← Назад
Решение #2852709 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2196-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 4 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокуроры жәрдемшиси А.Арзымуратов, арза бериўши ўәкили ****
(2025 жыл 28 сентябрь күнги 01/18-3354-санлы исеним хат тийкарында)тың
қатнасыўында, арза бериўши *****ниң жуўапкер Нөкис қаласы *****
жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қарата Жәмийеттиң экологиялық
экспертиза жуўмағын алғанға шекем искерлигин ўақтынша тоқтатып турыў
ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти *****
имаратында көшпели ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Арза бериўши ***** (буннан кейин текстте арза бериўши деп
жүритиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер *****
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)не қарата кәрхананың экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға
шекем искерлигин ўақтынша тоқтатып турыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талаплары тийкарлы деп,
арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабардар етилген болса да, өз ўәкилиниң суд мәжилисинде исеним хат
тийкарында қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
129, 170-статьяларына тийкар жуўапкер ўәкилисиз көриўди лазым табады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор арзаны қанаатландырыў
ҳаққында пикир билдирди.
Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахстың
түсиндирмелерин,
прокурор
пикирин
тыңлап,
арзаны
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги
тәрепинен Республика аймағында алып барылған текериў нәтийжесине көре
Нөкис қаласында өз искерлигин алып барып атырған ***** жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң искерлигин әмелге асырыў ушын Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-сентябрь күнги
«Қоршаған орталықтың тәсирин баҳалаў механизимин жәнеде жетилистириў
ҳаққында»ғы 541-санлы Қарарының 2-қосымшасында көрсетилген тийисли
категорияға тийкар мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағын алыўы
лазым болса да, экологиялық экспертиза жуўмағын алмағанлығы анықланған.
Өзбекстан Республикасының «Экологиялық экспертиза ҳаққында»ғы
Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи)ның 11-статьясында
мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи шәрт болған
объектлерге әмелдеги қоршаған тәбыйғый орталықтың жағдайына ҳәм
пуқаралардың ден-саўлығына кери тәсир тийгизиўши ислеп турған
кәрханалар ҳәм басқа объектлер киретуғынлығы көрсетилген.
Нызамның 13-статьясына муўапық, усы Нызамның 11-статьясында
көрсетилген объектлерди мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткериў
мәжбүрий екенлиги, мәмлекетлик экологиялық экспертизасы Өзбекстан
Республикасы Экология қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи
мәмлекетлик комитетиниң, *****ниң қәнийгелескен экспертиза бөлимлери
тәрепинен өткерилетуғынлығы белгиленген.
Усы анықланған жағдайлар бойынша мәмлекетлик экологиялық
экспертизасы орайының жуўмағын алыў бойынша жуўапкерге жиберилген
2025 жыл 18 июнь күнги 02-01/18-1995-санлы ескертиў хаты бойынша
кемшиликлер сапластырылмаған.
Сонлықтан, арза бериўши жуўапкердиң экологиялық экспертиза
жуўмағын алғанша искерлигин ўақтынша тоқтатып турыў ҳаққындағы арза
менен судқа мүрәжат еткен.
ЭПКниң 217-статьясына тийкар қоршаған тәбыйғый орталыққа зыянлы
кери тәсирин көрсетип атырған объектлер искерлигин тоқтатыў ҳәм (яғный)
қайта жәнеде жетилистириў, искерлигин шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм кадаған
етиў, буннан айырықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәмде халықтың өмири ҳәм
ден-саўлығы ушын басқа хақыйқый қәўип жүзеге келиўиниң алдын алыў
менен байланыслы болған жағдайда искерликти он ис күнинен артық
болмаған мүддетке шеклеў, тоқтатып турыў жағдайларынан тысқары, сондайақ, суд нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықый тәсир шараларын да қоллаўы
мүмкин.
ЭПКниң 222-статьясы үшинши бөлимине көре, ҳуқықый тәсир шарасын
қоллаў туўрысында билдирилген талап қанаатландырылған жағдайда, суд
шешиўши қарарының жуўмақлаўшы бөлиминде искерлик шекленетуғын,
тоқтатып турылатуғын ҳәм қадаған етилетуғын мүддет көрсетилиўи керек.
Солай етип, суд анықланған жағдайларға тийкарланып, арза талабын
тийкарлы деп таўып, жуўапкердиң искерлигин ўақтынша экологиялық
экспертиза жуўмағын алғанға шекем бирақ бир айдан аспаған мүддетке
тоқтатып турыўды мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына тең рәўиште олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан
Республикасы
«Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында»ғы
Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19-бәнтине тийкар арза бериўши
ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша
мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажыны
өндирмеўди, алдын ала төленген 41 200 сом почта қәрежетин жуўапкерден
арза бериўши пайдасына өндириўди лазым табады.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 176-179, 217, 221, 222-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер ***** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң искерлиги
ўақтынша экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем бир айдан
аспаған мүддетке тоқтатып турылсын.
Жуўапкер ***** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****
пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап 10 күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериўи, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўи
мүмкин.
Судья
Г.Арзиева