← Назад
Решение #2852653 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/895-санлы ис
Судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 4-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили О.М*** (2025-жыл 28-октябрь күнги
105-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили Б.А*** (2025-жыл
17-сентябрь күнги 122-санлы исеним хат)лардың қатнасында, даўагер
« *** *** S***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер
« *** Y*** Q***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 87 000 000 сом
тийкарғы қарызын ҳәм 43 500 000 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасына
тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында
видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер « *** *** S***» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
« *** Y*** Q***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нен 87 000 000 сом тийкарғы қарызын ҳәм 43 500 000 сом пеня
ѳндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
олар судқа усынылған есапбети-фактуралары менен толық тастыйықланып
турғанлығын, сондай-ақ, тасылған жүклер бойынша товар-транспорт
накладнойлары айдаўшылар тәрепинен жуўапкерге тапсырылғанлығын,
бирақ олар имзалап, қайтарып бермей қалғанлығын билдирип, даўа арзасын
қанаатландырыўды ҳәм қарыздарлықларды толық өндириўди сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алмай,
даўагер менен жүк тасыў хызметин көрсетиў бойынша шәртнама
дүзбегенлигин, есапбети-фактуралары алжасық пенен тастыйықланып
кеткенлигин, бундай жағдайлар еки-үш мекеме менен жүз бергенлигин,
даўагер тәрепинен жүк тасылғанлығын тастыйықлаўшы товар-транспорт
накладнойлары ҳәм олардың реестри усынылмағанлығын, тас жеткерип
бериў бойынша басқа фирма менен шәртнама дүзбегенлигин, себеби
өзлериниң карьери бар екенлигин, даўагер даўа талапларын тийкарлап бере
алмағанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды
сорады.
Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап ҳәм ис
бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге
тийкар даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
2
Даўа арзасында баян етилиўине қарағанда, тәреплер ортасында
2025-жыл 3-январь күни 1/2025-санлы шәртнама дүзилип, усы шәртнамаға
муўапық «орынлаўшы» «буйыртпашы» талабына тийкар автотранспортта
жүклерди тасыў хызметин көрсетиў, «буйыртпашы» дүзилген шәртнаманың
2-бәндине муўапық хызмет ҳақысын ҳәр айдың 15-сәнесинен
кешиктирместен толық төлеў миннетлемелерин алған.
Бирақ, даўагер тәрепинен судқа усынылған шәртнама тек даўагер
тәрепинен электрон қолтаңба менен имзаланылған болып, жуўапкер
тәрепинен имзаланылмаған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи) 107-статьясының биринши бөлимине муўапық, жазба түрде
дүзилген питимди, егер ис айланысы әдетлеринен басқаша тәртип келип
шықпаса, тәреплер яки олардың ўәкиллери имзалаўы керек.
ПК 108-статьясының биринши бөлимине муўапық, нотариал
тастыйықланыўы талап етилетуғын питимлерден тысқары, төмендеги
питимлер әпиўайы жазба түрде дүзиледи:
1) юридикалық шахслардың өз-ара ҳәм пуқаралар менен питимлери;
2) пуқаралар арасындағы белгиленген базалық есаплаў муғдарының он
есесинен артық суммадағы питимлер, нызамда белгиленген жағдайларда
болса - питим суммасына қарамастан, басқа питимлер.
ПК 109-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық,
питимниң әпиўайы жазба түрине әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине
алып келмейди, бирақ даў келип шыққан жағдайда тәреплерди питимниң
дүзилгенлигин, мазмунын яки орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери
менен тастыйықлаў ҳуқықынан айырады.
Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмунын ямаса орынланғанлығын
жазба ямаса басқа дәлиллер менен тастыйықлаўға ҳақылы.
Бул жағдайда еки тәреп те юридикалық шахс есапланып, олар
арасындағы шәртнама әпиўайы жазба түрде дүзилиўи ҳәм тәреплердиң
ўәкиллери тәрепинен имзаланыўы керек еди.
Демек, бул жағдайда тәреплер ортасындағы шәртнаманы дүзилген деп
баҳалап болмайды.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының
2009-жыл 18-декабрьдеги «Хожалық шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў ҳәм
бийкар етиўди тәртипке салыўшы пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын
қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 203-санлы қарары
8-бәндиниң жетинши хатбасында берилген түсиниклерге көре, егер
тәреплердиң шәртнамалық ҳуқықый қатнасықларға кирискенлиги жазба
ямаса басқа дәлиллер менен тастыйықланса, шәртнаманың жоқлығы
даўагердиң жеткерип берилген товарлар, орынланған жумыслар, көрсетилген
хызметлердиң баҳасын өндириў ҳаққындағы талапларын қанаатландырыўдан
бас тартыў ушын тийкар бола алмайды.
Даўагер тәрепинен хызметлер көрсетилгенлигин тастыйықлаў
мақсетинде судқа 2025-жыл 1-февраль күнги 1/2025-санлы исленген
жумыслардың акти ҳәм есапбети-фактурасы, сондай-ақ, 2025-жыл
3
28-февраль күнги 3/2025-санлы исленген жумыслардың акти ҳәм есапбетифактурасы усынылған.
Есапбети-фактуралары жуўапкер тәрепинен электрон имза менен
имзаланылған болса да, исленген жумыслардың актлери имзаланылмаған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл
14-августтағы 489-санлы қарары менен тастыйықланған «Есапфактуралардың формалары және оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл етиў
тәртиби ҳаққында»ғы Реже 63-бәндиниң үшинши хатбасына муўапық,
ҳақыйқатында әмелге асырылмаған хожалық операциялары бойынша
рәсмийлестирилген есапбети-фактуралары товарлардың жөнетилгенин яки
хызметлер көрсетилгенин тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында тән
алынбайды.
Өзбекстан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамы
14-статьясының биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық,
операциялар әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы басланғыш есап
ҳүжжетлери ҳәм оларды өткериўге байланыслы бийликлер хожалық
операцияларының бухгалтериялық есабы ушын тийкар болады. Хожалық
жүргизиўши субъектлер тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын
товарлар (жумыслар, хызметлер)дың ҳақысы банктиң корпоратив пластик
карталарынан пайдаланған ҳалда төленгенде төлем терминалларының
чеклери де басланғыш есап ҳүжжетлери деп тән алынады.
Есабат дәўирине тийисли болған хожалық операциялары, егер олардың
әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынбаған болса,
тийисли басланғыш ҳүжжет рәсмийлестирилип, бухгалтерия есабында
көрсетиледи.
Басланғыш
есап
ҳүжжетлериниң
мәжбүрий
реквизитлери
төмендегилер:
бухгалтерия есабы субъектиниң аты;
ҳүжжеттиң аты ҳәм номери, ол дүзилген сәне ҳәм орын;
хожалық операциясының аты, мазмуны ҳәм өлшем бирликлери
көрсетилген муғдар өлшеми (натура ҳәм пулда көрсетилген ҳалда);
хожалық
операциясын
орынлаған
шахслардың
(шахстың)
идентификациялаў ушын зәрүр болған фамилиясы ҳәмде аты ҳәм әкесиниң
аты бас ҳәриплери ямаса басқа реквизитлери көрсетилген ҳалда
лаўазымларының атамалары ҳәм қолтаңбалары.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2024-жылы
30-июльда 3538-сан менен дизимге алынған «Бухгалтерия есабында
ҳүжжетлер ҳәм ҳүжжетлер айланысы ҳаққында»ғы Режениң 2-бәндине
муўапық, шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылатуғын барлық хожалық
операциялары тастыйықлаўшы ҳүжжетлер менен рәсмийлестирилиўи лазым.
Бул ҳүжжетлер басланғыш есап ҳүжжетлери болып хызмет етеди ҳәм олар
тийкарында бухгалтерия есабы жүргизиледи.
Бул жағдайда даўагер тәрепинен судқа жуўапкердиң жүклери тасып
берилгенлигин тастыйықлаўшы, тийисли тәртипте рәсмийлестирилген акт,
товар-транспорт накладнойлары яки басқа да жазба дәлийллер, яғный
4
хожалық операциялары әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы басланғыш есап
ҳүжжетлери усынылмады.
Есапбети-фактурасы хожалық операциялары әмелге асырылғанлығын
тастыйықлаўшы басланғыш есап ҳүжжети болып есапланбайды, ал
Өзбекстан
Республикасы
Министрлер
Кабинетиниң
2020-жыл
14-августтағы 489-санлы қарары менен тастыйықланған «Есапфактуралардың формалары және оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл етиў
тәртиби ҳаққында»ғы Реже 2-бәндиниң 3-хатбасына муўапық, қосылған қун
салығы бойынша салық салыў айланбасы ҳәм реализацияны есапқа алыў
ушын жүргизилетуғын ҳүжжет болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 68-статьясының биринши ҳәм
бесинши бѳлимлерине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс ѳз
талаплары ҳәм наразылықларына тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Егер тәреп суд тәрепинен талап етилип атырған дәлийлди өзинде услап
турған ҳәм суд сораўы менен белгиленген мүддетте оны усынбай атырған
болса, ондағы мағлыўматлар сол тәрептиң мәплерине қарсы қаратылған деп
болжанады ҳәм ол тәрепинен тән алынған деп есапланады.
Бул жағдайда даўа талаплары даўагер тәрепинен судқа усынылған
ҳүжжетлер менен өз тастыйығын таппағанлығы себепли суд даўа арзаны
толық қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы,
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс
режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы
кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
5
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, жоқарыдағы Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарлары
2-бәндиниң 2-түсиндирмесинде киши исбилерменлик субъектлери әмелге
асыратуғын исбилерменлик жумыслары шеңберинде судларға мүрәжат етиў
ўақтында усы бәнттиң «а» – «г» ҳәм «е» киши бәнтлеринде көрсетилген
белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы
төлейтуғынлығы белгиленип қойылған.
Бул жағдайда даўагер Нөкис районы статистика бөлиминиң 2025-жыл
25-июль күнги 01/1-30-05/2-29-санлы мағлыўматнамасы бойынша киши
исбилерменлик субъектлери қатарына киргенликтен, ол тәрепинен ис
бойынша алдыннан 1 305 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 42 000 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд ис бойынша төленген суд қәрежетлерин даўагердиң
мойнында қалдырыўды ҳәмде даўагерден Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы
судының
депозит
есап
бетине
103 000
сом
суд
мәжилиси
видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд
қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер « *** *** S***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети
тәрепинен төленген 1 305 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 42 000 сом почта
қәрежети өзиниң мойнында қалдырылсын.
Даўагер « *** *** S***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд
мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен
байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов