Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1933 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8274e7a5-7301-4e4d-a519-90894135e6b9 Claim ID PDF Hash 89632ae882b2761e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1933-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья С.Ниязов 2025-жыл 4-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси ***тың қатнасыўында, даўагер "***" АЖниң жуўапкер ***нен 470 903,53 сом тийкарғы қарызын, 165 758,04 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер "***" АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 470 903,53 сом тийкарғы қарызын, 165 758,04 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 9-октябрь күнги уйғарыўы менен ***, *** даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Даўагер, жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисиниң болып өтетуғын орны ҳәм ўақты ҳаққында тийисли тәртипте хабарланған болыўына қарамастан суд мәжилисине келмеди. Лекин, даўагер өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар исти даўагер, жуўапкер, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында пикир билдирди. Суд прокурор пикирин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 2014-жыл 10январь күни 13/Х-санлы депозитар хызметлер көрсетиў ҳаққында шәртнама (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген, усы шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге депо есап-бетиндеги қымбатлы қағазларға болған ҳуқықларды есапқа алыў хызметин көрсетиў, ал жуўапкер болса ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Лекин, истеги ***ның 2025-жыл 28-октябрь күнги 01-35/31-01-35/628санлы хатына қарағанда, тәреплер орталарындағы шәртнама ғазнашылық бөлиминен дизимнен өтпеген. Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексиниң 122-статьясы биринши-үшинши бөлимлерине көре, юридикалық миннетлемелер экономикалық классификация кодлары бойынша бюджеттен 2 ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшылар тәрепинен қабыл етиледи және ғазнашылық бөлимлери тәрепинен дизимнен өткериледи. Бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары есабынан орынланыўы керек болған юридикалық миннетлемелер ғазнашылық бөлимлери тәрепинен есапқа алынады. Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ оларға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 28-февральдағы "Мәмлекетлик бюджеттиң ғазна атқарыў системасын буннан былай да раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында"ғы ПҚ-594-санлы қарарының 6бәнтинде, бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте Ғазнашылықта дизимнен өткерилиўи шәрт екенлиги ҳәм тек ғана ол әмелге асырылғаннан кейин күшке кириўи белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2014жыл 28-ноябрь күнги "Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында"ғы 269-санлы қарарының 11бәнтинде, шәртнама Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексиниң 122статьясының үшинши бөлиминде белгиленген тәртипте дизимнен өткерилмегенлиги шәртнама дүзилмеген деп есапланыўы ҳаққында түсиндирилген. Бул жағдайда, тәреплер арасында дүзилген шәртнама дүзилмеген деп есапланғанлығы себепли дүзилмеген шәртнама тийкарында қарыздарлықты, пеняны өндириўге тийкар жоқ. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден Шәртнамаға тийкар қарыз ҳәм пеня өндириў талабын тийкарсыз деп есаплайды. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин өз мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: 3 Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов