октябрь күнги 10-25/22-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, арза бериўши **ниң жуўапкер «**» АЖниң искерлигин
тоқтатып турыў ҳақкындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин **ниң
имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
** (кейинги орынларда арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық
судына арзасы менен мүрәжат етип, «**» АЖниң (кейинги орынларда
жуўапкер деп жүритиледи) экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем
искерлигин тоқтатып турыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арзадан ўаз кешиў ҳаққындағы
2025-жыл 04-ноябрь күнги 01/18-4008-санлы арзасын усынып, нызамлы
шешим кабыл етиўди сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде арза талабын қанаатландырыўға
тийкарлар жоқ екени ҳаққындағы ўәжлерин мәлим етип, иске тийисли
ҳүжжетлерин усынды.
Прокурор суд мәжилисинде арзаны қанаатландырмайды сорады.
Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, исти
өндиристен қысқартыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, арза бериўши тәрепинен Республика
аймағында алып барылған үйрениўлер нәтийжесине көре Нөкис қаласында өз
искерлигин алып барып атырған жуўапкер искерлигин әмелге асырыў ушын
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-сентябрь
күнги «Қоршаған орталықтың тәсирин баҳалаў механизимин жәнеде
жетилистириў ҳаққында»ғы 541-санлы Қарарының 2-қосымшасында
көрсетилген тийисли категорияға тийкар мәмлекетлик экологиялық
экспертиза жуўмағын алыўы лазым болса да, экологиялық экспертиза
жуўмағын алмағанлығы анықланған.
Нәтийжеде арза бериўши судқа мүрәжат етип, жуўапкердиң искерлигин
тоқтатып турыўды сораған.
Бирақ суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили тәрепинен арзадан ўаз
кешиў ҳаққындағы 2025-жыл 04-ноябрь күнги 01/18-4008-санлы арзасы
2
усынылды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 157статьясы екинши бөлимине муўапық, даўагер исти ҳәр қандай инстанция
судында көрилиўинде тийисли суд инстанциясына исти көриў жуўмағы
бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенге шекем даўадан толық
яки қысман ўаз кешиўге ҳақылы.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер даўасынан ўаз кешген ҳәм суд оны
қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал
нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының
13-бәнтинде, даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы
екенлиги бойынша түсиник берилген.
Суд, арзадан ўаз кешиў ҳаққындағы арзаны қабыл етиўди ҳәм ис
жүритиўди қысқартыўды мақул табады.
Өзбекстан
Республикасы
«Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында»ғы
Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19-бәнтине тийкар арза бериўши
ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша
мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажыны
өндирилмейди.
Төленген почта қәрежети арза бериўши мойнында қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110,
195-статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Экономикалық иси өндиристен қысқартылсын.
**ниң арзадан ўаз кешиў ҳаққындағы арзасы қабыл етилсин.
Уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор
протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов