← Назад
Решение #2852850 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1536-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 04 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
К.Данияровтың ҳәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХХ (2025 жыл 09
январь күнги 03-03/6-санлы исеним хат тыйкарында)тың қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпакстан
Республикасы
басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң
мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығынан 14 919 898 сом
мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 807 661 сом пайыз, жәми 15
727 559 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық
экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ”
акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығы
(буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 14 919 898 сом мүддети
тийкарғы
кредит
қарыздарлығы,
807 661 сом пайыз, жәми 15 727 559 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген
почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат еткен.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қоллапқуўатлады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм
жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын
үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза
талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024
жылы 24 сентябрь күни 6255-DZMTGW -санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта өними
жыйнап-терип алыў мақсетинде 10 ай мүддетке 10% пайыз ставкасы төлеў
шәрти менен 85 690 800 сом муғдарында кредит ажратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
1
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки
басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда
ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе
болады.
Кредит шәртнамасының 1.1, 5.5-бәнтлерине муўапық шәртнаманың
ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм
пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 14 919 898 сом тийкарғы
кредит қарыздарлығы, 807 661 сом пайыз, жәми 15 727 559 сом мүддети өткен
кредит қарыздарлығы қураған.
Банктиң
2025
жыл
04
ноябрьде
берилген
3051-санлы
мағлыўматнамасында мүддети өткен кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары,
пайыз қарыздарлығы) 16 134 430 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек
кредит қарыздарлығы өскен.
Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы тийкарлы ҳәм
қанаатландырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўды,
исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 14 919 898 сом
мүддети тийкарғы кредит қарыздарлығы, 807 661 сом пайыз, жәми 15 727 559
сомды ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
етти:
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
"ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық
“ХХХХХ” пайдасына 14 919 898 сом мүддети тийкарғы кредит
қарыздарлығы, 807 661 сом пайыз, жәми 15 727 559 сом қарыздарлықты
ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
2
"ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3