Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1498 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d9b8547b-e7d9-478c-aba0-a1136c22e47a Claim ID PDF Hash 152272e65e3b6713... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1498-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИӮШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 04 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, К.Данияровтың ҳәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХХХ (2025 жыл 09 январь күнги 03-03/6-санлы исеним хат тыйкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығынан 235 610 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 41 283 303 сом пайыз, жәми 276 893 303 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 235 610 000 сом мүддети тийкаргы кредит қарыздарлығы, 41 283 303 сом пайыз, жәми 276 893 303 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қоллапқуўатлады. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024 жылы 30 январь күни 35-F/Agr b nq- 11606/24-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет баллына салыстырғанда нормативлик зүрәәт баҳасының 60 процентине шекем, таярлаў кәрханасы (фючерс шәртнамасына тийкар пахта тоқымашылық кластерлери, элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен аванс сыпатында жеткерип берилген туқым баҳасын есапқа алған ҳалда 2025 жыл 01 апрелге шекем жылына 10 пайыз ставкасы төлеў шәрти менен 244 155 600 сом муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында 235 610 000 сом мүддети тийкаргы кредит қарыздарлығы, 41 283 303 сом пайыз, жәми 276 893 303 сом мүддети өткен кредит қарыздарлығы қураған. Банктиң 2025 жыл 04 ноябрьде берилген мағлыўматнамасында мүддети өткен кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары, пайыз қарыздарлығы) 298 121 138 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек кредит қарыздарлығы өскен. Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 235 610 000 сом мүддети тийкаргы кредит қарыздарлығы, 41 283 303 сом пайыз, жәми 276 893 303 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 5 537 866,06 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179 -статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. "ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық “ХХХХХ” пайдасына 235 610 000 сом мүддети тийкарғы кредит қарыздарлығы, 41 283 303 сом пайыз, жәми 276 893 303 сом қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 5 537 866,06 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова