← Назад
Решение #2852700 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1203-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Қоңырат районы
2025-жыл 4-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз,
М***ның жуўапкер « *** T*** I***» жуўапкершилиги шекленген
жәмийети менен 2025-жыл 9-январь күни дүзилген 1015533/123-24-санлы
ижара шәртнамасын бийкарлаўды ҳәм бес күн ишинде ижара объектин
тапсырыў миннетлемесин жүклеўди сораған даўа арзасына тийкар
қозғатылған экономикалық исти «Q*** B***» бирлеспесин иске даўаның
предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс
сыпатында тартқан ҳалда судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер М*** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер « *** T***
I***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) менен 2025жыл 9-январь күни дүзилген 1015533/123-24-санлы ижара шәртнамасын
бийкарлаўды ҳәм бес күн ишинде ижара объектин тапсырыў миннетлемесин
жүклеўди сораған.
Судтың 2025-жыл 17-октябрь күнги уйғарыўына тийкар «Q*** B***»
бирлеспеси (буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүритиледи) иске
даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши
шахс сыпатында тартылған.
Даўагер даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды сорағанлығын есапқа алып, суд исти Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп
жүритиледи) 170-статьясының екинши бөлимине муўапық оның ўәкили
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Сондай-ақ, истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда,
жуўапкерди суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў
мақсетинде жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген
мәнзилде жоқлығы себепли оған тапсырылмаған.
ЭПК 128-статьясы екинши бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық,
суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан
жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген
уйғарыўдың көширме нусқасы мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли
тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар еткен
2
болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен
тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады.
Сонлықтан, суд жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК 170-статьясының
үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көриўди лазым
тапты.
Үшинши шахс та суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын
тәмийинлемеди.
Суд истеги ҳүжжетлерде оны суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти ЭПКниң 128 ҳәм 170-статьяларына
муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип,
төмендегилерге тийкар даўа арзасын көрместен қалдырыўды лазым
тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл
3-ноябрь күни М-62-санлы медиатив келисим дүзилген.
ЭПКниң 131-статьясына муўапық, тәреплер тартысты келисим
питимин яки медиатив келисим дүзип шешиўи мүмкин.
Келисим питими яки медиатив келисим даўа тәртибиндеги ҳәр қандай
ис бойынша дүзилиўи мүмкин.
Келисим питими экономикалық суд ислерин жүритиўдиң ҳәр қандай
басқышында ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў барысында, медиатив келисим
болса биринши инстанция судында суд бөлек ханаға (ойласық ханасына) суд
ҳүжжетин қабыл қылыў ушын шыққанға шекем тәреплер тәрепинен
дүзилиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы «Медиация ҳаққында»ғы Нызамының
16-статьясына тийкар, медиацияны қоллаў ҳаққындағы келисим
шәртнамадағы оның қурамындағы бөлеги болған шәрт тәризинде яки өз
алдына келисим тәризинде жазба түрде дүзиледи.
Медиацияны қоллаў ҳаққындағы келисимде тәреплер ортасында келип
шыққан яки келип шығыўы мүмкин болған барлық яки белгили тартыслар
медиация процедурасын әмелге асырыў жолы менен шешилиўи кереклиги
ҳаққындағы қағыйда болыўы лазым.
Медиацияни қоллаў ҳаққындағы келисимде тартыс предмети
ҳаққындағы, медиация процедурасын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы,
медиация процедурасын әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерде
тәреплердиң қатнасыў шәртлери ҳаққындағы, медиация процедурасын
әмелге асырыў мүддетлери ҳаққындағы мағлыўматлар болыўы мүмкин.
ЭПК 107-статьясының 53-бәндине көре, тәреплер ортасында медиатив
келисим дүзилген болса, экономикалық суд даўа арзасын көрместен
қалдырады.
Суд усынылған медиатив келисимди ҳәмде ис ҳүжжетлерин үйренип
шығып, тәреплер ортасында имзаланған медиация келисимин нызам
3
талаплары тийкарында рәсмийлестирилген деп таўып, даўаны көрместен
қалдырыўды лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл
19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарары 17-бәндиниң төртинши хатбасында
мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа
шахслар юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәпинде кириткен даўа
арзалары (арзалар) көрместен қалдырылғанда яки ис өндиристен
қысқартылғанда мәмлекетлик бажы мәпи гөзленип даўа киритилген
даўагерлерден өндирилетуғынлығы, буған «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамның 18-статьясына көре, даўа көрместен қалдырылған яки ис
өндиристен қысқартылған жағдайлар кирмейтуғынлығы ҳаққында түсиник
берилген.
Өзбекстан
Республикасы
«Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында»ғы
Нызамының 18-статьясы биринчи бөлиминиң 9-бәндинде, егер тәреплер
ортасында медиатив келисим дүзилген болса ҳәм арза көрместен
қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы кереклиги
көрсетилген.
Сол себепли, суд ис бойынша тәреплерден мәмлекетлик бажы
өндирмеўди ҳәм төленген 41 200 сўм почта қәрежетин даўагердиң мойнында
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 107-статьясы 53-бәнди ҳәм 195-статьяларын
басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сўм почта қәрежети даўагер
М***ның мойнында қалдырылсын.
Уйғарыў үстинен ол шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы
суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте
арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген уйғарыў үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен
баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест)
келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов