Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/896 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID fee5ac37-d900-48b0-b7c7-76474cec01f8 Claim ID PDF Hash b0a609e5bf85dbad... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/896-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 4-ноябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили Б.Ж*** (2025-жыл 27-октябрь күнги 2-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер жеке исбилермен К*** Г*** К*** кызының қатнасында, даўагер «S*** U***» жеке меншик кәрханасының жуўапкер жеке исбилермен К*** Г*** К*** кызынан 33 000 000 сом тийкарғы қарызын ҳәм 19 800 000 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «S*** U***» ЖМК (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ЖИ К*** Г*** К*** кызы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 33 000 000 сом тийкарғы қарызын ҳәм 19 800 000 сом пеня ѳндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер жеткизип берилген үскенелерден пайдаланып қойғанлығын, енди оларды қайтарып алыўдың мүмкиншилиги жоқ екенлигин, жуўапкер тәрепинен төленген 2 000 000 сомды үскенелерди алып келиў ушын сарыпланған жол ҳақы ушын қабыл еткенлигин билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўды ҳәм жуўапкерден тийкарғы қарызын ҳәм пенясын өндирип бериўди сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде даўагер тәрепинен жеткизип берилген затлар сыпатсыз болып шыққанлығын, сол себепли затларын алып кетиўин талап ететуғынлығын, сериялары дурыс келмегенлиги себепли кредит берилмегенлигин, енди кредит алмайтуғынлығын, даўагер тәрепинен 2 000 000 сом тийкарсыз алынғанлығын билдирип, даўагерге төленген 2 000 000 сомды қайтарып бериўди ҳәм өзинен затлардың пулларын өндирмеўди сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап ҳәм истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына муўапық, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. 2 Ҳәркимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, бийғәрез ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасында көрсетилген тийкарлардан келип шыққан. ПКниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ке мүлик қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл қылып алыў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын (баҳасы) төлеў миннетлемесин алады. ПК 419-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызам ҳүжжетлери яки алды-сатты шәртнамасының шәртлеринен товар баҳасын белгиленген мүддетте төлеў миннетлемеси келип шықпаса, сатып алыўшы оны сатыўшы өзине товарды яки усы товарды өзлестириў ҳүжжетлерин бергенинен соң кешиктирместен төлеўи лазым. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 8-май күни 1№2634820 ҳәмде 1№2634536-санлы шәртнамалар дүзилген болып, усы шәртнамалардың 1.1-бәндине тийкар, «хызмет көрсетиўши» усы шәртнамаларға муўапық «сатып алыўшы»ға оларда көрсетилген товарларды сатыў яки хызметлер көрсетиў, «сатып алыўшы» болса усы товар яки хызметлерди қабыл етип алыў ҳәм өз ўақтында ҳақысын төлеў миннетлемелерин алған. Соған муўапық даўагер тәрепинен жуўапкерге жәми 16 200 000 сомлық холодильник ҳәм 16 800 000 сомлық фризер, жәми 33 000 000 сомлық товарлар жеткизип берилген болып, булар суд мәжилисинде тәреплердиң берген көрсетпелери ҳәмде истеги тәреплер ортасында тастыйықланған есапбети-фактуралары, мониторинг актлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Министлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-августтеги 489-санлы қарары менен тастыйықланған «Есапбетифактуралардың формалары ҳәмде оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл қылыў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 2-бәндине тийкар есапбети-фактура – Өзбекстан Республикасының Салық кодексине муўапық оны усыныў миннетлемесине ийе болған товарларды (хызметлерди) сатыўшы (жеткизип бериўши) тәрепинен рәсмийлестирилетуғын қатаң белгиленген үлгидеги (форматтағы), товарлар ҳақыйқатта жөнетилгенлигин яки хызметлер көрсетилгенлигин ҳәм олардың баҳасын тастыйықлаўшы ҳүжжет болып есапланады. Бирақ, жуўапкер тәрепинен даўагерге жеткизип берилген товарлар ушын 33 000 000 сом қарыздарлық бүгинги күнге шекем төлеп берилмеген. 3 Даўагер тәрепинен жуўапкерге талапнама менен мүрәжат етилген болса да, даўагердиң талапнамасы жуўапкер тәрепинен орынланбастан, ақыбетсиз қалдырылған. Шәртнамалардың 2.2-бәндине муўапық, товарлар жеткизилгенинен кейин тәреплер ортасында электрон есапбети-фактуралары дүзилиўи, 2.3-бәндине муўапық, шәртнамалардың 1.1-бәндинде белгиленген қаржылар «сатыўшы»ға «сатып алыўшы»ның кредит қаржылары ҳәм/яки өз қаржылары есабынан жеткизип берилген товарлар ҳәким жәрдемшиси тәрепинен мониторинг акти тастыйықланған сәнеден кейин 3 банк ис күнинде төлеп берилиўи лазым болған. Бундай актлер 2025-жыл 8-май сәнеси менен дүзилип, Таллы өзек МПЖ ҳәким жәрдемшиси ҳәм банкирлери тәрепинен 11-13-май күнлери электрон имзалар менен имзаланылған. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Демек, бул жағдайда даўагердиң бул талабы суд мәжилисинде толық ѳз тастыйығын тапқанлығы себепли суд даўа талапларының бул бѳлегин толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 33 000 000 сом тийкарғы қарызын ѳндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден 19 800 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы талабын қысман тийкарлы деп есаплайды. Себеби Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлер искерлигиниң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамы 32-статьясының екинши бөлиминде жеткизип берилген товарлар (жумыслар, хызметлер) ушын ҳақыны өз ўақтында төлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпашы) жеткизип бериўшиге өткизип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген төлем суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы кѳрсетилген. Жуўапкер тәрепинен жеткизилген товарлар ушын төлемлер белгиленген мүддетлерде толық әмелге асырылмастан, бүгинги күнге дейин кешиктирилип келинген. Бирақ, даўагер тәрепинен пеняның муғдарын есаплаўда қәтеликке жол қойылған. Яғный, жеткизип берилген холодильник бойынша мониторинг акти 2025-жыл 12-май күни имзаланылған болып, оның ҳақысын төлеў миннетлемеси жуўапкерде 2025-жыл 16-майдан баслап жүзеге келген ҳәм кешиктирилген күнлер 13-сентябрьге дейин 121 күнди қурайды. Холодильниктиң баҳасы 16 200 000 сом болып, оның 0,4 пайызы 64 800 сомды қурайды. Демек, холодильниктиң баҳасын кешиктиргенлик ушын жуўапкерге 7 840 800 сом (64 800 * 121 = 7 840 800) пеня есапланыўы лазым. Сондай-ақ, жеткизип берилген фризер бойынша мониторинг акти 2025-жыл 13-май күни имзаланылған болып, оның ҳақысын төлеў 4 миннетлемеси жуўапкерде 2025-жыл 17-майдан баслап жүзеге келген ҳәм кешиктирилген күнлер 13-сентябрьге дейин 120 күнди қурайды. Фризердиң баҳасы 16 800 000 сом болып, оның 0,4 пайызы 67 200 сомды қурайды. Демек, холодильниктиң баҳасын кешиктиргенлик ушын жуўапкерге 8 064 000 сом (67 200 * 120 = 8 064 000) пеня есапланыўы лазым. Бул жағдайда даўагер тәрепинен жуўапкерге жеткизип берилген товарлар ушын жәми 15 904 800 сом (7 840 800 + 8 064 000 = 15 904 800) пеня есапланылыўы лазым еди. Сол себепли даўа талабындағы 19 800 000 сом пеняның 3 895 200 сомы тийкарсыз болып есапланады. ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелериниң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын, сондай-ақ даўагердиң мәплерин де итибарға алып, тийкарлы деп есапланылған пеняны 3 200 000 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Соның менен бирге, суд жуўапкердиң товарлардың сыпатсызлығы ҳаққындағы ўәжлерин инабатқа алмаўды лазым тапты. Себеби, бул жағдайда даўа талабы жеткизип берилген товарлардың ҳақысын өндириўге қаратылған болып, олардың сыпаты бойынша даўласылып атырғаны жоқ. ПК 451-статьясының биринши бөлиминде тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған товарлар жеткерип берилген сатып алыўшы (алыўшы) өним 5 жеткизип бериўшиге усы Кодекстиң 434-статьясында нәзерде тутылған талапларды қойыўға ҳақылы екенлиги, жеткизип берилген товарлардың сыпатсызлығы ҳаққында сатып алыўшыдан хабар алған өним жеткизип бериўши жеткизип берилген товарларды тийисли дәрежеде сыпатлы товарлар менен дәрҳал алмастырған жағдайлар буған кирмейтуғынлығы көрсетилген. Сондай-ақ, суд жуўапкердиң даўагерге төленген 2 000 000 сомды қайтарып бериў ҳаққындағы ўәжлери менен де келисе алмайды. Себеби, жуўапкер тәрепинен усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, бул пуллар « zn »мобиль дәстүри арқалы 2 мәртебе пуқара Жузимгүл Тилеумуратоваға бөлип-бөлип өткерип берилген. « zn »мобиль дәстүринен жаратылған квитанцияларда төленген пуллар истеги шәртнамалардан келип шыққанлығы, «S*** U***» ЖМКна төлеп берилгенлиги ҳәмде холодилник яки фризер ушын төленгенлиги көринбейди. Сол себепли суд бул квитанцияларды жеткизип берилген товарлар ушын төленген пулларды тастыйықлаўшы дәлил деп баҳалай алмайды. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. 6 Сондай-ақ, жоқарыдағы Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарлары 2-бәндиниң 2-түсиндирмесинде киши исбилерменлик субъектлери әмелге асыратуғын исбилерменлик жумыслары шеңберинде судларға мүрәжат етиў ўақтында усы бәнттиң «а» – «г» ҳәм «е» киши бәнтлеринде көрсетилген белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төлейтуғынлығы белгиленип қойылған. Бул жағдайда даўагер «r gistr.st t.uz» сайтынан алынған юридикалық шахс ҳаққындағы мағлыўмат бойынша киши исбилерменлик субъектлери қатарына киргенликтен, ол тәрепинен ис бойынша алдыннан 528 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд даўа талапларының тийкарлы бөлеги бойынша жуўапкерден даўагердиң пайдасына 489 048 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, тийкарсыз бөлеги бойынша 38 952 сом мәмлекетлик бажыны даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер жеке исбилермен К*** Г*** К*** кызынан даўагер «S*** U***» жеке меншик кәрханасының пайдасына 33 000 000 сом тийкарғы қарызы, 3 200 000 сом пеня, 489 048 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер «S*** U***» жеке меншик кәрханасы тәрепинен төленген 38 952 сом мәмлекетлик бажы өзиниң мойнында қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов