← Назад
Решение #2852770 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1546-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 04 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
К.Данияровтың ҳәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХХ (2025 жыл 09
январь күнги 03-03/6-санлы исеним хат тыйкарында)тың қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпакстан
Республикасы
басқармасының даўагер “ХХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң
мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХХ" фермер хожалығынан 8 966 781 сом
мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 321 606 сом пайыз, жәми 9 288
387 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық
экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы
(буннан
кейин
текстте
Палата
деп
жүритиледи)
даўагер “ХХХХХХ” акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХХ" фермер
хожалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 8 966 781 сом
мүддети
тийкарғы
кредит
қарыздарлығы,
321 606 сом пайыз, жәми 9 288 387 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген
почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат еткен.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен
қарыздарлық толық төленгенлигин билдирип, даўа арза талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм
жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын
үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза
талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024
жылы 21 сентябрь күни 5427-N5DGYQ -санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта өними
жыйнап-терип алыў мақсетинде 10 ай мүддетке 10% пайыз ставкасы төлеў
шәрти менен 89 481 600 сом муғдарында кредит ажратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки
басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда
ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе
болады.
Кредит шәртнамасының 1.1, 5.5-бәнтинлере муўапық шәртнаманың
ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм
пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 8 966 781 сом тийкарғы
кредит қарыздарлығы, 321 606 сом пайыз, жәми 9 288 387 сом мүддети өткен
кредит қарыздарлығы қураған.
Банктиң
2025
жыл
04
ноябрьде
берилген
3120-санлы
мағлыўматнамасында жуўапкердиң банк алдында кредит қарыздарлығы толық
сөндирилгенлиги көрсетилген.
Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы қанаатландырыўсыз
қалдырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи, усы статьяның бесинши бөлимине муўапық
даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен
ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң
мойнына жүкленеди деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына
төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
етти:
Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"ХХХХХХ" фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық
“ХХХХХХ” пайдасына төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
"ХХХХХХ" фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова