Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1542 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 1b6e1834-618e-4191-a7b2-596bacafb744 Claim ID PDF Hash b6bfd0f4913e18f4... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1542-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИӮШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 04 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығынан 5 277 825 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 289 196 сом пайыз, жәми 5 567 021сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар экономикалық исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 5 277 825 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 289 196 сом пайыз, жәми 5 567 021 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейин текстте – ЭПК) 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024 жылы 22 сентябрь күни 5668-NZD28H -санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта өними жыйнап-терип алыў мақсетинде 10 ай мүддетке 10% пайыз ставкасы төлеў шәрти менен 117 561 600 сом муғдарында кредит ажратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине 1 ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. Кредит шәртнамасының 1.1, 5.5 -бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 5 277 825 сом тийкарғы кредит қарыздарлығы, 289 196 сом пайыз, жәми 5 567 021 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы қураған. Бирақ жуўапкер кредит қарыздарлықты қысман төлеген. Банктиң 2025 жыл 04 ноябрьде берилген 3066-санлы мағлыўматнамасында жуўапкердиң банк алдында мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы 3 659 279 сом, пайыздан қарызы 40 102 сом, жәми 3 699 381 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы төленген сумма шегирген ҳалда, қысман қанаатландырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи, усы статьяның бесинши бөлимине муўапық даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 3 659 279 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 40 102 сом пайыз, жәми 3 699 381 сом мүддети өткен кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының 1 Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын басшылыққа алып, суд 2 қарар етти: Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын. “ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық “ХХХХХ” пайдасына 3 659 279 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қәрызы, 40 102 сом пайыз, жәми 3 699 381 сом мүддети өткен кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3