← Назад
Решение #2853175 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2502/2200-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 04-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокуроры жәрдемшиси **, арза бериўши ўәкили ** (2025-жыл 23сентябрь күнги 01/18-3354-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден
баслық ** қатнасыўында, арза бериўши **ниң жуўапкер Нөкис қаласы «**»
үй-жай мүлкдарларының ширкети искерлигин тоқтатып турыў ҳаққындағы
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин **ниң имаратында ашық көшпели суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
** (кейинги орынларда арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық
судына арзасы менен мүрәжат етип, «**» үй-жай мүлкдарларының ширкети
(кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи)ниң экологиялық экспертиза
жуўмағын алғанға шекем искерлигин тоқтатып турыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде қысқа мүддетлер ишинде экологиялық
экспертиза жуўмағын алыў илажлары көрилип атырғанын билдирип, нызамлы
шешим қабыл етиўди сорады.
Прокурор суд мәжилисинде арзаны қанаатландырыў лазым екени
ҳаққындағы пикирин билдирди.
Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар
ўәкиллериниң түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап, арзаны
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, арза бериўши тәрепинен Республика
аймағында алып барылған үйрениўлер нәтийжесине көре Нөкис қаласында өз
искерлигин алып барып атырған жуўапкер искерлигин әмелге асырыў ушын
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-сентябрь
күнги «Қоршаған орталықтың тәсирин баҳалаў механизимин жәнеде
жетилистириў ҳаққында»ғы 541-санлы Қарарының 2-қосымшасында
көрсетилген тийисли категорияға тийкар мәмлекетлик экологиялық
экспертиза жуўмағын алыўы лазым болса да, экологиялық экспертиза
жуўмағын алмағанлығы анықланған.
Өзбекстан Республикасының «Экологиялық экспертиза ҳаққында»ғы
Нызамы (кейинги орынларда Нызам деп жүритиледи)ның 11-статьясында
мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи шәрт болған
объектлерге әмелдеги қоршаған тәбыйғый орталықтың жағдайына ҳәм
пуқаралардың ден-саўлығына кери тәсир тийгизиўши ислеп турған
2
кәрханалар ҳәм басқа объектлер киретуғынлығы көрсетилген.
Нызамның 13-статьясына муўапық, усы Нызамның 11-статьясында
көрсетилген объектлерди мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткериў
мәжбүрий екенлиги, мәмлекетлик экологиялық экспертизасы Өзбекстан
Республикасы Экология қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи
мәмлекетлик комитетиниң, **ниң қәнийгелескен экспертиза бөлимлери
тәрепинен өткерилетуғынлығы белгиленген.
Усы анықланған жағдайлар бойынша мәмлекетлик экологиялық
экспертизасы орайының жуўмағын алыў бойынша жуўапкерге жиберилген
2025-жыл 18-июнь күнги 02-01/18-1998-санлы ескертиў хаты бойынша
кемшиликлер сапластырылмаған.
Сонлықтан, арза бериўши жуўапкердиң экологиялық экспертиза
жуўмағын алғанша искерлигин тоқтатып турыў ҳаққындағы арза менен судқа
мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 217-статьясына тийкар
қоршаған тәбыйғый орталыққа зыянлы кери тәсирин көрсетип атырған
объектлер искерлигин тоқтатыў ҳәм (яғный) қайта жәнеде жетилистириў,
искерлигин шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм кадаған етиў, буннан айырықша
жағдайлар, эпидемиялар ҳәмде халықтың өмири ҳәм ден-саўлығы ушын басқа
хақыйқый қәўип жүзеге келиўиниң алдын алыў менен байланыслы болған
жағдайда искерликти он ис күнинен артық болмаған мүддетке шеклеў,
тоқтатып турыў жағдайларынан тысқары, сондай-ақ, суд нызамшылыққа
муўапық басқа ҳуқықый тәсир шараларын да қоллаўы мүмкин.
ЭПК 222-статьясы үшинши бөлимине көре, ҳуқықый тәсир шарасын
қоллаў туўрысында билдирилген талап қанаатландырылған жағдайда, суд
шешиўши қарарының жуўмақлаўшы бөлиминде искерлик шекленетуғын,
тоқтатып турылатуғын ҳәм қадаған етилетуғын мүддет көрсетилиўи керек.
Солай етип, суд баян етилгенлерге тийкарланып, арза талабын тийкарлы
таўып, жуўапкердиң искерлигин экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға
шекем бир айдан аспаған мүддетке тоқтатып турыўды мақул табады.
ЭПК 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
тең рәўиште олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан
Республикасы
«Мәмлекетлик
бажы
ҳаққында»ғы
Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19-бәнтине тийкар арза бериўши
ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша
мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажыны
өндирмеўди, алдын ала төленген 41 200 сом почта қәрежетин жуўапкерден
арза бериўши пайдасына өндириўди лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118, 176-179, 217, 221, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
3
Арза қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «**» үй-жай мүлкдарларының ширкети искерлиги
экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем бир айдан аспаған мүддетке
тоқтатып турылсын.
«**» үй-жай мүлкдарларының ширкетинен ** пайдасына 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов