Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2146 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 980df8b5-5cad-40d8-8c1b-d535e5abcfa7 Claim ID PDF Hash 95eb7eebaa124f63... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2146-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 04-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили ** (2025-жыл 08-январь күнги 01-101/01-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейин-палата) даўагер **ниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен мүддети өткен 23 383 413.35 ом тийкарғы қарызын, 6 573 631,41 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Палата даўагер **ниң мәпинде жуўапкер “**” ЖШЖнен мүддети өткен 23 383 413.35 ом тийкарғы қарызын, 6 573 631,41 сом процент, төленген почта өндириўди сораған. Даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзада талап қылынған кредит, процент төлемлери қысман сөндирилгени ҳаққындағы мағлыўматын усынып, даўаның қалған талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд ис материалларын үйренип шығып, даўагер банк ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк филиалы ҳәм жуўапкер орталарында 2021-жыл 09-декабрь күни дүзилген 59/2021-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 60-ай мүддетке, жыллық 14% ставкада жәми 550 000 000 сом кредит қаржылары ажыратылған. Кредит мақсети автомобиллерге техникалық ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў орайы имаратын қурыў болып белгиленген. Усынылған даўа арзада жуўапкердиң 2025-жыл 10-сентябрь күнине жәми 29 957 044,76 сом қарызлары көрсетилген. Кредит шәртнамасының 5,6,7-бөлимлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Жуўапкер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы қарызды төлеў ҳаққындағы даўагер банктиң ескертиў хатлары жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Сонлықтан қалдық кредит, процент қарызларын өндириў талаплары тийкарлы табылады. Суд даўа талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына мүддети өткен 4 186 026,11 сом тийкарғы қарыз, 652 143,90 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Суд талап кылынған суммадан келип шыққан ҳалда 599 140,89 сом мәмлекетлик бажыны жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен **ниң пайдасына мүддети өткен 4 186 026,11 сом тийкарғы қарыз, 652 143,90 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “**” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 599 140,89 сом мәмлекетлик бажы пул ондирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов