← Назад
Решение #2852565 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1213-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 4-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили бас инспектор Т.А*** (2025-жыл
24-февраль күнги 26-02195-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, арза
бериўши Қ***ның қарыздар «D*** D***» фермер хожалығын
әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыў ҳаққындағы
арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қ***ның имаратында ашық
көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
AНЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши Қ*** (буннан кейин текстте арза бериўши деп
жүритиледи) судқа арза менен мүрәжат қылып, қарыздар «D*** D***»
фермер хожалығын (буннан кейин текстте қарыздар деп жүритиледи)
әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын
қоллап-қуўатлап, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша
банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады.
Қарыздар суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди
ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады.
Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, қарыздарды суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде
жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген мәнзилден
табылмағанлығы себепли оған тапсырылмаған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясы екинши
бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық, суд тәрепинен юридикалық
шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта мәнзили),
пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы
мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында
байланыс мекемеси судты хабардар еткен болса, экономикалық суд ислерин
жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар қылынған
деп есапланады.
Сонлықтан, суд қарыздар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК
170-статьясының үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз
көриўди лазым тапты.
2
Суд арза бериўши ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәм ис
бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге
тийкарланып
арзаны
қанаатландырыўды,
қарыздарды
әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды ҳәм
сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар «D*** D***» ФХ
(СТИР: 305740223) 2018-жыл 10-сентябрь күни шѳлкемлестирилген болып,
оның баслығы Пак Сафрон. Қарыздардың мәнзили: Қоңырат районы,
Қыпшақ АПЖ, номерсиз жай.
Қарыздардың 2025-жыл 11-октябрь ҳалатына салықлар ҳәм басқа да
мәжбүрий тѳлемлерден қарызы 4 838 811,55 сомды қурайды.
Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи) 45-статьясының
екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа
ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында
ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде
жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар
кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек.
Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўши
тәрепинен қарар(лар) шығарылып, мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў
ушын жиберилген.
Бирақ мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен арза бериўшиниң
қарар(лар)ы Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа
органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамы 40-статьясының
3-бәндине тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки
анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли
орынлаўсыз қайтарылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы
«Банкротлық процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд
басқарыўшылары жумысларын түптен жетилистириў ис-илажлары
ҳаққында»ғы ПҚ-4146-санлы қарарының 1-бәндине тийкар, салық хызмети
органлары салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлықты өндириў
мүмкиншилиги болмағанлығы себепли орынлаў ҳүжжетлери қайтарылған
күннен баслап 30 күннен кешиктирместен қарыздарға қарата төлеўге
қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арза менен судқа
мүрәжат етиўи лазым.
Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған
қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған
юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў
орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге
қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына
қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық
хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2025-жыл
23-июньдағы «Экономикалық судлар тәрепинен «Төлеўге қәбилийетсизлик
3
ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы нормаларын қолланыўдың
айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13-санлы қарары 54-бәндиниң бесинши
хатбасына муўапық, қарыздардың жоқ екенлиги сыпатында оның
баслығының жоқлығын ғана емес, ал хожалық жүргизиўши субъекттиӊ малмүлкиниң жоқлығын да түсиниў лазым. Бул жағдай қарыздар – юридикалық
шахстың турған орны (почта мәнзили) бойынша пуқаралардың өзин-өзи
басқарыў органы, үй-жай мүлкдарларының ширкети, турақ жай яки турақ
жай емес жайдың мүлкдары ўәкиллери ҳәм (яки) суд басқарыўшысы
қатнасыўында дүзилген акт ямаса қарыздардың мал-мүлки жоқлығы себепли
орынлаў ҳүжжетин орынлаўсыз қайтарыў ҳаққындағы мәмлекетлик
орынлаўшының қарары менен тастыйықланыўы мүмкин.
Бул жағдайда қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын
төлеў мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилийетсизлик белгилери бар деп
есаплаўға, қарыздарды Нызамның 241-статьясына тийкар төлеўге
қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша банкрот
деп табыўға тийкар болады.
Сол себепли, суд арза бериўшиниң талабын қанаатландырыўды,
қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша банкрот деп табыўды
ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық
суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «в» киши бәндинде шѳлкемлер ҳәм пуқараларды
банкрот деп табыў ҳаққындағы арзалардан базалық есаплаў муғдарының
3 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы
қарарында барлық ислер бойынша даўа арза ҳәм арзалардан базалық есаплаў
муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ѳндирилетуғынлығы
белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленгенлигин есапқа алып,
суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының
3 есеси муғдарында, яғный 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы пул ҳәм арза
бериўши пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди мақул тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасы «Төлеўге
қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 241-статьясын ҳәм Өзбекстан
Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179,
210-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ETTИ:
4
1. Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын.
2. Қарыздар «D*** D***» фермер хожалығы әпиўайыластырылған
процедура бойынша банкрот деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы
ис жүритиў баслансын.
3. «D*** D***» фермер хожалығынан Қ***ның пайдасына 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
4. «D*** D***» фермер хожалығынан республика бюджетине 1 236 000
сом мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Орынлаў хатлар берилсин.
5. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын.
6. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов