← Назад
Решение #2853036 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1534-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 04 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпакстан
Республикасы
басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң
мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығынан 3 623 974 сом
мүддети
өткен
тийкарғы
кредит
қарыздарлығы,
330 761сом пайыз, жәми 3 954 735 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген
почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар экономикалық
исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ”
акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы
(буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 3 623 974 сом мүддети
тийкаргы
кредит
қарыздарлығы,
330 761 сом пайыз, жәми 3 954 735 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген
почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейин
текстте – ЭПК) 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық
жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл
етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес
күнлик мүддет ишинде судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм
дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның
көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет
қосымша қылынады.
Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар
қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир
усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби
бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды.
Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир
усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў
тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар
даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024
жылы 24 сентябрь күни 6254-BZFM19 -санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта өними
1
жыйнап-терип алыў мақсетинде 10 ай мүддетке 10% пайыз ставкасы төлеў
шәрти менен 84 037 200 сом муғдарында кредит ажратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки
басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда
ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе
болады.
Кредит шәртнамасының 1.1, 5.5 -бәнтлерине муўапық шәртнаманың
ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм
пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 3 623 974 сом тийкарғы
кредит қарыздарлығы, 330 761 сом пайыз, жәми 3 954 735 сом мүддети өткен
кредит қарыздарлығы қураған.
Банктиң 2025 жыл 04 ноябрьде берилген мағлыўматнамасында мүддети
өткен кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары, пайыз қарыздарлығы)
4 086 290 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек кредит қарыздарлығы
өскен.
Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы тийкарлы ҳәм
қанаатландырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўды,
исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 3 623 974 сом
мүддети тийкарғы кредит қарыздарлығы, 330 761сом пайыз, жәми 3 954 735
сомды ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
1
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
етти:
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
2
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық
“ХХХХХ”
пайдасына
3 623 974 сом мүддети тийкарғы кредит қарыздарлығы, 330 761 сом пайыз,
жәми 3 954 735 сом қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3