← Назад
Решение #2852756 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2156-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 4 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили **** (2025 жыл 4 ноябрь күнги 23/25-139-санлы исеним хат
тийкарында) жуўапкер ўәкили **** (2025 жыл 1 ноябрь күнги 22-санлы
исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши ****ның
жуўапкер Тахиятас районы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине
қолланылған 82 400 000 сом жәрийма ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Арза бериўши **** (буннан кейин текстте – арза бериўши деп
жүритиледи) жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине (буннан
кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи) 82 400 000 сом финанс
қолланылған жәрийманы, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде арза талабына наразы екенлигин
билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы
шахслардың түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, арзаның талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық,
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм
атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң
басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Өзбекстан Республикасы Президенти
жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы
мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Аппараты келисими (код-558-138-737) ҳәм
арза бериўшиниң 2025 жыл 22 август күнги 18-2-23/29-189-санлы буйырығы
тийкарында истеги жуўапкер-жәмийет баслығы ***** қатнасында, жуўапкер
тәрепинен тәбий газден пайдаланыў ушын руҳсат етиў ҳүжжетлери ҳәмде
руҳсат етиўге байланыслы талаплардың ҳәм шәртлериниң орынланыўы
бойынша тексериў өткизилген.
Тексериўге байланыслы ҳүжжетлер көширмелерин жуўапкер-жәмийет
баслығы ****тың алғаны тил хат пенен тастыйықланады.
Өткерилген тексериў нәтийжеси менен 2025 жыл 27 август күни 18-0223/29-189-санлы акт дүзилген. Бул актке жуўапкер тәрептиң наразалығы
болмаған.
Анықланыўынша акт мамунында, Өзбекстан Республикасы Министрлер
Кабинетниң 2022 жыл 22 февраль күнги «Арнаўлы электрон дизими арқалы
руҳсат етиў қәсийетине ийе айрым ҳүжжетлерди бериў тәртиплери
туўрысында бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 86-санлы
қарарының 5-қосымшасы талабындағы «рўҳсат» алынбастан 2023 жылдан
тексериў басланған күнине шекем яғный, 2023 жылда 152 575 м3, 2024 жылда
174 006 м3 ҳәм 2025 жыл 27 август жағдайына тексериў басланған күнине
шекем 112 407 м3 тәбий газден пайдаланғаны көрсетилген.
Лицензиялаў, руҳсат бериў ҳәм хабардор қылыў тәртиплери
тараўындағы ҳуқықбузарлықтың исленгени ушын жәрийма салыў ҳаққындағы
арза бериўшиниң 2025 жыл 4 март күнги 108-санлы қарарында Өзбекстан
Республикасы «Лицензиялаў, руҳсат бериў ҳәм хабардор қылыў тәртиплери
ҳаққында»ғы Нызам талапларына жуўапкер әмел қылмағаны ушын оған
базалық есаплаў муғдарының 200-есесиндеги жәриймасы салынған. Бул қарар
нызамлы күшинде.
Салынған жәрийма жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште
қапланбаған. Нәтийжеде арза бериўши судқа жәрийманы өндириў талабы
тийкарында мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 73статьясы үшинши бөлимине тийкар, пуқаралық ислери бойынша судының яки
ҳәкимшилик судының нызамлы күшине кирген шешиўши қарары басқа исти
көрип атырған экономикалық суд ушын пуқаралық ислери бойынша судының
яки ҳәкимшилик судының шешиўши қарарында анықланған ҳәм исте
қатнасыўшы шахсларға тийисли болған жағдайларға байланыслы мәселелер
бойынша мәжбурий екенлиги белгиленген.
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының 2025 жыл 16 сентябрь
күнги 3-2301-2503/4413-санлы қарарында **** жуўапкершилиги шекленген
жәмийетиниң баслығы **** Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик
жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 165-статьясы үшинши бөлиминде
нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген деп табылған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал
нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының
17-бәнтиниң екинши хат басында, айыплылық туўрысындағы мәселени
шешпей турып, жынаят исин қысқартыў ҳаққындағы уйғарыў (қарар) яки
жынаят исин қозғаўдан бас тартыў ҳақкында қарар ямаса шахсты ҳәкимшилик
жуўапкершиликке тартыў ҳаққында қарар, олар (уйғарыў, қарар) менен
анықланған жағдайларда ҳуқықый баҳа бериўде, дәлийл сыпатында
қабылланыўы мүмкинлиги бойынша түсиник берилген.
Жоқарыдағыларды есапқа алып, суд даўа талабын тийкарлы таўып,
жуўапкерден даўагер пайдасына алдын қолланылған 82 400 000 сом
жәрийманы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан 1 648 000 сом мәмлекетлик
бажы жуўапкерден республика бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118, 176-179, 221, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
****ның арзасы қанаатландырылсын.
Тахиятас районы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
****ның пайдасына қолланылған 82 400 000 сом финанс жәрийма ҳәм 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин.
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине
1 648 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар 10 (он) күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм
шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он
күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция
тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест
келтириўге ҳақылы.
Судья
Г.Арзиева